Илаж Өзбекстанның Дохадағы елшиханасы тәрепинен мәмлекетимиздиң Туризм комитети менен биргеликте шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Холид Ал Бинали - исбилермен, Қатардың ең белгили инфлюенсерлеринен бири болып, оның социаллық тармақлардағы улыўма аудиториясы 5 миллионға шамалас адамды қурайды. Мәдений ҳәм спорт дипломатиясы жойбарларын жедел қоллап-қуўатлап, Персия қолтығы мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди раўажландырмақта.
Мәресимниң ҳүрметли мийманы Қатар исбилерменлер ассоциациясы (Qatar Businessmen Association) баслығы ҳәм региондағы ең ири компаниялардан бири «Al Faisal Holding» тийкарын салыўшысы Шайх Файсал бин Қосим Ол Соний болды.
Илажда Қатардың жетекши туристлик компанияларының басшылары, жергиликли ҳәм халықаралық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, белгили исбилерменлер, туризм тараўының экспертлери ҳәм Дохада аккредитациядан өткен дипломатиялық корпус ағзалары қатнасты.
Сертификатларды салтанатлы тапсырыў ўақтында Холид Ал Бинали:
"Өзбекстан туризм брендиниң елшиси ўазыйпасын атқарыў мен ушын үлкен мақтаныш. Мен Ташкент, Самарқанд, Замин ҳәм бул мәмлекеттиң басқа да әжайып орынларында бир неше мәрте болдым. Өзбекстан биринши гезекте өзбек халқының әпсанаға айланған миймандослығы себепли туристлер ушын ҳақыйқый жәннет, деп исеним менен айта аламан. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - Өзбекстанды Қатар саяхатшылары ҳәм пүткил Персия қолтығы регионы туристлери ушын жаңа сүйикли бағдарға айландырыў".
Холид Ал Биналидиң бул лаўазымға тайынланыўы Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы туризм бирге ислесиўин беккемлеўдеги әҳмийетли қәдем болып, жақын жылларда Персия қолтығы араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси мәмлекетлеринен Өзбекстанға туристлер ағымын сезилерли дәрежеде арттырыўға қаратылған.
Жылдың тоғыз айында Өзбекстанға 8,6 миллион сырт ел туристи келди, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12,5 процентке көп. Соның менен бирге, Қатардан Өзбекстанға туристлер ағымының өсиўи дүнья пандемиядан кейин тиклениўди баслаған 2022-жылға салыстырғанда 6,2 есеге артты.





