Илаж Өзбекстан елшиханасы ҳәм Өзбекстан Мәденият министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди. Мәресимде 100 ге шамалас адам, соның ишинде, дипломатиялық корпус ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

«Katara Cultural Village» Дохадағы ең ири ҳәм абырайлы мәдений орайлардың бири болып есапланады. Комплекс амфитеатр, опера театры ҳәм ҳәр қыйлы көркем өнер мәкемелерин өз ишине алған заманагөй инфраструктура менен ажыралып турады. Ол мәдений ҳәр түрлиликти көрсетиў, идеялар алмасыў ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўди раўажландырыў ушын бийбаҳа майдан сыпатында тән алынған.

Мәресим даўамында Холид ас-Сулайтий Өзбекстан Президенти, Мәденият министрлиги ҳәм өзбек халқына терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирип, мәмлекеттиң бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы жоқары баҳаланатуғынын атап өтти.

"Өзбек мәденияты елшиси" жоқары атағы мен ушын мақтаныш ҳәм үлкен жуўапкершилик болып есапланады. Халықларымыз арасындағы мәдений қарым-қатнасты буннан былай да раўажландырыў ушын бар күш-ғайратымды жумсайман", - деди ол.

Холид ас-Сулайтийге көкирек белгиси, сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, «Katara Cultural Village» мәденият комплексиниң басшысы сыпатында тарийхта биринши мәрте бундай ҳүрметли атаққа миясар болғанын айрықша атап өтти.