баннер
13 Mar 2025
14:26

    Жаңа баҳалаў системасының абзаллықлары неде?

    Жәмийетте болып атырған тарийхый өзгерислер жаңаланған билимлендириў бағдарламасын шетлеп өтиўи мүмкин емес.

    Келешек әўладқа қандай билимлендириў системаларын усыныў, балалар табысқа ерисиўи ушын нени үйрениўи, билим бериўдиң нәтийжели усыллары ҳәм оларды баҳалаў қандай болыўы керек, деген сораўлар бүгин күн тәртибинде турыпты. Жаңа критерияларға тийкарланған баҳалаў системасы усы сораўлардың барлығына жуўап табыўға имканият береди.

    Бул баҳалаў системасы оқыўшылардың сын көз-қарастан, дөретиўшилик пикирлеў, сөйлесиў ҳәм биргеликте ислеў көнликпелерин тексереди. Әлбетте, оқыўшылардың бул көнликпелери баҳаланғаннан кейин педагоглардың да сабақларға, билим бериўге қатнасы өзгереди. Билим бериў процеси оқыўшылардың жоқарыда санап өтилген көнликпелерин раўажландырыўға қаратылады. Өз-өзинен сабақларда түрли актив ҳәм интерактив усыллардан пайдаланыў зәрүрлиги туўылады. Оқыўшылар биргеликте жумыс алып барып, түрли жойбарлар үстинде ислейди. Бул арқалы оларда нәтийжели сөйлесиў, орынланып атырған жойбарларға дөретиўшилик қатнас жасаў көнликпелери қәлиплесип барады.

    Ҳәзирги ўақытта бул баҳалаў системасында жумыс алып барып атырған мектеплердеги оқыўшылардың жойбар ҳәм әмелий жумысларын көрип, олардың билиминде өсиў, дөретиўшилик ҳәм сын көз-қарастан пикирлеў, биргеликте ислеў ҳәм сөйлесиў көнликпелери қәлиплесип атырғанының гүўасы болыў мүмкин.

    Критерийлерге тийкарланған баҳалаў системасын қолланыўдың және бир абзаллығы - оқыўшыларды халықаралық PISA изертлеўлерине таярлаў. PISA тестлери мектеп оқыўшыларының ҳақыйқый турмыста керек болатуғын ҳәдийселерди таллаў, олардан жуўмақ шығарыў ҳәм қарым-қатнасқа кирисиў көнликпелерин қай дәрежеде ийелеп атырғанын, билимлендириў системасының бул өзгерислерге қаншелли бейимлесип атырғанын анықлаў мақсетинде өткериледи.

    Жаңа баҳалаў системасының кирип келиўи педагог ҳәм оқыўшылардың жумысын түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Педагог билим бериўши емес, ал билимди өз бетинше ийелеўге багдарлаўшы шахсқа айланды. Олар сапалы нәтийжелерге алып келетуғын критериялар тийкарында оқыўшыларды баҳалаў, оқытыў сапасын арттырыў, оқыўшылардың индивидуал өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда ҳәр бир оқыўшы ушын сабақ көлемин режелестириў, ҳәр қыйлы баҳалаў усылларынан пайдаланыў имканиятына ие болды. БСБ (бап бойынша сумматив баҳалаў) ҳәм ШСБ (шерек бойынша сумматив баҳалаў) нәтийжелерин анализ етип, оқыўшылар ямаса өзлери тәрепинен жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлерди дүзетиў, бослықларды толтырыўы мүмкин.

    Оқыўшылар билимлендириў объектинен (пассив тыңлаўшы роли) билимлендириў субъектине (билимлендириў процесиниң тийкарғы искерлик қатнасыўшысы) айланды. Олардың когнитивлик қәбилети ҳәм пикирлеў дәрежесин арттыратуғын ҳәр қыйлы оқытыў усылларынан пайдаланыў, өзин-өзи баҳалаў, пикирлеў, пикирлерин еркин билдириў, билимлерин көрсетиўге имканият жаратылды.

    Ата-аналарда болса баланың билим дәрежеси бойынша дәлиллер менен танысыў, перзентлериниң билим алыў табысларын қадағалаў имканияты пайда болды.

    Бул баҳалаў системасында оқыўшының басқа оқыўшы менен баҳасын салыстырыўға зәрүрлик қалмады. Себеби ол еркин түрде өз жумысын критериялар тийкарында баҳалаў имканиятына ийе болды. Өзиниң күшли ҳәм әззи тәреплерин салыстырып, жуўмақ шығарып, қәте ҳәм кемшиликлери үстинде ислеўди баслады.

    Жоқары нәтийжелерге ерискен мектеплер қосымша түрде хошаметленип келинбекте. Оқыў жылы жуўмағында 20 процент ең жақсы нәтийже көрсеткен мектеплер таңлап алынған ҳәм оларда жумысшы топарлар тәрепинен терең таллаў жумыслары алып барылды. Бул мектеплердиң табыслы тәжирийбеси үйренилип, оны басқа мектеплерге енгизиў бойынша илажлар көрилди.

    - 2023-2024-оқыў жылында жаңа баҳалаў системасы енгизилген 500 мектеп 2 басқышлы таңлап алыў процесинен өткен болып, онда оқыўшылардың өзлестириў дәрежелери алдыннан белгиленген өлшемлер тийкарында баҳаланып шығылған, - дейди Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў илимий-әмелий орайының директоры Дилрабо Давидова. - Үйрениў ҳәм таллаўларда жаңа баҳалаў системасын енгизиў процесиниң басланғыш басқышында мектеплерде оқыўшылардың баҳалары түсип кетиўи бақланған. Буның себеби, оқыўшылар енди анық белгиленген өлшемлер тийкарында баҳаланар екен, онда бар билим ҳәм көнликпеге баҳа қойылған, яғный субъектив қатнас ямаса салыстырмалы баҳалаў болмаған. Буннан тысқары, оқыўшыларды баҳалаўда тек ғана олардың билими ямаса ядын сынаўға байланыслы емес, ал билимлерин турмыста машқалалы, анық жағдайларда қолланыўы, пикир жүргизиўин сынаўға байланыслы сораўлар берилиўине итибар қаратылған. Баҳалаў системасын енгизиўдиң кейинги басқышларында оқытыўшылардың билим бериўге, оқыўшылардың болса билим алыў ҳәм өз бетинше излениўге қатнаслары өзгергенин көриў мүмкин болды.

    Бул системада ашық-айдын, ақылға уғрас ҳәм әдил жумыс алып барып атырған мектеп жәмәәти ғана жақсы нәтийжелерге ерисип, үстеме алыў имканиятына ийе болмақта. Буған ерисиў ушын мектеп администрациясы БСБ ҳәм ШСБ процеслерин дурыс ҳәм анық шөлкемлестириўи, оқыўшы ҳәм ата-аналар менен дурыс байланысып, түсиндириў жумысларын алып барыўы, қадағалаў жумысынан алдын оқыўшылар менен үлгили вариантлар көрип шығылыўы, педагоглар ўазыйпаларды белгиленген өлшемлер тийкарында тексериўи керек болады.

    Буннан тысқары, жаңа баҳалаў системасына өткен мектеп муғаллимлери ушын арнаўлы оқыў тренинглери шөлкемлестирилди. Бул арқалы олардың маманлығы арттырылды ҳәм заманагөй билимлендириў методлары бойынша көнликпелери беккемленди. Бул қәдемлер улыўма билимлендириўдиң сапасын және де жақсылаўға хызмет етпекте.

    2021-жылы критерияларға тийкарланған баҳалаў системасы Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектепте, кейин ала басқа қәнигелестирилген мектеплерде енгизилди. Топланған тәжирийбеден келип шығып, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен 500 улыўма билим бериў мектебинде баҳалаўдың критерияға тийкарланған системасын енгизиў ҳаққында қарар қабыл етилди. 2024-2025-оқыў жылынан баслап бул системаға 1500 улыўма билим бериў мектеби қамтып алынды. Әлбетте, бул мектеплерге жаңа баҳалаў системасын енгизиўден алдын барлық мектеп жәмәәтине семинар-тренинглер өткерилди.

    Семинарлар дәслеп мектеп директорлары, кейин директор орынбасарлары, оннан кейин пән муғаллимлери ушын каскад усылында шөлкемлестирилди. Ҳәр бир мектепке Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы мектеплердиң биринен тартылған, критерияға тийкарланған баҳалаў бойынша тәжирийбеге ийе ҳәм жаңа системаға бейимлесиўде муғаллим ҳәм оқыўшыларға жәрдемлесиў ўазыйпасы жүкленген методист ҳәм тренерлер бириктирилди.

    Оқыў тренинглеринде мектеп жәмәәтине критерияларға тийкарланған баҳалаўдың мазмун-мәниси, БСБ ҳәм ШСБ ўазыйпаларының мазмуны, оқыўшылар тәрепинен топланатуғын балл көрсеткишлери ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

    - Мектеплерге бириктирилген тренерлер тәрепинен турақлы түрде заманагөй сабақ усыллары ҳаққында семинар-тренинглер өткерилмекте, -дейди Дилрабо Давидова. - Бул жерде тийкарынан оқыўшылардың репродуктив, продуктив дәрежелери, пикир жүритиў ҳәм 4К усылы арқалы оқыўшылардың дөретиўшилик ҳәм сын көз-қарастан пикирлеў, қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў көнликпелерин раўажландырыўшы заманагөй методлар менен таныстырыў ҳәм әмелиятқа енгизиў мәселелери көрип шығылады. Буннан тысқары, оқыўшылар менен әмелий сабақлар өткериў, лабораториялық жумысларды орынлаў ҳәм жойбарлар жаратыў бойынша әмелий тапсырмалар орынланады.

    Бундай тапсырмалар оқыўшылардың жасырын қәбилетин ашыўға, оларды излениўге, өз бетинше пикирлеўге, қарар қабыл етиўге үйретеди. Теориялық билимлерин класс алдында айтып бериўге уялған балаларға әмелий жумыс ҳәм жойбарлар арқалы бар билимлерин көрсетиўге имканият жаратады. Бундай өзгерислер билимлендириўдиң сапасын буннан былай да жақсылаўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.

    Илим ҳәм техника жедел раўажланып атырған, санлы дәреклер ағымы күшейген дәўирде инсан қәбилети, таланты, өз-ара қатнасықларды раўажландырыў, шахсқа бағдарланған қатнас арқалы оқытыў билимлендириў мәкемелериниң тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Сонлықтан, ўақыт ҳәм мәкан кеңислигинде келешек әўлад өз мақсетлерине ерисиўи, кең имканиятлардан пайдаланған ҳалда еркин ҳәм жарқын жасаўы ушын билимлендириў реформалары алып барылмақта. Себеби ҳәр бир оқыўшының аңлап жетиўине қарап билимлендириў, дөретиўшилик ҳәм ҳәр тәреплеме излениўди тәмийинлейтуғын жаңаланған билимлендириў мазмунын таярлаў зәрүрлиги туўылған еди.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимди баҳалаўдың жаңа тәртиби енгизилген мектеплердиң санын арттырыў ўазыйпасы келтирилген.

    Соның ишинде, 2024-2025-оқыў жылы жуўмағында 1 500 улыўма билим бериў мектебинде енгизилген билимди баҳалаўдың жаңа тәртибиниң нәтийжелилигин таллаў, таллаўлар нәтийжесинде бул тәртипти және де жетилистириў ҳәм 2025-2026-оқыў жылынан баслап жаңа баҳалаў системасы енгизилетуғын мектеплердиң санын 3 000 ға жеткериў нәзерде тутылған. Алып барылып атырған жумыслар мине усы ийгиликли мақсеттиң басламасы болып есапланады.

    Рисолат МАДИЕВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech