Жаңа Өзбекстанда да суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў жолы менен әдил судлаў жумысын толық әмелге асырыў ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Итибарлысы, Президентимиз парламент ҳәм халқымызға гезектеги Мүрәжатында 2026-жылы әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли 6 тийкарғы бағдардың алтыншысы сыпатында заманагөй мәмлекетлик басқарыў ҳәм әдил суд-ҳуқық системасы бағдарында да пикир билдирди. Атап айтқанда, "Суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыўға қаратылған жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз. Биз әдил судлаў процесин "санлы суд" концепциясы тийкарында шөлкемлестириўди басладық. Енди тергеўди де санластырыў арқалы инсан ҳуқықларының қорғалыўын күшейтемиз. Онда жынаят ҳаққындағы арзаны қабыл етиўден баслап, исти судқа өткериўге шекемги басқышларға жасалма интеллект технологиялары енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқартылады", деди.
Усы жерде мәмлекетимизде суд уйымларын шөлкемлестириўшилик-институционаллық жақтан түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған 70 тен аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгенин атап өтиў керек.
Атап айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин орнатыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын суд-ҳуқық реформаларының баслы нормасына айландырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыў, суд ҳәкимиятының еркинлигин күшейтиў ҳәм жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, улыўма етип айтқанда, ҳәр қандай жағдайда да әдилликти қарар таптырыўға уқыплы болған әдил судлаў системасын қәлиплестириў сыяқлы ийгиликли мақсетлер белгиленди.
Әсиресе, суд тараўында кадрлар таярлаўдың әмелдеги системасының таллаўынан келип шығып, профессионал ҳәм жетик суд корпусын қәлиплестириў ушын жоқары стандартларды енгизиўге айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда судьялық лаўазымына талабанларды таярлаў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң маманлығын арттырыў системасын заман талапларына бейимлестириўге қаратылған шын мәнисиндеги демократиялық реформалар болып өтпекте.
Буннан алты жыл бурын мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен судьялыққа ең мүнәсип талабанларды таярлаў, әмелдеги судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң маманлығын арттырыўға қәнигелескен, Өзбекстан суд системасындағы бирден-бир билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси - Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектеби шөлкемлестирилген еди.
Судьялар жоқары мектебиниң жумысы жолға қойылғаннан соң, бириншиден, судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, маманлығын арттырыў системасы жаңа қатнас, усыл ҳәм механизмлер менен жетилистирилди.
Екиншиден, судьялық лаўазымларына талабанлар ҳәм жоқары мектептиң барлық тыңлаўшыларында терең теориялық билимлер менен бирге, кәсиплик этика, психология, исшеңлик қарым-қатнас ҳәм ўақытты басқарыў көнликпелери, сөйлесиўлер алып барыў тактикасы, мәлимлеме менен ислесиў технологиясы, ҳуқық нормаларын талқылаў ҳәм қолланыўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Үшиншиден, болажақ судьялар әмелият пенен тығыз байланыслы процесс - стажировка өтеўиниң сапа жағынан жаңа системасы жаратылды, сондай-ақ, илимий-изертлеў жумысы ҳәм оқыў процеси менен үзликсиз байланыслылығын тәмийинлеўге ерисилди.
Төртиншиден, жоқары мектептеги билимлендириў процесине жумыс алып барыў ҳәм сын көзқарастан таллаў, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда тийкарланған қарарлар қабыл етиў көнликпелерин раўажландыратуғын интерактив оқытыў усылларын енгизиў кеңейтилди.
Бесиншиден, судьялық лаўазымларына талабанларды нызамшылықтағы әҳмийетли жаңалықлар, елимиз ҳәм сырт елдеги ҳуқықты қолланыў әмелияты және норма дөретиўшилиги жумысының жағдайы ҳәм тенденциялары менен таныстырып барыўға айрықша әҳмийет қаратылды.
Президентимиздиң 2025-жыл 21-августтағы "Әдил судлаў тараўында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў академиясының шөлкемлестирилиўи суд системасын заманагөй ҳәм потенциаллы кадрлар менен тәмийинлеўде жаңа дәўирди баслап берди, десек қәте болмайды.
Бул пәрман әдил судлаў системасына потенциаллы судья кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўға қаратылған әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет ҳәм үлкен жәмийетлик-сиясий ўақыя болды. Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектеби негизинде жаңадан шөлкемлестирилген Әдил судлаў академиясында билимлендириў ҳәм тәрбия процесслери тиккелей "устаз-шәкирт" дәстүри тийкарында "болжақ судьяны судья оқытады" принципине муўапық шөлкемлестириледи.
Пәрманда Әдил судлаў академиясында кәсиплик қайта таярлаў курслары нызамшылықты қолланыў көнликпесиниң әмелият пенен үзликсиз байланысын тәмийинлеген ҳалда "теория - практика - имитация" принципи тийкарында дуаль билимлендириў түринде шөлкемлестирилиўи зәрүрлиги айрықша ўазыйпа сыпатында белгиленди. Академияда усы принцип тийкарында пән сабақларын шөлкемлестириў үлкен унамлы нәтийже беретуғыны сөзсиз. Себеби бунда болажақ судья шынығыўлар даўамында ҳәр бир суд процеси қатнасыўшылары, яғный судья, прокурор, судланыўшы, даўагер, жуўапкер, гүўа, эксперт, аўдармашы, қәниге сыяқлылар ролинде имитациялар арқалы қайта-қайта шығып сөйлейди, процесс қатнасыўшылары менен сөйлесиўге кириседи ҳәм буның әмелий тәсиринде болажақ судьяда зәрүр кәсиплик көнликпелер билим алыў процесинде-ақ қәлиплеседи.
Билимлендириў процеси деонтологиялық усылда әмелге асырылыўы белгиленгени де ҳүжжеттиң ең әҳмийетли тәреплеринен бири болып есапланады. Деонтология судьяның миннети, абыройы, келбети, намысы ҳәм ҳүжданы ҳаққындағы пән. Деонтологиялық усыл болса судья әдебиятына байланыслы нормалар билимлендириў процесиниң ажыралмас бөлегине айландырыў арқалы әмелге асырылыўын билдиреди. Себеби, судьяға "судьялар әдебияты"на байланыслы нормалардың мазмун-мәниси сабақлар процесинде сиңдирип барылады.
Әдил судлаў академиясында 2026/2027-оқыў жылынан баслап "Суд жумысы" қәнигелиги бойынша әмелий магистратура бағдарламасы тийкарында оқытыў шөлкемлестириледи. Бул басқышта оқыў процеси билим алыўдың күндизги ҳәм кешки формаларында өтеди. Академияға қабыллаўда талабанлардың белгили бир категорияларына басқа жоқары билимлендириў шөлкемлерине кириў ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жеңилликлер қолланылмайды.
Пәрманда судьялардың илимий потенциалын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес. Себеби, әдил судлаўды әмелге асырыўда нызамды қолланыў, бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў, әмелдеги нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бағдарында бир қатар системалы машқалалар бар болып, оларды сапластырыў және улыўма етип айтқанда, суд тараўын жетилистириўге қаратылған фундаменталь илимий изертлеўлер алып барылмақта.
Гәп сонда, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң көпшилиги жетерли әмелий тәжирийбе ҳәм потенциалға ийе болса да, оларда магистр дәрежеси жоқ екенлиги ғәрезсиз излениўши сыпатында илимий излениў алып барыўына тосқынлық етпекте. Бул бағдардағы статистикаға бола, әмелдеги судьялардың дерлик 2,5 проценти ғана юридикалық тараўда илимий дәрежеге ийе. Пәрманға бола, академияда келеси жылдан баслап "Суд жумысы" қәнигелиги бойынша бир жыллық магистратура курсының шөлкемлестирилетуғыны да итибарға алынды. Бул курста тийкарынан әмелиятшы судьялар ҳәм суд хызметкерлери оқыўын итибарға алған ҳалда оқыў процеси билимлендириўдиң күндизги ҳәм кешки түрлеринде болыўы белгилеп қойылды.
Жуўмақлап айтқанда, өзине тән избе-излик ҳәм терең логикалыққа тийкарланған ҳалда болып атырған кең көлемли суд реформалары жаңа Өзбекстанның раўажланыўының тийкарғы идеясына айланған инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин толық қорғаў және әдилликти қарар таптырыўға уқыплы суд уйымларының жумысын жолға қойыў сыяқлы стратегиялық мақсетке беккем ҳуқықый тийкар болады. Мине, усындай избе-излик пенен бир-бирин толықтырып барып атырған демократиялық реформалар нәтийжесинде Өзбекстан суд системасы форма және мазмун жағынан раўажланыўдың пүткиллей жаңа дәўирин басынан өткермекте, әдил судлаў системасы жаңа көриниске ийе болмақта.
Шерзод АБДУҚОДИРОВ,
Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў академиясы ректоры