Жаңа шекке ерисилди

    Өзбекстанлы оқыўшылар Халықаралық химия олимпиадасында ең жақсы нәтийже көрсетти

    Быйылғы Халықаралық химия олимпиадасында 4 оқыўшымыз жоқары нәтийже көрсеткени ҳаққындағы хабарды еситкен барлық ўатанласларымызды қуўандырады, әлбетте. Жеңимпазларға қанша оқыўшылар ҳәўес етти, ата-аналар ҳәм муғаллимлер мақтаныш етти. Қалаберди, 2026-жылы бул олимпиаданы өткериў Өзбекстанға исенип тапсырылды. Бул потенциалымызды көрсетиў ушын жүдә үлкен имканият, дегени. Себеби, Халықаралық химия олимпиадасы - IChO абырайлы халықаралық олимпиадалар қатарына киреди. Мағлыўмат орнында айтыў керек, бул олимпиадада Өзбекстан командасы 2013-жылдан қатнасып баслаған ҳәм биринши жылы 1 алтын, 2 бронза медалына ийе болған еди.

    Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги жанындағы Пән олимпиадалары орайының мағлыўматларына бола, 2020-жылы 26, 2021-жылы 41, 2022-жылы 45 оқыўшы жеңимпазлықты қолға киргизген. 2023-жылы елимиз оқыўшылары тәрепинен 91, өткен жылы 128 медаль жыйналды. 2025-жылдың 6 айында болса оқыўшыларымыз 17 халықаралық олимпиадада мүнәсип қатнасып, 170 медалды қолға киргизди.

    Улыўма медаллар саны елимиздиң барлық аймақларындағы оқыўшылардың үлесине туўра келип атырғаны және де қуўанышлы. Бирақ Халықаралық химия олимпиадасында жеңимпаз болған быйылғы төрт оқыўшының үшеўи Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектепте оқыйды. 11-класс оқыўшысы Далер Раҳимов өткен жылы да, быйыл да мектепке алтын медаль саўға етти. 2024-жылы бронза медалын қолға киргизген 11-класс оқыўшысы Миржаҳон Муҳаммадов өткен жылғы бронзаны бирден алтынға айландырды. Билолиддин Зуҳриддинов болса биринши мәрте қатнасып, гүмис медальға ийе болды.

    Табыс сыры неде?

    - 2022-жылдан берли Халықаралық химия олимпиадасына қатнасып келмектемиз. Онда әйне бизиң мектептен жеңимпазлардың көп болыўы тәбийий жағдай. Бунда ҳәммеси ашық. Жарыслар Пән олимпиадалары орайы тәрепинен шөлкемлестириледи. Дәслеп мектеп, кейин район, қала басқышлары өткерилип, сайлап алынған оқыўшылар республикалық басқышта және 3 мәрте сайлап алынады. Өзбекстан атынан халықаралық олимпиадада қатнасыў ушын болса ең күшли 4 орын алынады. Таңлап алыў аралығында оқыўшыларға тренинг сабақлары өткерилип улыўма сайланды команда усы тәризде таярланады. Биз де оқыўшыларымызды таңлап алып, мектебимизде олимпиада топарын шөлкемлестиргенбиз. Нәтийжелеримиз жылдан-жылға өсип баратырғанында, әлбетте, берилип атырған имканиятлар әҳмийетли фактор болмақта. Тек ғана оқыўшылар емес, ал муғаллимлер де мүнәсип хошаметленбекте. Бул да тийкарғы факторлардан бири. Себеби бундай хошаметлеў оқыўшыны да, муғаллимди де өз үстинде көбирек ислеўге ийтермелемекте, - дейди қәнигелестирилген мектептиң Халықаралық олимпиадаларға таярлаў орайының тренери Моҳира Болтаева.

    Тренер муғаллимниң атап өткениндей, бундай қәнигелестирилген мектеплер оғада үлкен үмитлер менен шөлкемлестирилмекте. Мәмлекетимиз басшысы билимлендириў мәкемелеринде химия ҳәм биология пәнлерин оқытыўда Әбиў Әлий ибн Сина атындағы қәнигелестирилген мектеп таяныш методикалық буўын болыўы шәрт екенлигин айтқан еди. Заманагөй талапларға сай мектеп, оқыў ҳәм лаборатория имаратларындағы қолайлықлар, жаңа үскене ҳәм инвентарьлардың барлығы илимий потенциалды өсириў, республикада жетекши болыўға хызмет етиўи нәзерде тутылған. 2022-жылы 56-Халықаралық Менделеев олимпиадасының 3 басқышы усы мектеп лабораториясында өткерилген еди. Сол ўақытта пүткил дүньядан келген экспертлер "Өзбекстан ислей алды, бизде бундай лабораториялар жоқ", дегенинде қаншелли мақтанғанбыз. Демек, олимпиада нәтийжелерин жаңалаў, дүньялық тән алыў ушын жолларымыз ашық.

    Бир қуўанышлы жағдай, быйыл бир бағдарға қәнигелеспеген Алмалық қаласындағы Бухара мектебинен Халықаралық химия олимпиадасының гүмис медаль ийеси жетисип шықты. Иброҳим Темуров 2021-жылы жумыс баслаған бул жеке меншик мектептиң 2000 нан аслам оқыўшыларынан бири.

    - Өзим жас болсам да, ҳәзирги оқыўшыларды көрип ҳәўес етемен. Қәлеген бағдары бойынша терең билим алыў имканияты, халықаралық жарысларға жеңилликлер бар, - дейди усы мектептиң химия пәни муғаллими Муса Ҳошимжонов. - Атап айтқанда, 300 ден аслам оқыўшыларымыз химия ҳәм биология бағдарында билим алады. Олардың ишинен ең күшлилерин олимпиадаға таярлап барамыз. Яғный олар күн даўамында тек химия пәнин оқыйды. Өткен жылғы олимпиадада сайлап алыў басқышынан шыға алмаған едик. Быйылғы олимпиадаға қатаң таярландық, нәтийже жаман болмады. Егер оқыўшы жетерли билимге ийе болса, әлбетте, жеңимпаз болады. Ҳәзир және 2 оқыўшыны халықаралық олимпиадаға таярлап атырмыз. Несип етсе, жас химиклеримиз арасынан және көплеген олимпиада жеңимпазларын шығарамыз. Атап айтқанда, жылдан-жылға оқыўшылар да, муғаллимлер де билимлендириўге берилип атырған жоқары итибардан руўхланып, өсип бармақта.

    Президентимиздиң 2024-жыл 30-сентябрьдеги "Қәбилетли жаслар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып Халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазларының сыйлық пулларының муғдары 5 есеге арттырылды. Олимпиада сораўлары аўдармаланбастан, Пән олимпиадалары орайы тәрепинен дүзилип атыр. Усылардың өзи олимпиадашылар турмысында түпкиликли бурылыс жасады.

    Алтын әўлад ўәкиллери не дейди?

    Далер РАХИМОВ,

    Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы:

    - Бурын да басқа Халықаралық химия олимпиадаларында қатнасқанман. Алтын медалға аңсатлық пенен ерисип болмайды. Биринши алтынды алыўдан алдын избе-из 4 мәрте гүмис алғанман. Биринши мәрте 8-класымда Халықаралық олимпиадаға қатнасқан едим. Сол жылы ҳеш қандай медаль ала алмадым. Бул қатты ашынарлы еди. Себеби, бизиң шаңарақта оқыў мәселеси бәрқулла биринши орында турған. Балалығымнан көплеген дөгереклерге қатнайман. Бос ўақтым улыўма болмаған. Солай болса да, үйдегилер мени қоллап-қуўатлап, алдағы жеңислерге руўхландырды. Өзимниң үстимде көбирек иследим. 9-класта Менделеев химия олимпиадасында гүмис медаль алдым. 10-класта да усындай нәтийже болса да, мақсетти бәлент алдым. Әлбетте, алтын медальға ерисемен, деп нийет еттим. Бәрқулла өзимнен жақсыларға умтылыўға әдетленгеним усындай ўақытларда өзимди қолға алыўыма жәрдем береди. Өткен жылы мийнетлеримниң жемиси сыпатында 9-орын менен алтын медальға миясар болдым. Бул жоқары нәтийже еди. Себеби буннан алдынғы алтын 22-орын менен алынған. Бул табысымның артында турған ата-анаға, устазларыма рахмет айтаман. Маған ҳәўес етип атырған заманласларыма болса, бәринен бурын, ерк-ықрарын қолға алыўын сорайман. Себеби илим аңсатлық пенен ийеленбейди. Уйқыны азайтып, өз үстинде тынымсыз ислеген адам ғана илим шыңларын ийелеўи мүмкин.

    Миржаҳон МУҲАММАДОВ,

    Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы:

    - Мен ерискен нәтийже көпшиликти қуўандырыўы менен бирге ойландырып қойғаны анық. Себеби өткен жылы әйне усы олимпиададан бронза медаль менен қайтқан едим. Гүмис медальға аз ғана жетпей қалған. Быйыл болса алтын медаль алдым. Негизинде, таярлықта көп нәрсе өзгермеди. Бирақ мәселелерге қатнасым быйыл басқаша болды. Биринши қатнасыўымда көп мәселелерди ислей алмаған едим. Сол ўақытта өзимниң кемшиликлеримди, қәтелеримди аңлап жеткен едим ҳәм беккем база таярлай баслаған едим. Соның ушын бул рет көп мәселе иследим, олимпиададан үйренетуғынларым өткен жылғыдан аз болды.

    Әлбетте, бул үлкен секириў өз-өзинен болып қалған жоқ. Устазларымның машақатлы мийнети, ата-анамның қоллап-қуўатлаўлары турыпты буның артында. Қалаберди, жәмәәт болып ислеў бизге көп нәрсе берди. Алты күн теория, бир күн лаборатория менен шуғылландық. Турақлы түрде өз үстимизде иследик. Устазлар берген тапсырмаларды орынладық. Өткен жылғы олимпиада мәселелерин қайта-қайта иследик. Өзимизге ўақыт белгилеп тезлигимизди асырыўға ҳәрекет еттик. Қәтелеримизди көрип шығып, бир-биримиз бенен додалағанымыз, өз-ара пикир алысқанымыз билим ҳәм тәжирийбемизди және де арттырды. 90 нан аслам мәмлекеттен келген 400 ге шамалас оқыўшылар арасында жеңиске ерискенимизден жүдә қуўанып кеттик.

    Аўа, жоқарыда айтқанымыздай, Өзбекстан аты енди тек ғана спортта, көркем өнерде емес, соның менен бирге илимде де даңқ таратпақта. "Спортшыларға машина, үй бериледи, неге олимпиада жеңимпазлары қоллап-қуўатланбайды" дегенлер, тийкарында сонда да бар болған, бүгин болса бес есеге артқан пән олимпиадалары жеңимпазлары алатуғын ақшалай сыйлық - дерлик бир миллиард сумға жеткенине не дер екен?...

    Муножат МУМИНОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates