Дипломатиялық бирге ислесиўдеги әдеттеги форум да емес. Ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел ҳәм конструктивлик сөйлесиўлер, улыўма раўажланыў ушын пикир алысыў имканияты, нәтийжели алмасыўлар, кеңейтилген шериклик, халықаралық бирге ислесиў байланысларының институционаллық механизмлерин өзинде жәмлеген регионлараралық шериклик платформасы болып есапланады.
Себеби Самарқандта болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити, пайтахтымызда өткерилген Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы глобал көлемдеги әҳмийетли сиясий ҳәм стратегиялық ўақыя сыпатында мәмлекетлер арасындағы байланыслардың раўажланыўын пүткиллей жаңа басқышқа алып шықты, деп биймәлел айта аламыз.
"Ең жақсылары еле алдында"...
Кейинги жылларда Европа Аўқамы менен өз-ара бирге ислесиў және де беккемленди. Айтайық, кейинги 7 жылда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Европа Аўқамы менен өз-ара товар айланысының көлеми бир неше есеге өсип, 54 миллиард евроға жетти.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки экспертлериниң есап-санақларына бола, Орайлық Азияда регионаллық жалпы ишки өнимниң өсиўи быйыл алты процентке шекем жетеди. Бул басқа регионлардағы орташа көрсеткиштен сезилерли дәрежеде жоқары болып есапланады.
3-4-апрель күнлери Самарқанд халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли ҳәм перспективалы процесслер, сөйлесиўлер майданына айланды. Әййемги ҳәм әпсана қала Орайлық Азия мәмлекетлериниң Европа Аўқамы менен бирге ислесиў тарийхында табыстың және бир бетин ашты.
Саммитте еки регион арасындағы көп қырлы қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды. Әҳмийетли тәрепи, бул ири әнжуман биринши мәрте региондағы жетекшилер ҳәм ЕАның жоқары дәрежедеги ўәкиллерин бир жерге жәмледи.
Президентимиз бул ушырасыўды "Орайлық Азия ушын тарийхый имканият" деп атап өтип: "...Ол ўақытта ҳеш ким жақын келешекте биз Европа жетекшилери менен сөйлесиўлерде регионымызды биргеликте көрсетиўимизди көз алдына келтире алмайтуғын еди", деди.
Мәмлекетимиз басшысының бул сөзлери ҳәммени толқынландырып жиберди. Ўатанласларымыздың қәлбинде мақтаныш сезимлери жоқарылады, исеним және де беккемленди. Себеби бул регионымыздың бирлесиўи, татыўлығы, жедел раўажланып атырғаны, сондай жоқары дәрежедеги әнжуманларға Өзбекстанымыздың басшылық етип атырғаны болса реформаларымыздың дүнья көлеминде тән алынып атырғанының тастыйығы болып есапланады.
Бүгин дүнья сахнасында даўам етип атырған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер, геосиясий келиспеўшиликлер, жәҳән сиясаты ҳәм экономикасындағы қәўипли өзгерислер қәўетерли, әлбетте. Соның менен бирге, глобал климат өзгериўи менен байланыслы машқалалар жүзеге шықпақта. Булардың барлығы адамзаттың тәғдирине тиккелей байланыслы. Мине, усындай қыйын шараятта ҳеш бир мәмлекет жалғыз, басқа мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиўсиз бул глобаллық қәўип-қәтерлерди шетлеп өте алмайды.
Усы мәнисте, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити глобал мәселелерди шешиўде регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли басқыш болды, деп айтыў мүмкин. Нәтийжели халықаралық бирге ислесиў дүньяның турақлы раўажланыўы ушын ең әҳмийетли фактор болып есапланады.
Бул абырайлы сиясий-дипломатиялық илаж шеңберинде ерисилген келисимлер тек ғана еки регион арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етип қоймастан, ал бул бир қатар глобаллық мәселелердиң шешимине де жол ашады.
Саммитти бақлар екенбиз, санамызда жәмленген биринши тәсир соннан ибарат болды, регионаллық интеграция процесслери және де күшейди. Үлкен топардың үлкен адамлары регионлар арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестициялар ҳәм саўда айланысын арттырыў, "жасыл" энергетика, санластырыў, логистика ҳәм аўыл хожалығы тараўларында қоспа жойбарлар, илим, билимлендириў ҳәм мәденият бағдарларында бирге ислесиўди күшейтиўге байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелерди дәстүрий шериклик тийкарында шешиўге келисип алды. Әпиўайы етип айтқанда, еки регион арасындағы экономикалық ҳәм сиясий сөйлесиўге жаңа түртки бере алды. Еки регион тарийхта биринши мәрте тең статуста бир-бири менен дусласты.
Додалаў орайына қойылған басламалар стратегиялық характерге ийе, сыртқы экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, регионлардың инфраструктурасын күшейтиў, глобал тәмийнат шынжырларын тиклеў ушын әҳмийетли. Мәселен, тек ғана экономикалық байланыслардың беккемлениўи тиккелей сырт ел инвестицияларының ағымын хошаметлеў, регионның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, мың-мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыўға үлес қосады, деп ойлайман.
Улыўма алғанда, Самарқанд саммити регионлар ушын үлкен дипломатиялық жетискенлик болып есапланады. Сондай-ақ, бул турақлы өсиў ушын жаңа имканиятлар ашады, экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық тараўлардағы раўажланыў тамырларын беккемлейди. Регионлардың глобал бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет ететуғынына исенемиз.
Европа Комиссиясы Президентиниң сөзи менен айтқанда, "ең жақсылары еле алдында".
Күшли парламент ҳәрекети
5-9-апрель күнлери және бир сиясий-дипломатиялық характерге ийе Өзбекстан әнжуманға басшылық етти. Өз қатарында 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Парламентлераралық Аўқам Ассамблеясы Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте пайтахтымызда өткерилгени мәмлекетимиз, атап айтқанда, Орайлық Азияның глобал сиясий процесске интеграцияласыўында әҳмийетли қәдем болды.
Бул парламентлер арасындағы байланыслардың кеңейиўи, дүньяда тынышлықты ҳәм демократияны беккемлеў мақсетлериниң бир орында бирлесиўи ушын қолайлы майдан жаратты, деп айтыў мүмкин.
Президентимиз Парламентлераралық Аўқам Ассамблеясының ашылыўындағы шығып сөйлеген сөзинде, бәринен бурын, Өзбекстандағы демократиялық реформаларға тоқтап, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды халыққа жақынластырыў Өзбекстан раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, мәмлекетимизде күшли ҳәм жуўапкершиликли парламентти қурыў, нәтийжели парламент дипломатиясын енгизиў ушын кең шараятлар жаратылғанын айтты. Атап өтилгениндей, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында парламент институтын раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Кейинги жыллары нызам шығарыўшы ҳәкимияттың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған 20 дан аслам нызам қабыл етилди.
Әлбетте, булардың барлығы Өзбекстанның демократиялық басқарыў жолынан исенимли қәдем таслап атырғанын аңлатады. Сиясий ҳәм дипломатиялық жақтан көлеми оғада кең болған бундай абырайлы әнжуманның елимизде өткерилиўи де Өзбекстан парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыўдың унамлы тәжирийбесине ийе екенин көрсетип тур.
Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде кейинги отыз жылда жәҳән жалпы ишки өниминиң көлеми 4,5 есеге артқаны менен инсанияттың кәмбағал қатламларының дәраматлары дерлик өзгермей атырғаны, егер бул тенденция сақланып қалса, 2030-жылға барып дүнья халқының 575 миллионы кәмбағаллықта жасайтуғыны, 84 миллион бала билим алыў имканиятынан айырылатуғыны атап өтилди. Бул пикирлер халықаралық жәмийетшиликти де сергеклендирди, деп айтыў мүмкин.
Халықаралық экспертлер де Өзбекстанда соңғы жылларда социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти тәмийинлеў бойынша сезилерли өзгерислер болып атырғанын атап өтпекте. Әҳмийетлиси, Президентимиз халықаралық дәрежеде алға қойған бул басламалар мәмлекетимизде де өзиниң әмелийлиги ҳәм жәмийеттиң түрли тараўларында енгизилип атырғаны менен айрықша ажыралып турады.
Мәселен, соңғы жыллары мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, дәраматын арттырыў, исбилерменлерди белсене қоллап-қуўатлаўға итибар оғада күшейди. Ҳәзир кем тәмийинленген ҳәр бир шаңарақ мәмлекетлик бюджет ҳәм тийисли социаллық дәптерлер арқалы материаллық жәрдем алмақта.
Кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланып үлгерди. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы жоқары мобилизация ҳәм жуўапкершилик пенен әмелге асырылмақта, процессте тек ғана атқарыў ҳәкимияты емес, соның менен бирге, ўәкилликли уйымлар да тиккелей қатнаспақта, социаллық раўажланыў ушын парламентлик ҳәрекет ўазыйпасын атқарыўға умтылмақта. Нәтийжеде Өзбекстан экономикасы 2024-жылы 6,5 процентке өсип, жалпы ишки өним дерлик 115 миллиард долларға жетти. Бул, әлбетте, оғада үлкен сиясий ерк-ықрардан дәрек береди.
"Дүньяда жүз берип атырған бүгинги глобал өзгерислер Парламентлераралық Аўқам ҳәм миллий парламентлеримиз алдына жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта", деди мәмлекетимиз басшысы.
Улыўма алғанда, Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламалар дүньяның түрли регионларындағы келиспеўшиликлерди шешиў, климат өзгериўи, ҳаял-қызлар ҳуқықлары, жаслардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, ҳәр бир инсанның социаллық қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм ҳәзирги күнде барлық тараўларға кеңнен кирип атырған жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерин қамтып алғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.
Итибарлысы, бул тек ғана Өзбекстан мәпи ушын емес, ал дүнья жәмийетшилигине унамлы ҳәм турақластырыўшы руўхта тәсир етеди.
Ботирали ШОДИЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты