Мәмлекетимизде болып өткен ири илимий әнжуманлардан биринде түркиялы тарийхшы илимпаз, профессор Мустафа Демиржи дүньяда Өзбекстандай бай тарийхый естеликлер, материаллық-мәдений, дөретиўшилик ҳәм илимий мийрасқа ийе басқа бирде-бир ел жоқ екенлигин айтқан еди. Буның себеби болса әййемги қалаларымыз Шығыс ҳәм Батысты байланыстырған ең ири саўда кәрўан жолы - Уллы жипек жолы орайында жайласқаны екенин атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, IX – XVI әсирлерде Өзбекстан аймағы дүньяның саўда-сатық, илим, мәденият ҳәм көркем өнер орайы сыпатында дүньяға белгили болған. Кәрўан жолында жайласқан әййемги қалаларымызда ири базарлар, сарай ҳәм қорғанлардың бой тиклеўи, илимниң раўажланыўы есабынан уллы ойшыллардың жетисип шығыўы, халықтың абадан турмыс кешириўи тарийхый тийкарға ийе ҳақыйқат.
Сонлықтан, кейинги жыллары мәмлекетимиздиң раўажланыўы, узақ тарийхтағы абырайын қайтарыў мақсетинде сыртқы ҳәм ишки сиясатта жол инфраструктурасын жақсылаў, логистика ҳәм транзит реформаларына айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан жаңа аэропорт, темир жол ҳәм вокзаллар, төлемли автомобиль жолларын қурыўды жеделлестирмекте. Жақында Президентимиз усындай ири жойбарлардан бири - Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорттың қурылысына старт берди.
Бул ири, заманагөй талапларға сай аэропорт келешекте Орайлық Азияның ҳаўа транспорты қатнаўы шөлкемлестирилетуғын таяныш ноқатына айланыўы мақсет етилмекте. Буны Президентимиздиң "Бул реформаларымыздың соңғы нәтийжесинде Өзбекстанды Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны байланыстыратуғын ири авиация хабына айландырыўды мақсет еткенбиз", деген сөзлеринен де аңлаў мүмкин.
Алдымызға қойылған үлкен мақсет тек ғана миллий транспорт системасының потенциалын арттырыўдағы перспективалы жойбарларда ғана емес, ал Өзбекстан жолларын глобал транспорт-логистика тармақларына интеграциялаў сиясатында да көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз басшысы халықаралық саммит ҳәм ушырасыўларда қоңсы ҳәм раўажланған мәмлекетлер менен биргеликте бул бағдарда жаңа баслама, жойбарларды турмысқа енгизиўге Өзбекстан бәрқулла таяр екенин билдирмекте.
Узаққа бармайық, мәмлекетимиз басшысы соңғы төрт ири халықаралық илаж - БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммити ҳәм "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммит, ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде де бул бағдарға айрықша тоқтап, ҳәр қыйлы форматтағы бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Президентимиз үлкен халықаралық илажлар ямаса усы транзит жолында жайласқан раўажланған мәмлекетлер менен дипломатиялық сөйлесиўлерде жаңа транзит жолларын жаратыў бойынша бирге ислесиў усынысы менен бирге, экономикалық, саўда-сатық байланысларын күшейтиўге де айрықша итибар қаратады.
Атап айтқанда, усы жылы 28-31-октябрь күнлери мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Сербия Президенти Александр Вучич басшылығындағы делегация менен сөйлесиўлерде де "Орайлық Азия - Балқан" жөнелисинде жаңа транспорт коридорларын, соның ишинде, Транскаспий коридоры шеңберинде раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, сөйлесиўлерде товар алмасыўды көбейтиў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў, агросанаат комплекси, туризм ҳәм көплеген басқа да әҳмийетли тармақларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанды региондағы ири транзит-логистика хабына айландырыў мақсети кеше ямаса бүгин пайда болған емес. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында бул жолда турмысқа енгизилиўи керек болған жойбарлар және жаңаланыў ҳәм өзгерислер атап өтилген. Бул мақсет жаңа Өзбекстанды қурыў идеясының ажыралмас бөлеги, турақлы раўажланыў жолларынан бири.
Статистикалық мағлыўматлар ҳәм таллаўларда бул бағдарда регионда Өзбекстанның имканиятлары жоқары екени көзге тасланады. 2022-жылғы мағлыўматларға бола, Өзбекстан транспорт экспорты регионның улыўма экспорт көлеминиң 44 процентин қураған. Бул, әсиресе, темир жол транспортымыздың жоқары потенциалы нәтийжеси болып есапланады.
Кейинги жылларда Өзбекстанның Қубла Азия мәмлекетлери менен байланысларының беккемлениўи нәтийжесинде 2023-жылы Орайлық Азия ҳәм Пакистан арасындағы жүк тасыў көлеми бойынша мәмлекетимиз биринши орынды ийеледи - улыўма көлемниң 64 проценти. Сондай-ақ, Өзбекстан Ҳиндстан ҳәм Иран менен логистика ағымлары бойынша жетекши үшликке киреди. Бул санлар елимиздиң жүк тасыў хызметинде ири хабқа айланыў умтылысы әпиўайы әрман емес, алдымызға қойылған анық мақсет екенин билдиреди.
Өзбекстан ири авиация хабына айланады
Кейинги жылларда шын мәнисинде дүньяға ашылыў ҳәм жақсы қоңсышылық сиясатының жолға қойылыўы мәмлекетимиз региондағы авиация хабына айланыўына да қолайлы шараят жаратпақта. Әлбетте, буның ушын, биринши гезекте, ишки имканиятларымызды және де арттырыўымыз, заманагөй, қолайлы аэропортлар ҳәм белсенди авиакомпаниялардың жумысы талап етиледи.
Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, аймақлардағы 7 халықаралық аэропорт заман талаплары тийкарында реконструкцияланбақта. Мойнақ, Қоқанд, Замин, Шаҳрисабз, Сариосиё, Сўх районларында жаңа аэропортлар қурылып, олардың саны 18 ге жеткерилди. Әмелдеги аэропортлардың оңланыўы ҳәм туризм потенциалы жоқары бул аймақларға авиақатнаўлардың жолға қойылыўы, өз гезегинде, туристлер ағымының көбейиўине де унамлы тәсир көрсетеди. Бул реформалардың нәтийжесинде кейинги сегиз жылда елимизге келетуғын сырт елли туристлердиң саны 3 миллионнан 10 миллионға артты.
Сондай-ақ, тараўда бәсеки орталығы жаратылғаны себепли 15 жаңа авиакомпания пайда болды. Олардың авиапаркиндеги ҳаўа кемелериниң саны 26 дан 105 ке көбейди. Президентимиздиң АҚШқа сапары шеңберинде “Uzbekistan Airways” 8 миллиард доллардан аслам қаржы есабынан 22 “787 Dreamliner” самолётын сатып алыў бойынша шәртнамаға қол қойылды. Бул да тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қосады.
Ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Қубла Корея, Қытай, Ҳиндстан, Малайзия, Түркия, Россия, Польша сыяқлы мәмлекетлердиң 51 авиакомпаниясы Өзбекстанға турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта. Нәтийжеде пайтахтымызға авиажолаўшылар ағымы 3 есеге артып, жылына 9 миллионға жетти.
2017-2023-жылларда ҳаўа транспортының жүк айланысы дерлик 156,9 миллион тонна/километрден 226,3 миллион тонна/километрге шекем артты. Санлардың өсиўи, яғный авиация тараўындағы жаңаланыўлар басқа тармақлардың раўажланыўына да унамлы тәсир ететуғыны сөзсиз.
Усы мәниде жақында тырнақ тасы қойылған жаңа халықаралық аэропорт та елимизде хызмет көрсетиў, өндирис, туризм тараўларының және де раўажланыўы, жаңа жумыс орынларының ашылыўы, исбилерменликтиң турақлы раўажланыўына үлкен үлес қосады. Ташкент ўәлаятының Орта Шыршық ҳәм Төменги Шыршық районларындағы 1 мың 300 гектар майданда қурылып атырған аэропорт Орайлық Азиядағы ең үлкен усындай жойбар болып есапланады.
Саудия Арабстанының “Vision Invest”, Японияның “Sojitz” ҳәм Қубла Кореяның “Incheon” компанияларының халықаралық консорциумы менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбар 4 басқыштан ибарат, биринши басқышта 2,5 миллиард доллар есабынан аэровокзал ҳәм аэродром қурылады. Бул арқалы терминаллар арқалы жылына 20 миллион жолаўшы ҳәм 129 мың тонна жүк өткериў, саатына 30 ушыў-қоныў операциясын орынлаў, 14 телескоплық траптан пайдаланыў ҳәм бир ўақыттың өзинде 62 ҳаўа кемесин сақлаў имканияты жаратылады.
Ири аэропорт қурылысының және бир өзине тән тәрепи жойбар тийкарында мультимодал транспорт байланысының пайда болыўы болып есапланады. Бул аймақ Ташкент - Самарқанд, Ташкент - Әндижан, Ташкент - Бостанлық төлемли автомобиль жолларына жалғанады. Бул жерде заманагөй темир жол станциясы қурылып, тезжүрер поезд қатнаўы жолға қойылады. Пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент орайлары шаттл транспорт хызметлери арқалы байланысады.
Халықаралық жойбарлар миллий мәплеримизге хызмет етеди
Автомобиль жолларымыз да халықаралық стандартлар тийкарында оңланбақта. Онда халықаралық автомобиллердиң өткериў қуўатлылығын арттырыўға айрықша итибар берилмекте. Әлбетте, бул өз нәтийжесин берип, автомобиль жолларындағы жүк тасыў қуўатлылығы жылдан-жылға артып бармақта. Статистикалық мағлыўматларға бола, 2017-2023-жылларда автомобиль транспорты үлесине туўра келетуғын жүк айланысы дерлик 1,6 есеге артты. Егер таллап атырған дәўирдиң басында бул көрсеткиш 13,6 миллиард тонна/километрди қураған болса, 2023-жылға келип 21,5 миллиард тонна/километрге жетти.
Ташкент - Самарқанд ҳәм Ташкент - Ферғана ойпатлығы жөнелислеринде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында автомобиль жолларының қурылып атырғаны елимиздиң транзит потенциалының есесине артыўына тийкар жаратады.
Бирақ Өзбекстанның регионда логистика ҳәм транзит хызметин көрсетиўде жетекши мәмлекетке айланыўында темир жол системасының потенциалы бирлемши роль атқарады. Итибарлы тәрепи, бул бағдардағы имканиятлар жыл сайын артып бармақта. Соның ишинде, 2017-2023-жылларда темир жол транспортында тасылған жүк айланысы 22,9 миллиард тонна/километрден 27,1 миллиард тонна/километрге көбейген. Бирақ бул Өзбекстан Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын тийкарғы логистика орайы болыўы ушын жетерли емес. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан тәмийнат шынжырының жәрдемши қатнасыўшысына айланып қалмақта.
Бирақ бул бизди пүткиллей қанаатландырмайды. Сонлықтан, қоңсы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң қайырқомлығы менен өз-ара пайдалы келисимлерге бола үш жаңа халықаралық темир жол қурыў ҳәм иске қосыў: Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының қурылысы, Трансаўған коридорын қурыў арқалы теңиз жолына шығыў ҳәм Транскаспий транспорт коридорының жумысын жолға қойыў жойбары әмелге асырылмақта. Бул, өз гезегинде, Өзбекстанның региондағы имканиятларын кескин арттырады.
2019-жылы Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Ташкентте болып өткен екинши мәсләҳәт ушырасыўында-ақ Президентимиз БМШ қәўендерлигинде транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириў басламасын алға қойған еди. Баслама Орайлық Азия мәмлекет басшылары дәрежесинде қоллап-қуўатланған ҳәм ҳүжжетлестириў басқышына өткен.
Ҳәзирги ўақытта регионда исенимли ҳәм арзан жүк тасыў жолына ийе болыў мақсетинде Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының қурылысы жедел даўам етпекте. 2024-жыл декабрьде старт берилген бул жойбар Президентимиз тәрепинен "Бул дос мәмлекетлеримиз дерлик 30 жыл даўамында умтылып келген шын мәнисиндеги тарийхый ўақыя", деп тән алынған. Бул жол арқалы жылына 15 миллион тонна жүк тасылады. Қытайдан Европаға жүк жеткерип бериў аралығы бир неше мың километр, мүддети болса дерлик бир ҳәптеге қысқарады.
Усы жағынан да жойбардың иске қосылыўы регионаллық саўда ҳәм инвестициялар көлемин бир неше есеге көбейтиў, транспорт қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў, Орайлық Азияның үлкен транзит потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 4-5-август күнлери Түркменстанға әмелий сапары ўақтында "Өзбекстан - Түркменстан - Әзербайжан" форматында үш тәреплеме ушырасыўда қатнасты. Ушырасыўдың тийкарғы темаларынан бири орта жөнелис - Транскаспий жолын шөлкемлестириў ҳәм белсендилигин арттырыў мәселеси болды. Сондай-ақ, Президентимиз түрли халықаралық илажлар ҳәм саммит, мәжилислерде қубла коридор - Трансаўған бағдарын қурыў мәселесин күн тәртибиндеги темаға айландырмақта. Бул бағдарда түрли мәмлекетлер менен бирге ислесиў күшейтилип атыр.
Өзбекстан ҳәзир қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолын кейин ала перспективалы Трансаўған коридоры ҳәм орта коридор менен байланыстырыў, усы тәризде регионымызда көп тармақлы, стратегиялық магистраллар системасын жаратыў басламасын алға қоймақта. Бул ҳаққында Президентимиз быйыл 7-октябрь күни Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Әзербайжанда болып өткен саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде де айрықша атап өтти.
Бул жойбарлар тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия регионының транспорт-логистика тараўының раўажланыўы ҳәм имканиятларын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди. Евроазия раўажланыў банки (ЕРБ) таллаўларына бола, 2030-жылға барып Орайлық Азия арқалы өтетуғын үш тийкарғы коридор - Орайлық Евроазия коридоры, ТРАСЕКА ҳәм "Арқа-Қубла" халықаралық транспорт коридорының шығыс жөнелиси бойынша жүк ағымы 1,5 есеге артып, 95 миллион тоннаға жетеди. Контейнер тасыў көлеми болса және де тез өсип, шама менен 1,7 миллион (жигирма футлық контейнерлер эквивалентинде) ға шекем көбейиўи күтилмекте.
Региондағы ҳәр бир мәмлекеттиң транспорт тараўын раўажландырыў стратегиясына муўапық, орта коридор бойынша темир жоллардың жүк тасыў қуўатлылығы арттырылыўы нәзерде тутылмақта: Қазақстан бойынша жылына 25 миллион тоннаға шекем, Қырғызстан бойынша 5 миллион тоннаға шекем (Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы жойбары менен), сондай-ақ, Тәжикстан, Түркменстан бойынша да ҳәр бири 5 миллион тоннаға шекем артады.
Бул жаңа жөнелислерди қурыў Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасын турақлы раўажландырыў менен бирге, бүгинги өзгериўшең геосиясий жағдайды есапқа алған ҳалда, көп векторлы транзит жолына ийе болыў көзқарасынан сиясий әҳмийетке ийе. Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстанның экономикалық ғәрезсизлигин және де беккемлейди.
Миллий өнимлеримиз дүнья базарын ийелейди
Транспорт-логистика бағдарындағы халықаралық жойбарлар тек ғана транзит жолы сыпатында емес, ал Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлерди теңиз жолы ҳәм ол арқалы дүнья, атап айтқанда, Европа базарына тез ҳәм қолайлы баҳада алып шығады.
Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолында қатаң илажлар көрип атырған Өзбекстан ушын транспорт-логистика тараўын раўажландырыў әҳмийетли мәселе. Әсиресе, теңиз жолына шығыўда еки мәмлекет аймағынан кесип өтиўи зәрүр болған дүньядағы еки мәмлекеттен бири болған мәмлекетимиз ушын шешиўши әҳмийетке ийе.
Соған қарамастан, кейинги жыллары Өзбекстан өнимлериниң раўажланған Европа мәмлекетлери базарындағы үлеси артып бармақта. Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы товарлар ҳәм хызметлер айланысы 2017-2024-жылларда 2,4 есеге артты. Өзбекстанның Европа мәмлекетлерине экспорты 3,6 есеге артып, 1,7 миллиард долларға көтерилди. Соннан 54 проценти химиялық өнимлер, 8,4 проценти тоқымашылық, 8,2 проценти қара ҳәм реңли металл, 15 проценти хызметлерге туўра келеди.
Улыўма алғанда, жаңа транспорт жолларының ашылыўы Өзбекстанның Европа мәмлекетлерине экспорт көлеми ҳәм өним түрлериниң кескин артыўына тийкар жаратады. Бул болса, өз гезегинде, өндирис, хызмет көрсетиў тараўы сыяқлы бир қатар бағдарлардың раўажланыўына тиккелей үлес қосады.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанның Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы байланыстырыўшы транспорт хабына айланыўы халқымыздың абаданлығы артыўы, саўда-сатық, хызмет көрсетиў тараўларының раўажланыўы жоқары басқышқа көтерилиўине хызмет етеди. Мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме алға илгерилеўине үлкен үлес қосады. Жаңа Өзбекстан идеясының әмелге асыўы, Үшинши Ренессанс дәўирине кириўинде бундай реформалар экономикалық тийкар, тырнақ тасы ўазыйпасын атқарады.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





