Жаңа Өзбекстан: жаңа суд системасы – жаңа принциплер

    Пикир 3 желтоқсан 2025 56

    Жаңа Өзбекстан суд системасын түп-тийкарынан демократияластырыў, онда судлардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў, оның бийғәрезлигин әмелде тәмийинлеў процесинде судьялар жәмийетшилиги уйымларының белсене қатнасыўына айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны тийкарында үлкен мақсет бар.

    Онда судты бүгинги күндеги жедел реформалар талапларына бейимлестириў арқалы ҳәр қандай жағдайда әдилликти қарар таптырыўға уқыплы болған әдил судлаў системасын қәлиплестириў мәселеси тур.

    Раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳәм бул бағдардағы халықаралық ҳүжжетлерде белгиленген принциплерден келип шығып айтыў мүмкин, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин әмелде тәмийинлеўдиң тийкарғы кепилликлеринен бири нәтийжели жумыс алып баратуғын судьялар жәмийетшилиги уйымлары болып есапланады.

    БМШтың Суд уйымлары ғәрезсизлигине байланыслы тийкарғы принциплеринде судьялар өз мәплерин қорғаў, кәсиплик таярлығын арттырыў ҳәм ғәрезсизлигин сақлаў мақсетинде судьялар бирлеспелерин ямаса басқа да шөлкемлерди шөлкемлестириўи ҳәм оларға кириўи мүмкин екенлиги атап өтилген.

    Президентимиз 2021-жыл 22-февральда БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында судьялар кеңеслериниң жумысын буннан былай да жетилистириўге қаратылған идея ҳәм басламаларды алға қойған еди.

    Мәмлекетимиз басшысының бул басламалары соль ўақытта көплеген абырайлы халықаралық экспертлер тәрепинен жақсы қабыл етилип, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин тәмийинлеўде судьялар кеңеслериниң оғада әҳмийетли орын ийелейтуғыны, бундай кеңеслерди дүзиўден гөзленген тийкарғы мақсет судьялар корпусын ҳәр тәреплеме мүнәсип талабанлар менен қәлиплестириў сыяқлы оғада әҳмийетли ҳәм қурамалы процесслерди сыртқы басымнан қорғаў екени тән алынған еди.

    Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан раўажланыўының сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышына өткели, судьялар жәмийетшилиги уйымларының жумысында да белгили дәрежеде өзгерислер жүз берди.

    Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаўдың халықаралық стандартлары ҳәм раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесине толық сәйкес келетуғын ашық-айдын ҳәм альтернатив системасын жаратыў мақсетинде мәмлекетимиз суд системасы тарийхында биринши мәрте судьялар жәмийетшилиниң ең әҳмийетли уйымларынан бири болған Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси шөлкемлестирилди. Оған судьялар жәмийетшилигиниң конституциялық уйымы статусы берилди.

    Судьялардың жоқары маманлық коллегиясы, судьялардың маманлық коллегиялары ўәкилликлерине киретуғын мәселелер - судьяның интизамий жуўапкершилиги, судьяның ўәкилликлерин тоқтатып турыў ямаса мүддетинен алдын тоқтатыў, судьяның қол қатылмаслығын тәмийинлеў, судьялық анты ҳәм судьялардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қадағалаў бағдарындағы жумысында да сезилерли өзгерислер бақланды.

    Бирақ соңғы жыллардағы реформалардың динамикасы әдил судлаў системасында судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, олардың орны ҳәм роли, әмелий әҳмийетин күшейтиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

    Мине, усы турмыслық зәрүрликтен келип шығып, Президентимиздиң усы жыл 24-ноябрьдеги "Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў және суд еркинлиги кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында бир қатар жаңа ўазыйпалар белгиленди.

    Судьялар жәмийетшилиги уйымлары арасында Судьялар жоқары кеңеси жумыс өлшемлери, мақсет ҳәм ўазыйпалары көзқарасынан оғада әҳмийетли орын ийелейди. Кеңес конституциялық қағыйдаға муўапық, судьялар корпусын қәлиплестиреди ҳәм суд ҳәкимияты еркинлиги принципине әмел етилиўин тәмийинлейди.

    Сондай-ақ, судьялардың бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың ерте алдын алыў ҳәм судларды қаржыландырыўда қатнасыў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырыўда тийкарғы рол атқарады.

    Пәрманның әмелий әҳмийети сонда, ол мине усындай әҳмийетли ўазыйпа ҳәм ўәкилликлерге ийе болған кеңестиң жумысын улыўма тән алынған халықаралық норма ҳәм принциплер тийкарында шөлкемлестириўшилик ҳәм институционаллық жақтан және де жетилистириўге ҳуқықый тийкар болады.

    Ҳүжжетте нәзерде тутылған судьяларды гезектеги он жыллық мүддетке тайынлаў (сайлаў) тәртибин бийкарлап, судьялық лаўазымларына талабанларды дәслеп бес жыл мүддетке, кейин ала мүддетсиз дәўирге тайынлаў (сайлаў) тәртибиниң орнатылыўы:

    бириншиден, судьялардың еркинлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге хызмет етеди;

    екиншиден, әдил судлаўға байланыслы халықаралық талап ҳәм стандартларда белгиленген судьялардың алмастырылмаў принципи тәмийинлениўине алып келеди;

    үшиншиден, судьялар судьялық жумысын әмелге асырыўда барлық структуралар ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳәкимшилик буйрықпазлықтан жырақ болыўын тәмийинлейди.

    Бир сөз бенен айтқанда, судьяны кәсиплик жумысында әдил судлаўды толық әмелге асырыў ушын ҳәр қыйлы ишки ҳәм сыртқы тәсирлерден жырақ етип, оның бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлейди. Ақыбетинде судьяның өз жумысына болған ишки исениминиң беккемлениўине унамлы тәсир етеди.

    Алдынғы сырт ел тәжирийбелерине бола, көпшилик мәмлекетлерде судьялар мүддетсиз дәўирге тайынланатуғыны себепли, бул принцип арқалы судьялардың пенсия жасына жетемен дегенше ўәкиллигин тийкарсыз тоқтатыў, мүддетинен алдын тоқтатыў, басқа лаўазымға өткериў, қайта тайынлаў бойынша белгили шеклеўлер белгиленген.

    Сондай-ақ, айырым халықаралық стандартларда нәзерде тутылған судьяның алмастырылмаў принципи судьялық ўәкиллик мүддетиниң нызамда белгиленген тийкарлардан тысқары қайта көрип шығылмайтуғынын аңлатады.

    Буннан тысқары, БМШтың судьялар ҳәм адвокатлар еркинлиги бойынша арнаўлы баянатшысы Диего Гарсия-Саян Өзбекстан бойынша есабатында судьялардың мүддетсиз дәўирге өткерилиўинен алдын 15 жыллық судьялық дәўириниң белгиленгени судьяларға басым өткериў ҳәм олардың еркинлигине тәсир көрсетиўши қәўип сыпатында баҳаланған. Ол мүддетсиз дәўирге өтиў ушын бир ўәкиллик мүддетинде ислеўди усыныс еткен.

    Талапкерди судьялық лаўазымына тайынлаў тәртиби ҳәр қыйлы, атап айтқанда, Әзербайжан ҳәм Грузияда судья дәслеп 3 жыл, Беларусь ҳәм Молдовада 5 жыл, усы мүддеттеги жумысы нәтийжелери тийкарында үзликсиз мүддетке тайынланады.

    Пәрманда белгиленген судьяның кәсиплик жумысын баҳалаўда "ҳадаллық", "кәсиплик уқыплылық" ҳәм "судьялық әдеп қағыйдаларына әмел етиў" талапларының анық нормаларын нызам дәрежесинде белгилеў ўазыйпасы миллий нызамшылықтағы ҳуқықый бослық, яғный судья мәнаўиятының ең әҳмийетли категорияларын нәзерде тутады. Нәтийжеде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы факторлары қатарында судьяның әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўы, қәлбинде үлкейиўи, ҳүжданынан пәклениўи, оның руўхый жетиклигин тәмийинлеўши нормалар комплекси ислеп шығылып, нызам ҳүжжетлеринде сәўлелендириледи.

    Сөзсиз, судья мәнаўиятының ең әҳмийетли категорияларын белгилеў ҳәм оларды миллий нызамшылыққа сиңдириў әдил судлаўдың руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге алып келеди. Бул болса, өз гезегинде, әдил судлаўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

    Бул нормалардың миллий нызамшылықта сәўлелениўи Судьялар әдеп-икрамлығының Бангалор принциплери үшинши принципи - "ҳадаллық ҳәм ҳүжданлылық судья өз миннетлемелерин зәрүр дәрежеде орынлаўының зәрүр шәртлери" имплементациясын тәмийинлейди. Әдил судлаўдың руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарларының беккем тийкарын да судьяның "ҳадаллығы", "кәсиплик уқыплылығы", "судьялардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи" сыяқлы әҳмийетли түсиниклер қурайды.

    Бул түсиниклердиң анық нормалары нызамшылыққа киргизилиўи судьялық кәсиби талап ететуғын ўазыйпасына садықлықты келтирип шығарып, оның жәмийет алдындағы миннетлемелерин арттырады. Судьяның өз хызмет ўазыйпасы ҳәм адамлар тәғдирине мүнәсибетин өзгертип, системада коррупция жағдайларының алдын алыўға ерисиледи.

    Кеңес қурамын қәлиплестириў тәртиби судьялар жәмийетшилиги уйымларының қатнасыўын арттырыў арқалы және де жетилистириледи. Соның ишинде, кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын судьялары лаўазымына талабанлар тийисли суд судьялары квалификациялық коллегиялары тәрепинен усыныс етиледи. Онда кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын судьялары лаўазымына, әдетте, судья сыпатында кеминде 7 жыл ислеген судьялардың кандидатурасы көрсетилиўи мүмкин екенлиги ҳаққындағы жаңа тәртип орнатылыўы, әмелдеги нызам ҳүжжетлериндеги бослық - кеңес баслығы ағзаларды қандай нормалар тийкарында таңлайтуғынына анықлық киргизеди.

    Бул нормалар кеңес қурамын қәлиплестириўге байланыслы бир қатар халықаралық стандартлар ҳәм нәтийжели концептуаллық моделлердиң қағыйдаларына үнлес. Инсан ҳуқықлары бойынша Европа судының қарарына бола, судтың ғәрезсизлигин баҳалаўда судьялар кеңесине судьяларды тайынлаў тәртиби, атап айтқанда тайынлаўды әмелге асырыўшы уйымлардың характери судтың өзин-өзи басқарыўында әҳмийетли болып есапланады. Буның ушын сиясий уйымлардың тәсирин азайтыў мақсетинде суд корпусы еркин түрде өз ўәкиллерин кеңеске сайлаўы әҳмийетли. Венеция комиссиясының атап өтиўинше, белгили бир судьялар кеңесиниң қурамы бир-биринен парықланыўы мүмкин, бирақ улыўма талапқа бола, оның кеминде ярымы өз кәсиплеслери сайлаған судьялардан ибарат болыўы керек.

    Судьялар арасынан кеңес ағзалығына талабанлар Украинада судьялар съезди, Литвада судьялардың улыўма мәжилиси, Грузияда судьялардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен сайланады.

    Атап өтилгенлерине бола, нызамда кеңес ағзасына талапларды белгилеў, ағзалыққа талабан тийисли судьялардың қәнигелик коллегиялары тәрепинен кеңеске усынылыўы ҳәм мүнәсип деп табылған альтернативлик тийкарындағы талабанлар Өзбекстан Республикасы Президентине усыныс етилиўи тәртиби әҳмийетли есапланады.

    Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, атап айтқанда, кеңес ағзаларын таңлаў критерияларының нызамшылықта анық нәзерде тутылыўы талабанлардың объектив, ашық-айдын ҳәм әдил таңлап алыныўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған гезектеги жаңа демократиялық принцип тиккелей судьялардың қәнигелик коллегиялары ҳәм судьялардың жоқары қәнигелик коллегияларына қосымша ўәкилликлер берилиўи менен байланыслы. Яғный, Судьялар жоқары кеңесиниң судьялық лаўазымларына талабанлар бойынша жуўмақлар төмендеги судьялар жәмийетшилиги уйымлары тәрепинен берилиўин нәзерде тутады:

    - судьялардың маманлық коллегиялары - әскерий судлар, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары судьялары, аймақлық әскерий судлар, районлараралық, районлық, қалалық судлары баслықлары, баслық орынбасарлары ҳәм судьялары лаўазымларына талабанлар бойынша;

    - Судьялардың жоқары маманлық коллегиясы - Жоқары суд судьялары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары, Өзбекстан Республикасы Әскерий судының баслықлары ҳәм баслық орынбасарлары лаўазымларына талабанлар бойынша жаңа тәртип орнатылмақта.

    Бул нормалар судьялар жәмийети уйымлары жәмийетлик тийкарда жумыс алып баратуғын судьялардың маманлық коллегиялары ҳәм судьялардың жоқары маманлық коллегияларына жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы ушын олардың жуўапкершилигин арттырады.

    Жуўмақлап айтқанда, пәрманда белгиленген жаңа демократиялық принциплер судьялар жәмийети уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў арқалы олардың өз ўазыйпаларын орынлаў процесинде мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўы ҳәм араласыўын кескин азайтыўға алып келеди.

    Нәтийжеде судьялар жәмийетшилиги уйымлары ҳәм оның белгили структуралары өзиниң ең әҳмийетли фундаменталлық функциясын - судьялардың мәплерин толық түрде билдириў имканиятын арттырып, жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети - жәмийетлик турмыста әдиллик орнатылыўының ҳуқықый тийкарларын беккемлейди.

    Холмумин ЁДГОРОВ,

    Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates