Бул процесс өз-өзинен жүз бермеген. Реформалар артында беккем сиясий ерк-ықрар, халық мәпин үстин қойған мәмлекет басшысының стратегиялық көзқараслары ҳәм ең әҳмийетлиси, миллеттиң өзгериске болған умтылысы жәмленген, десек асыра айтқан болмаймыз. Айтып өтиў керек болса, бир ғана Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде жигирма бес жылда қолға киргизилмеген нәтийжелер, жетискенликлерге ерисилди.

Өткен дәўир даўамында мәмлекетимиздиң барлық тараўларында тийкарланған ҳәм мисли көрилмеген жаңаланыўлар әмелге асырылды. Мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы аралық қысқарды, инсан мәпи реформалар орайына қойылды.

Бүгин ҳәкимият ҳәм халық арасында тиккелей сөйлесиў бар. Сенаторлар, депутатлар, министр ҳәм ҳәкимлер орынларға шығып, пуқаралар менен жанлы пикирлеспекте. Машқалалар қағазда емес, турмыста шешилмекте. Бул басқарыўда пүткиллей жаңа стандарт, инсан қәдири улығланғанынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысының инсан қәдири уллы, ертең емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз турмысынан разы болып жасаўы керек, деген ийгиликли идеясының орынланыўын ўатанласларымыз өз тәғдири ҳәм шаңарағы мысалында көрип, сезинип атыр. Ашық-айдынлық сиясаты алып барылғаны себепли халқымыздың мәмлекетке исеними және де беккемленди.

Бүгинги күнде елимизде билимлендириў ҳәм тәрбияның үзликсизлигине жоқары дәрежеде итибар қаратылмақта. Ертеңги күнимиз ийелери болған перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясына итибар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мақсет ҳәм бағдарларынан бири.

Елимиз бойлап 5 мыңнан аслам мектеп оңланды ямаса қайтадан қурылды. Мектепке шекемги ҳәм жоқары билимлендириўге қамтып алыў кескин арттырылды. Бул тек ғана статистика емес, ал мәмлекет келешегиниң фундаменти, раўажланыўға жетеклеўши билимли әўладқа қаратылған инвестиция болып есапланады.

Бул нәтийжелерге тек ғана инфраструктура жағынан емес, ал мазмун жағынан да итибар қаратылған. Жоқары билимлендириўге қабыллаў орынларының артыўы, сырт ел университетлери менен бирге ислесиў, жаңа қәнигеликлердиң енгизилиўи - булардың барлығы заманагөй билимлер базасына тийкар жаратпақта.

Спорт тараўында да елимизде үлкен жетискенликлер бақланбақта. 2023-жылы Өзбекстан U-20 футбол сайланды командасы Азия чемпионы болды. Бул тарийхый жеңис мәмлекетимиз футболының жаңа басқышқа көтерилгенин айқын көрсетти.

"Париж-2024" Олимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясы тарийхый нәтийжелерге еристи. Онда 8 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалы қолға киргизилди. Олимпиадада қатнасқан 208 мәмлекет арасында 13-орынды ийелеп, ТОП-15 мәмлекетлер қатарынан орын алды. Соның менен бирге, Азияда 4-орынды, түркий тиллес мәмлекетлер, мусылман мәмлекетлери ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында болса биринши орынды ийеледи. Буннан тысқары, үш спортшымыз бир ўақыттың өзинде еки мәрте Олимпиада чемпионы болғаны елимиз ушын және бир мақтаныш дәреги болды.

Соңғы жыллары Өзбекстанда инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм ҳуқықый әдилликти тәмийинлеўге қаратылған реформалар пүткил дүнья жәмийетшилиги тән алған дәрежеде әмелге асырылмақта. Сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыздың ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў, олардың ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў мақсетинде пүткиллей жаңа система жаратылды. Социаллық қорғаў, ҳуқықый мәсләҳәтлер, жумыс пенен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерде шөлкемлестирилген миграция сиясаты нәтийжели жолға қойылды.

Бул реформалардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, адасып басқа жолға кирип қалған ўатанласларымызға бурынғыдай душпан көзи менен қараў әмелияты сапластырылды. Керисинше, оларға кеширимли мүнәсибетте болыў, адамгершилик ҳәм кеңпейиллик принциплери тийкарында қатнас жасаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Бул ишки турақлылық ҳәм жәмийетлик татыўлық жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Ҳуқықый мәмлекет қурыўда ерисилген ең үлкен жетискенликлерден және бири 2017-2024-жыллар аралығында 6 679 шахс ақланғаны болып табылады. Бурын судланған ҳәм жаза мүддетин өтеген болса да, ақланбаған пуқаралардың ҳуқықый статусы қайта көрип шығылып, оларға мүнәсип турмысқа қайтыў имканияты жаратылды. Бул инсан қәдирин улығлаў ҳәм әдилликти тиклеўдиң айқын үлгиси болып есапланады.

Сондай-ақ, сырт елге шығыўдағы бюрократиялық тосқынлықлар да сапластырылды. Бурынғы ОВИР стикерлери системасы сапластырылып, оның орнына сырт елге шығыўға заманагөй паспорт енгизилди. Бул пуқаралардың еркин ҳәрекетлениў ҳуқықын тәмийинлеў менен бир қатарда, мәмлекет имиджин халықаралық көлемде жоқарылатыўға хызмет етти.

Инсан ҳәм оның қәдири улығланғанының және бир айқын көриниси сыпатында "прописка" системасының бийкар етилиўин келтириў орынлы. Усы жылдан баслап Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында жасаў ушын айрықша рухсат алыўды талап ететуғын ҳүжжет - турақлы дизимнен өтиў шәртлери ҳаққындағы нызам өз күшин жойытты. Бул өзгерис тек ғана мәмлекет ишинде еркин ҳәрекетлениў имканиятын кеңейтпеди, ал мәмлекеттиң ишки базарын да жеделлестирди. Пуқаралар енди мийнет, билимлендириў ямаса жеке талапларына қарап, тосқынлықларсыз қәлеген аймақта жасаў ҳәм жумыс ислеў имканиятына ийе болды.

Жәмийетлик турмыстағы және бир әҳмийетли өзгерис - мәжбүрий мийнет әмелиятының пүткиллей сапластырылыўы болып табылады. Бурынлары миллионлаған ҳаял-қызлар, балалар, оқытыўшылар ҳәм медицина хызметкерлери ҳәр жылғы пахта терими ҳәм басқа да мәўсимлик жумысларға тартылатуғын еди. Бул әмелият тек ғана инсан ҳуқықларына қайшы емес, ал социаллық тараўдағы жумысты да изден шығаратуғын, билимлендириўдиң сапасына унамсыз тәсир көрсететуғын еди. Арнаўлы қарарлар, қадағалаў механизмлери ҳәм жуўапкершилик илажларының енгизилиўи нәтийжесинде бул унамсыз иллетке шек қойылды. Бул арқалы тек ғана инсан қәдири улығланып қоймастан, ал социаллық тараўларда мийнет орталығы да турақласты.

Экономикалық тараўда да жедел қәдемлер тасланды. 2017-жылдан баслап ишки валюта базары еркинлестирилди, шет ел валютасын сатып алыўдағы шеклеўлер бийкар етилди. Алдынғы конвертация процесслеринде физикалық тәреплер мәмлекетлик курстан пайдаланыў ушын айлап, гейде жыллап гезекте турыўға мәжбүр болатуғын еди. Енди болса пуқаралар сырт ел валютасын еркин сатып алыў, жеке мүтәжликлери ямаса инвестициялық мақсетлерде төлемлерди әмелге асырыў имканиятына ийе болды. Валюта сиясатындағы ашық-айдынлық ҳәм еркинлик ишки базарда бәсекини күшейтип, исбилерменлик орталығын жақсылады ҳәм сырт ел инвестициялары ушын Өзбекстанды және де тартымлы мәмлекетке айландырды.

Соның менен бирге, 2018-жылы 218 болған автоматластырылған валюта алмастырыў шақапшаларының саны 2024-жылы 3 400 ге жеткерилди. Бул валютаны сатып алыў, саяхат етиў ҳәм бизнес жүргизиўде халық ушын кең имканиятлар есигин ашты.

Қалаберди, нақ пул айланысындағы бюрократиялық тосқынлықлар толық сапластырылды. Алдын пластик карталардан пул шешип алыў ушын 40 процентке шекем артықша төлем төлеўге туўра келетуғын еди. Бүгин болса пуқаралар өз қаржысын еркин, ашық-айдын ҳәм аңсат түрде басқарыў имканиятына ийе. Нураныйларымыз болса пенсия алыў ушын банклер алдында күнлеп гезекте турмастан, напақаларын тиккелей үйлеринде қабыл етпекте.

Социаллық қорғаў мәселелеринде де әҳмийетли өзгерислер бақланбақта. Мүтәж шахсларды протез-ортопедия қураллары менен тәмийинлеў 2 есеге көбейди. 2023-жылы бул көрсеткиш 45 мың дана болған болса, 2024-жылы 104 мыңға жетти. Бәнтлиги тәмийинленген майыплығы болған шахслардың саны болса 151 мыңға жетти. Бул көрсеткишлер мәмлекетте инсан қәдирине болған қатнас пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенинен дәрек береди.

Пуқараларға адамгершиликли ҳәм кеңпейил қатнастың және бир көриниси сыпатында "Меҳир" операциялары шеңберинде аўыр жағдайда қалған ўатанласларымызды Ўатанға қайтарыў әмелиятын келтириў мүмкин. Сирия, Ирак ҳәм Аўғанстаннан 531 ҳаял-қыз ҳәм балалар Ўатанға қайтарылып, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратылды. Буннан тысқары, 100 палестиналы Ташкентке эвакуацияланып, шыпакер ҳәм реабилитация орайларына жайластырылды. Өзбекстан ҳәзирги ўақытта мийман палестиналыларға ҳәр тәреплеме жәрдем бермекте.

Пуқаралық мәселесинде де тарийхый өзгерислер бақланды. 1991-2016-жылларда жәми 482 адам Өзбекстан пуқаралығына қабыл етилген болса, соңғы сегиз жылда 84 мыңнан аслам пуқаралығы болмаған шахслар елимиз пуқарасы деп табылды. Бул ҳаққында БМШ Бас хаткери де айрықша тәрийп берип, басқа мәмлекетлер ушын үлги сыпатында келтирди.

Сыртқы сиясатта да Өзбекстанның позициясы жаңа басқышқа көтерилди. Президентимиздиң басламасы менен 2018-жылы БМШ Бас Ассамблеясында Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша резолюция қабыл етилди. Бул мәмлекетимиздиң абырайы ҳәм дипломатиялық ҳәрекетлериниң нәтийжеси болды. Кейинги жылларда қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине шықты, суў, шегара ҳәм логистика сыяқлы көп жыллық машқалалар шешилди.

Экономикалық раўажланыўдағы және бир әҳмийетли жетискенлик қурылыс тараўындағы бюрократиялық тосқынлықларды азайтыўға қаратылған жумыслар болып есапланады. Қурылысқа рухсат алыў мүддети 286 күннен 86 күнге қысқартылды. Қурылыс материалларын ислеп шығарыўдың 95 проценти локализацияланған. Жаңа Өзбекстан массивлеринде 27 мың квартиралы 760 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылған.

Туризм тараўындағы жетискенликлер де итибарға ылайық. 2017-жылы мәмлекетке 2,6 миллион турист келген болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 10 миллионнан асты. 93 мәмлекет пуқаралары ушын визасыз режим енгизилди. Бул болса “The Guardian” сыяқлы халықаралық басылымлар тәрепинен Өзбекстанның ең жақсы туристлик бағдарларынан бири сыпатында тән алыныўына тийкар болды.

Қорғаныў тараўында болса мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Қураллы Күшлер системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында қорғаныў потенциалын беккемлеў тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген. 2025-жыл август айында Қураллы Күшлер академиясы негизинде Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди. Барлық әскерий билимлендириў мәкемелери усы университеттиң қурамына киргизилди.

Миллий армияның жаўынгерлик потенциалы халықаралық көлемде де тән алынбақта. Усы жылдың май айында Түркияда өткерилген халықаралық мергенлер жарысында Өзбекстан командасы алтын медалға ийе болды. АҚШтағы "Ең жақсы жаўынгер - 2025" таңлаўында болса сержантларымыз тек ғана жеңимпаз болып қалмастан, ал бир неше рекордларды да жаңалады. Берлинде болып өткен Жәҳән жазғы универсиадасында Қорғаныў министрлиги спортшылары қурамындағы Өзбекстан сайланды командасы 15 медалды қолға киргизип, Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи.

Усы ҳәм басқа да нәтийжелер тийкарында АҚШтың “U.S. News & World Report” басылымы Өзбекстан армиясын Орайлық Азияда биринши, дүнья көлеминде болса 19-орында деп тән алды. Бул болса алып барылып атырған әскерий реформалар, таярлық ҳәм жанкүйерликтиң әмелий нәтийжеси болып есапланады. Жәмийетте "Халық ҳәм армия - бир тән, бир жан" идеясы беккем тамыр урмақта.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бир күнлик, бир жыллық емес. Бул бир неше әўладлардың тәғдирине тәсир етиўши стратегиялық өзгерислер болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул реформалар халық пенен бирге ҳәм халық ушын әмелге асырылмақта. Алдымызда және де үлкен шеклер, кең перспективалы ўазыйпалар тур. Бизден жалғыз талап - усы өзгерислерге белсене қатнасыў, елдиң раўажланыўы ушын жуўапкершиликти сезиў. Себеби жаңа Өзбекстан бәршемиздиң улыўма тәғдиримиз.

Қутбиддин БУРХАНОВ,

Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы