Себеби, бүгинги күнге келип жаңа Өзбекстан деген түсиник енди тек ғана сиясий ерк-ықрардың көриниси болып қалмастан, ол кеңпейил халқымыз, потенциаллы, мийнет сүйгиш, елди сүйетуғын адамларымыз бенен бирге қәлиплесип атырған, әдиллик, теңлик ҳәм раўажланыў принциплерине тийкарланған пүткил бир социаллық-философиялық ҳәрекетке айланды. Басқаша етип айтқанда, жаңа Өзбекстан идеясы дөретиўши, ўатансүйгиш, раўажланыўшы ўатанласларымыздың ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери менен реал ҳақыйқатқа айланбақта. Бул ҳәрекеттиң орайынан болса инсан, оның қәдири, әсиресе, өз потенциалын толық көрсетиўге умтылып атырған, жәмийетте мүнәсип орын ийелеў тилегиндеги руўхый жақтан ояў, ағартыўшы ҳаял-қызларымыз орын алған.

Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы белсене қатнасыўы әҳмийетли мәселелерден бирине айланған. Ҳәр қандай раўажланыўдың тийкары, бәринен бурын, шаңарақтың беккемлиги, ҳаял-қызларымыздың ҳуқықый қорғалыўы ҳәм тыныш турмысын тәмийинлеўден басланады. Сол себепли, мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар тийкарында да әйне усы инсаныйлық мақсетлер жәмленген.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм институционаллық механизмлер жаратылды. Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, ер адамлар менен тең ҳуқық ҳәм имканиятларды кепиллеў - бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.

Ҳаял-қызлар белсендилиги реформалар орайында

Илимпаз, исбилермен ҳәм ойлап табыўшы ҳаял-қызларымыз тек ғана шаңарақлық ҳәм турмыслық тараўларда емес, ал сиясат, экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда да белсене қатнаспақта. Олардың жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде жүзлеген ҳаял-қызлар басшылық лаўазымларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде нәтийжели жумыс алып бармақта.

Ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў тек ғана олардың өз ҳуқықлары менен мәплерин жүзеге шығарыў емес, ал жәмийеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде де әҳмийетли фактор есапланатуғынын айрықша атап өтиў керек. Усы мәнисте, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың потенциалын толық көрсетиўине шараят жаратыў мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта. Төменде пикиримиздиң дәлили сыпатында санларға итибар қаратсақ.

Соңғы жыллары ҳаял-қызлар басқарыў системасында барған сайын белсене қатнасыўды баслады. Ҳәзирги ўақытта олар басқарыў лаўазымларының 35 процентин, исбилерменлик секторының 45 процентин, сиясий партиялардың 49 процентин ҳәм жоқары билимлендириў системасының 52 процентин қурамақта. Тек ғана өткен 2024-жыл жағдайына бола, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы депутатлардың 38 проценти, Сенат ағзаларының 27 проценти, жергиликли кеңеслерде болса 32 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Салыстырыў ушын, 2019-жылы бул көрсеткишлер сәйкес түрде 12,6 процент, 20 процент ҳәм 25 процент еди. Бул санлар бир неше жыллық сиясий ерк-ықрар, стратегиялық көзқараслардың нәтийжелилигин айқын көрсетпекте.

Мәмлекетимиздиң сиясий майданында ҳаял-қызлар тек қатнасыўшы емес, ал жетекши сыпатында ортаға шықпақта. Бир қатар әҳмийетли лаўазымларда - Сенат баслығы, Бас министрдиң орынбасары, Омбудсманлар, министрлер, агентлик ҳәм комитет басшылары қатарында көплеген басшы ҳаял-қызлар жумыс алып бармақта. Бул бүгинги заманагөй өзбек ҳаялының интеллектуаллық потенциалы, руўхый жетиклиги ҳәм басқарыў қәбилетине берилип атырған жоқары баҳа болып есапланады.

2018-жылы министр ҳәм оған теңлестирилген лаўазымларда ҳаял-қызлардың үлеси тек ғана 2,9 процент болған болса, 2025-жылға келип бул көрсеткиш 7,7 процентке жетти.

"Басшы ҳаял-қызлар мектеби" - келешек лидерлерин таярлайды

Ҳаял-қызларды ол ямаса бул дәрежедеги басқарыў лаўазымларына таярлаў бир тәреплеме сиясат емес, керисинше, пуқта таярлықты талап ететуғын қурамалы ҳәм системалы процесс екенин атап өтиў керек. Усы мақсетте жаратылған "Басшы ҳаял-қызлар мектеби" оқыў бағдарламасы тийкарында ҳәзирги ўақытқа шекем 244 ҳаял оқытылып, олардан 55 и түрли басшылық лаўазымларына тайынланды.

Усы жылы бул бағдарда жаңа басқышқа старт берилди. Елимиз бойлап 550 ден аслам талабанлар арасынан таңлап алынған ең қәбилетли 100 ҳаял-қыз ушын Министрлер Кабинети жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебинде оқыў курслары шөлкемлестирилди. Олардың 11 и Түркия, Қытай ҳәм Венгриядағы абырайлы шөлкемлерде халықаралық әмелият өтеп, тәжирийбе алмасты.

Әсиресе, "Ҳәкимликке таярлаў мектеби"нде (KPI) көрсеткишлери бойынша ең жоқары баҳаланған 15 ҳаял-қыз таңлап алынып, арнаўлы оқыў бағдарламаларына тартылғаны келешекте ўәлаят, район ҳәм қала дәрежесиндеги басшылар қатарында ҳаял-қызлар санының артыўынан дәрек береди.

Заманагөй мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыўда санлы технологиялар ҳәм инновациялық қатнаслар әҳмийетли факторлардан бири болып қалмақта. Усы көзқарастан, Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен иске қосылған “zahira.argos.uz” санлы платформасы - кадрлар сиясатын жаңа басқышқа алып шығыў жолында әҳмийетли қәдем болды.

Бул платформа имканиятлары шеңберинде ҳаял-қызлар ушын арнаўлы модул шөлкемлестирилди. Бүгинги күнге келип белсенди ҳаял-қызлардан ибарат кадрлар резерви жаратылды.

Олардың кәсиплик потенциалын арттырыў, заманагөй басқарыў көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде "Сапалы басшы ҳаял" атамасында онлайн оқыў бағдарламасы ислеп шығылмақта. Бул жойбар шеңберинде 20 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың басшылық, менеджмент, стратегиялық режелестириў ҳәм санлы басқарыў бағдарларында заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болыўына имканият жаратылады.

Бул басламалар ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын беккемлеў менен бирге, оларды мәмлекетлик басқарыўдағы белсенди қатнасыўшыларға айландырыўға хызмет етпекте.

Басқарыўда теңлик, раўажланыўда потенциал

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 19-июньдеги "Мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа қатнасықлар тийкарында шөлкемлестириў және профессионал ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметин сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў бойынша стратегиялық бағдарлар белгиленди. Бул реформалар шеңберинде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы орны ҳәм белсендилигин арттырыў мәселеси айрықша әҳмийет сыпатында нәзерде тутылған.

2030-жылға шекемги дәўирде ҳаял-қызларды мәмлекетлик хызметке жедел тартыў бойынша анық мақсетли көрсеткишлер белгилеп қойылған. Соның ишинде, мәмлекетлик пуқаралық хызметинде ҳаял-қызлардың үлесин 40 процентке жеткериў режелестирилген. Бул бағдарда басқышпа-басқыш жаңаша қатнаслар қолланылып, 2025-жылы бул көрсеткишти 28 процентке, 2026-жылы болса 30 процентке жеткериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, миллий кадрлар резервинде де ҳаял-қызлардың үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.

Буннан тысқары, ҳаял-қызларды жоқары лаўазымларға таярлаў системасын жетилистириў, олардың басшылық потенциалын раўажландырыўға байланыслы комплексли илажлар белгиленген. Бул арқалы ҳаял-қызлар тек ғана мәмлекетлик басқарыў системасында емес, ал стратегиялық қарарлар қабыл етиў дәрежесинде де белсене қатнасыў имканиятына ийе болады.

Әлбетте, бул сан ҳәм көрсеткишлер тек ғана статистика емес. Олар жаратылып атырған ҳәм ҳуқықый тийкарға ийе жәмийетти қурыў жолындағы қатаң сиясий ерк-ықрардың көриниси болып есапланады. Бул бүгинги дәўир өзбек ҳаялының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы мүнәсип орны, еркин пикири ҳәм жетекшилик потенциалына билдирилген исенимди аңлатады.

Мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолында исенимли қәдемлер тасланар екен, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги барған сайын артып барады. Бул процесс халықаралық сиясий майданда да жәмийеттиң раўажланыўының ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынбақта.

Бир сөз бенен айтқанда, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасыўы тек ғана инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңлигине хызмет етип қоймастан, соның менен бирге турақлы, әдил ҳәм нәтийжели басқарыў системасын қәлиплестиретуғын жетекши күш ўазыйпасын да атқарады.

Зулайҳа МАҲКАМОВА,

Бас министр орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы