Себеби онда миллий мәмлекетшилик бағдарында ерисилген үлкен тәжирийбе, бүгинги күнде жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыў алдында турған өткир ҳәм әҳмийетли мәселелер, дүньяда сақланып қалып атырған оғада қурамалы геосиясий процесслер ҳәўиж алған шараятта "инсан - жәмийет - мәмлекет" арасындағы қатнасықлардың пуқта ойланған стратегиясы сәўлеленген. Басқаша етип айтқанда, жаңаланған Конституция мәмлекетшилик және инсан ҳуқықлары бағдарында басланған демократиялық реформаларда артқа қайтпайтуғынлығымыздың өзине тән дәлийли, десек болады.
Тийкарғы нызамымыз миллий раўажланыў жолымызды белгилеп беретуғын, артқа қайтпайтуғын реформаларымыз, миллий мәмлекетшилик моделиниң ең әҳмийетли бағдарламасы болып есапланады.
Президентимиз 2023-жыл 8-май күни Олий Мажлис палаталары ағзалары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзинде жаңаланған Бас нызамның әҳмийетли тәреплери ҳаққында пикир билдирер екен, "…Конституциямызда биринши мәрте Өзбекстан Республикасына ҳуқықый мәмлекет деп тәрийп берилди. Бас нызамымызда инсан ҳуқықларының кепилликлерине байланыслы нормалар да 3 есеге көбейтилди. Бул - бәринен бурын барлық тараўда нызам үстинлиги тәмийинленеди, дегени", деп айрықша атап өтти.
Конституциямыз қабыл етилгениниң 33 жыллығы халқымыз ушын оғада үлкен байрам. Соның менен бирге, Бас нызамымыздың турмысымыздағы орны, оның инсан қәдири ҳәм әдилликти тәмийинлеўдеги шексиз әҳмийетин және бир мәрте терең аңлап жетиў ушын әҳмийетли пурсат болып табылады. Усы мәнисте Президентимиздиң Конституция күнин жоқары дәрежеде белгилеў ҳаққындағы бийлиги тек ғана байрам илажларының бағдарламасын белгилеп қоймастан, ал Конституцияның заманагөй жәмийет турмысындағы терең ҳуқықый, руўхый ҳәм стратегиялық әҳмийетин және бир мәрте тән алды.
Бүгинги тез өзгерип атырған дүньяда мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығы, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги, инсан ҳуқықларының кепиллиги заман талабына сай жаңа конституциялық қағыйдалар ҳәм институционаллық механизмлер арқалы тәмийинленеди. Жаңа редакциядағы Конституция болса, усындай заманагөй ҳуқықый қатнасларды өзинде жәмлеген. Онда инсан қәдири, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик, халық ҳәкимиятшылығы ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы принциплер тек ғана баян етилместен, ал бәлким оларды турмысқа енгизиўдиң әмелий механизмлери де қатаң белгилеп қойылды.
"Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы бийлик әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя сыпатында бәршемизге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Себеби, Конституцияда белгиленген ҳуқық ҳәм қәдириятлардың күнделикли турмыста сәўлелениўи, оның ҳәр бир статьясы инсан мәпине хызмет етиўи ҳәр биримизге байланыслы.
Ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалар - Конституцияны кеңнен үгит-нәсиятлаў, оның мазмунын халыққа терең ҳәм түсиникли жеткериў, жаңа нормаларды турмысқа енгизиўде жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў - бүгинги күнниң ең әҳмийетли талапларынан бири болып есапланады. Конституцияда белгиленген қағыйдалар турмысымызға қаншелли терең кирип барса, мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы социаллық келисим де соншелли турақлы ҳәм исенимли болады.
Усы мәнисте бул ўазыйпалардың әмелге асырылыўы тек ғана улыўма ҳуқықый саўатлылықты арттырып қоймастан, ал жәмийетимиздиң ҳуқықый мәдениятын жоқарылатып, ҳәр бир пуқараға Конституцияның ҳақыйқый қәдирин сезиў ҳәм оның үстинлигин күнделикли турмыста көрсетиўге күш ҳәм исеним бағышлайды.
Бүгинги күнде демократияны тереңлестириў, экономикалық еркинликти кеңейтиў, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, исбилерменликти қорғаў, социаллық қорғаўды күшейтиў сыяқлы бағдарлардағы кең көлемли реформалар тосыннан емес - олардың барлығы өз дәрегин әйне конституциялық идеялардан алмақта.
Ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардың мазмуны оғада кең философияны өзинде жәмлеген.
Бириншиден, бүгинги жедел реформаларда халық ҳәкимиятшылығы, инсан қәдири, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик сыяқлы принциплер ҳәрекетлендириўши күшке айланбақта ҳәм жәмийетти бирлестириўши улыўма миллий қәдирият сыпатында көзге тасланбақта.
Екиншиден, жаңаланған Конституцияның экономикалық, социаллық ҳәм мәдений-руўхый тараўлардағы реформалар менен үзликсиз байланыслылығы сонда, оның ҳақыйқый мәниси инсанның бүгин бахытлы, қәўипсиз ҳәм абадан жасаўы ушын турақлы шараят жаратыўдан ибарат.
Үшиншиден, "Конституция - инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!" деген сүренниң мәниси сонда, жаңа дәўир философиясы, яғный инсан ҳуқықлары менен еркинликлери толық үстинликке ийе болған мәмлекет модели тийкарында инсан ҳуқықларын қорғаў пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Елимизде исбилерменлик ҳәм жеке меншик мүлкти қорғаў, денсаўлықты сақлаўды жетилистириў, илим ҳәм мәдениятты раўажландырыў, спорт тараўындағы имканиятларды кеңейтиў сыяқлы бағдарларда бақланып атырған унамлы өзгерислер де мине усы конституциялық принциплердиң әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Бул болса жәмийетке әпиўайы, бирақ жүдә әҳмийетли ҳақыйқатты аңлатады: жаңа Конституция ҳәр бир тараўды өз алдына емес, ал улыўма мақсет - инсан абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир социаллық-ҳуқықый система сыпатында бирлестирип, реформалардың избе-из ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлейтуғын тийкарғы тийкарға айланбақта.
Усы тәризде бул ўазыйпалардың түп мәниси халықтың қоллап-қуўатлаўы менен жаңаланған Конституция философиясын жәмийеттиң ҳәр бир қатламына жеткериў, яғный инсан қәдирин ең жоқары қәдирият сыпатында тән алыў, жәмийет бирлигин беккемлеў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм жаңа Өзбекстанда нызам үстинлигине сүйенген заманагөй мәмлекет сыпатында жәмийетимиздиң өз келешегин саналы, жуўапкершиликли ҳәм избе-из түрде қурыўға қаратылған умтылыслары менен ҳәрекетлерин "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген уллы мақсет әтирапында бирлестириўден ибарат.
Бунда конституциялық ҳуқық бойынша илимий жәмийетшилик ҳәм устаз-тренерлердиң өзине тән орны бар. Себеби, илим-ағартыўшылық тараўы ўәкиллери тәрепинен алға қойылып атырған ҳәр бир илимий жуўмақ, ҳуқықый идея, фундаментал изертлеў ҳәм бул бағдардағы тәлим-тәрбия жумысы Конституция нормаларының руўхы ҳәм мәнисин және де тереңирек аңлаўға жәрдем береди.
Соның менен бирге, Конституцияда белгилеп қойылған нызам үстинлиги, ҳуқықый сана-сезим ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўға қаратылған ўазыйпалар турмыста және де кең көлемли механизмлер арқалы әмелге асырылмақта. Буның айқын мысалы сыпатында Әдиллик министрлиги тәрепинен Президентимиздиң 2024-жыл 24-майдағы пәрманын орынлаў шеңберинде ислеп шығылған "Ҳуқық мектеби" мобил қосымшасын көрсетиў мүмкин.
Бул платформа халықтың ҳуқықый билимлерди бийғәрез, қолайлы ҳәм заманагөй түрде иелеўин тәмийинлеўге хызмет ететуғын инновациялық жойбар сыпатында жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты арттырыўға үлкен үлес қоспақта. Қосымшада ҳәзирги ўақытта дерлик 66 мың пайдаланыўшы дизимнен өткен, 32 оқыў курсы жайластырылған ҳәм 33 мыңнан аслам пайдаланыўшы усы курсларды тамамлап, рәсмий сертификатқа ийе болған.
Бул санлар халықтың ҳуқықый билимге зәрүрлиги ҳәм қызығыўшылығы артып баратырғанынан дәрек береди. Ең әҳмийетлиси, "Ҳуқық мектеби" қосымшасы Конституцияда белгиленген ҳуқықый мәдениятты арттырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын күшейтиўге қаратылған ўазыйпалардың әмелдеги нәтийжели ҳәм заманагөй механизми болып есапланады.
Бас нызамымыз нормаларын жас әўладтың санасына избе-из ҳәм системалы түрде жеткериўде Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессор-оқытыўшылары айрықша орын ийелемекте. Атап айтқанда, олар тәрепинен жаңа редакциядағы Конституция тийкарында улыўма билим бериў мектеплериниң 8-11-класс оқыўшылары ушын таярланған "Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары" сабақлықлары оқыўшыларда Конституцияның руўхы ҳәм мәнисин аңлаў, оны турмысқа енгизиў көнликпелерин заманагөй методлар тийкарында қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Бас нызамымыздың турмысымыздағы орнын және бир мәрте терең аңлаў, оның нормалары ҳәр бир тараўда әмел етиўи ушын улыўма жуўапкершиликти сезиниў бәршемизден белсенди пуқаралық позициясын, жоқары ҳуқықый мәденият ҳәм нызам үстинлигине садықлықты талап етеди. Себеби Конституция тек ғана ҳуқықый ҳүжжет емес, ол мәмлекет раўажланыўының руўхый өлшеми, пуқаралардың мәмлекетке ҳәм жәмийеттиң келешекке исенимин беккемлейтуғын тийкарғы тырнақ болып есапланады. Оған әмел етиў болса ҳәр биримиз ушын тек ғана конституциялық миннет емес, ал жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы пуқаралық жуўапкершилик болып есапланады.
Ихтиёр БЕКОВ,
юридикалық илимлер докторы, профессор