Технологиялардың пәти күшейген, мәлимлеме ағымы кеңейген, социаллық мәкан қурамаласқан бир шараятта жәмийеттиң турақлы раўажланыўы экономикалық көрсеткишлер менен бир қатарда инсанның ишки дүньясы, пикирлеў мәденияты, жуўапкершилик сезими менен тығыз байланыслы. Бүгинги реформалардың орайында әйне инсан, оның ой-пикири, руўхый таянышы ҳәм интеллектуаллық потенциалы турғаны да буның тастыйығы болып есапланады.

Заманагөй дүньяда билим алыў процеси әпиўайы мағлыўмат жыйнаў менен шекленип қалмастан, шахстың дүньяны аңлаў усылы, турмысқа мүнәсибети, социаллық позициясын қәлиплестириўши фактор екени белгили. Сол себепли билимлендириў мәкемелерине тек ғана кәсиплик көнликпелер беретуғын орын емес, ал пикирлейтуғын, таллайтуғын, жуўапкерли әўладты тәрбиялайтуғын әҳмийетли социаллық институт сыпатында қаралмақта. Тәлим-тәрбия мәселеси мәмлекетлик сиясат, жәмийетшилик пикири, илимий топарлардың дыққат орайында тур.

Бул тема бойынша сөз еткенде, бәринен бурын, кейинги жылларда елимиздиң билимлендириў системасындағы түпкиликли жаңаланыў процесслерине тоқтап өтиў керек. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң көбейиўи, қамтып алыўының артыўы, жаңа билимлендириў бағдарламаларының енгизилиўи, халықаралық стандартларға бейимлесиў сиясаты бул бағдардағы реформалардың реал нәтийжелерин көрсетпекте. Атап айтқанда, соңғы жыллары жоқары билимлендириўге қамтып алыў бир неше есеге артты. Жаңа университетлер, абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң жумысы кеңейди. Билимлендириў сиясатында компетенцияға тийкарланған қатнас, әмелий билимлерди күшейтиў, студенттиң жеке раўажланыўына бағдарланған модель тийкарғы әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде оқыў бағдарламаларының қайта көрип шығылыўы, кредит-модуль системасының енгизилиўи, халықаралық рейтинглерге бейимлесиў сиясаты билимлендириўди жабық академиялық мәканнан ашық интеллектуал майданға айландырыўға хызмет етип атыр.

Глобалласыў шараятында миллий сана, мәдений яд, тил ҳәм пикирлеў мәселелери жаңа сынақлар менен дус келмекте. Бул процесте гуманитар пәнлер, атап айтқанда, тил ҳәм әдебият пикирлеў мәдениятын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди. Белгили немис ойшылы Вильгельм Гумбольдт тилди "халық руўхы ҳәм ой-пикириниң жанлы көриниси" сыпатында баҳалағаны тегиннен емес. Оның пикиринше, тил байланыс қуралы ўазыйпасын атқарыў менен бирге инсанның барлықты қалай көриўи ҳәм түсиниўин де белгилеп береди. Тил ҳәм әдебият пәнлери миллий өзликти аңлаўда да әҳмийетли орынға ийе. Ана тилин терең билген, әдебий мийрасты аңлаған жас әўлад халқының тарийхый тәжирийбеси, мәдений қәдириятларына ҳүрмет пенен қарайды.

Бүгинги жаслардың санасының қәлиплесиўи алдынғы әўладлардың тәжирийбесинен пүткиллей өзгеше. Санлы технологиялар, социаллық тармақлар, глобал мәлимлеме майданы, жедел сөйлесиў қураллары жаслардың дүньяқарасына, қәдириятлар системасына, пикирлеў усылына тиккелей тәсир көрсетпекте. Информация алыў имканиятының кеңейиўи билимге жол ашты. Соның менен бирге, саналы таңлаў, мәлимлемени таңлап алыў, оны таллаў жуўапкершилигин кескин арттырды.

Канадалы философ ҳәм коммуникация теориясы Герберт Маршалл "қурал хабардың өзинен әҳмийетлирек" деген белгили идеяны алға сүрген еди. Оның пикиринше, информацияны жеткериў формасы инсан ой-пикирине мазмуннан да күшлирек тәсир көрсетеди. Бүгинги санлы орталықта бул идея, әсиресе, әҳмийетли болып, қысқа видеолар, оператив хабарлар, визуал контент жаслардың пикирлеў ритмин белгилеп бермекте.

Санлы мәкан жаслар ушын шексиз имканиятлар жаратпақта: аралықтан билимлендириў, ашық онлайн курслар, илимий платформалар, глобал илимий жәмийетшилик пенен пикирлесиў имканияты кеңеймекте. Соның менен бирге, виртуал орталық жалған мәлимлеме, манипуляциялық контент, зыянлы идеялар майданы да болып есапланады. Бундай шараятта медиа саўатлылық, мәлимлеме қәўипсизлиги, сын көзқарастан пикирлеў тийкарғы турмыслық компетенциялардан бирине айланған.

Сондай-ақ, билимлендириў орталығында руўхыйлық мәселеси үлкен әҳмийетке ийе. Өз ара ҳүрмет, саламат сын, ашық пикирлесиў, пикирлердиң ҳәр түрлилигине кеңпейил қатнас ҳүким сүрген орталықта шахс еркин раўажланады. Керисинше, рәсмийлик, бийпәрўалық, формалық үстин болған жерде дөретиўшилик пикирлеў сөнеди, баслама төменлейди. Сол себепли, билимлендириў мәкемелеринде социаллық-психологиялық орталықты саламатландырыў тәрбиялық жумыслардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта.

Студентлер менен ислесиўде индивидуал қатнастың орны шексиз. Ҳәр бир жастың қызығыўшылығы, потенциалы, турмыслық тәжирийбеси ҳәр қыйлы. Усы айырмашылықларды есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилген тәлим-тәрбия процеси шахс раўажланыўын тәмийинлейди. Менторлық, мәсләҳәт системасы, илимий ҳәм дөретиўшилик дөгереклер мине усы зәрүрликтен келип шығады. Бундай механизмлер жаслардың өз имканиятын аңлаўы, мақсетлерин анық белгилеўине жәрдем береди. Тәрбиялық механизмлердиң нәтийжелилиги болса көп тәреплеме билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби менен байланыслы. Басшылық усылы, басқарыўдағы ашық-айдынлық, жәмәәт пенен пикирлесиў, басламаларды қоллап-қуўатлаў сиясаты дурыс жолға қойылса, билимлендириў мәкемеси тек ғана билим дәргайы емес, ал социаллық жетиклик мектебине айланады.

Мийнет базарына жылына 300 мың жоқары мағлыўматлы кадр кирип келмекте. Оларды қоллап-қуўатлаў, басламаларын хошаметлеў, илим, инновация ҳәм исбилерменликке тартыў арқалы миллий раўажланыўдың беккем тийкарын жаратыў зәрүр. Мәмлекетимиз басшысының жаслардың санлы саўатлылығын арттырыў, шет тиллерин пуқта ийелеўи, заманагөй технологияларды өзлестириўи, илимий-изертлеў жумысында қатнасыўы мәселелерине айрықша итибар бериўи тийкарында да терең мәни-мазмун жәмленген. Себеби, бул талаплар билимлендириў системасында ашық-айдынлық, инновациялық қатнас, академиялық еркинлик ҳәм сын көзқарастан пикирлеўди раўажландырыў орталығын қәлиплестиреди.

Сондай-ақ, жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды зыянлы мәлимлеме ағымларынан қорғаў, руўхый иммунитетин беккемлеў де әҳмийетли. Бул ўазыйпалар билимлендириў мәкемелериниң жумысында тәрбиялық жумыслар, мәдений-ағартыўшылық жойбарлар, интеллектуаллық клублар ҳәм пикирлесиў майданларын кеңейтиўди талап етеди. Әне, усындай ашық пикирлесиў орталығы жаслардың еркин пикирлеўди, өз позициясын тийкарлай алыў көнликпесин арттырады.

Билим пикирлеў менен байыса, пикирлеў руўхыйлық пенен беккемленсе, руўхыйлық болса социаллық жуўапкершилик пенен қоллап-қуўатланса жәмийет турақлы раўажланыў жолына киреди. Бүгинги жаслар алдында ашылып атырған имканиятлар кең, талаплар болса жоқары. Олар тек ғана заманагөй кәсиплерди ийелеўи емес, ал жәмийет тәғдирине байланыслылық сезимин де өзинде қәлиплестириўи зәрүр. Усы процессте билимлендириў мәкемелерине жетекши социаллық институт сыпатында айрықша жуўапкершилик жүкленеди. Бул жуўапкершилик билим бериў менен бирге сананы тәрбиялаў, қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, пуқаралық позициясын раўажландырыўды қамтып алады.

Гулноза ЖУРАЕВА,

Ташкент мәмлекетлик өзбек тили

ҳәм әдебияты университети биринши проректоры,

филология илимлериниң докторы, профессор