Тәреплер Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен биринши мәрте Өзбекстанда өткерилген ҒМДА Экономикалық кеңесиниң 105-мәжилисиниң нәтийжелерин жуўмақлап, еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў келешегин додалады.

Мгер Григорян шын жүректен қабыллағаны ҳәм илажлардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Өзбекстан тәрепине миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, өз-ара саўданы кеңейтиў мәселелери де додаланды. Тәреплер мәмлекетлер арасындағы саўда айланысының ҳәзирги дәрежесин арттырыў мақсетинде бар қәбилетинен пайдаланыў керек екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте тәреплер өз-ара ушырасыўларды жеделлестириў бойынша келисип алды.