Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда айтылыўынша, бул бойынша тийисли меморандумға қол қойылды. Оған бола, тез жәрдем автомашиналарын сатып алыў 2026-жылдың биринши ярымында режелестирилген. Жойбардың баҳасы 7 миллион АҚШ долларын қурайды.

Келисимге Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Ф.Ташпулатов басшылығындағы делегацияның Корея Республикасына әмелий сапары шеңберинде қол қойылды.

Компания басшылары менен ушырасыўда денсаўлықты сақлаў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Соның менен бирге, сөйлесиў ўақтында:

Ташкент қаласындағы 7-санлы клиникалық емлеўхананы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға алыў;

Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайында заманагөй емлеў имаратын қурыў бойынша усыныслар билдирилди.