26-февраль күни Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға әмелге асырған еки күнлик рәсмий сапары жуўмақланды.

Ташкентте болып өткен жоқары дәрежедеги саммитте Өзбекстан - Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң барлық бағдарлары көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф кейинги жылларда көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ташкентте Өзбекстан - Пакистан бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған Биргеликтеги декларация және еки тәреплеме Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиў ҳаққындағы протоколға қол қойылды.

Өзбекстан - Пакистан саммити жуўмақлары пакистанлы эксперт ҳәм жәмийетлик-сиясий топарлардың ўәкиллери тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен үйренилмекте.

Сармад Али, Пакистан Сенаты ағзасы:

- Сапар еки мәмлекет арасындағы терең тарийхый байланыслардан дәрек береди. Пакистан Ҳүкимети басшысы Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўы жаңа келисим ҳәм басламалар арқалы регионаллық байланыслар шеңберинде экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.

Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе өз-ара саўда ҳәм инвестицияны хошаметлеўден ибарат. Соның менен бирге, ҳәр еки тәреп өз-ара товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў бойынша гөзленген мақсетти әмелге асырыўға умтылмақта.

Исенимим кәмил, Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде атап өтилгениндей, экономикалық қатнасықлардың бүгинги пәтлери менен ҳәр қыйлы тараўларда, соның ишинде, энергетика, инфраструктура ҳәм жоқары технологиялар тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў арқалы өз-ара саўда көлемин 2 миллиард доллардан асламға арттырыў мүмкин.

Сапар даўамында әҳмийетли ҳүжжетлер топламы - саўда, қорғаныў өндириси, ықлым өзгериўи, туризм, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларын қамтып алған келисим ҳәм меморандумларға қол қойылды. Бул келисимлер бизнес имканиятларын кеңейтиў ҳәм әҳмийетли тараўларда Пакистан - Өзбекстан бирге ислесиўин беккемлеўге жәрдем береди.

Сапар етиў шеңберинде болып өткен Пакистан - Өзбекстан бизнес-форумы, исбилермен топарлардың ўәкиллери арасындағы В2В ушырасыўлары коммерциялық байланысларды беккемлеў, жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм қоспа кәрханаларды шөлкемлестириўге тийкар жаратты.

Мәмлекет басшылары экономикалық байланыслардан тысқары регионаллық қәўипсизлик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин де додалады. Еки мәмлекет те Орайлық ҳәм Қубла Азияда турақлылықты сақлаў ҳәм регионаллық саўда жолларын беккемлеўден улыўмалық мәплерге ийе.

Қубла ҳәм Орайлық Азия арасындағы регионаллық байланысларды беккемлеўде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң роли оғада жоқары. Бул әҳмийетли фактор Пакистанның Орайлық Азия мәмлекетлери ушын әҳмийетли саўда ҳәм транзит орайы сыпатындағы статусы менен бир қатарда ҳәр еки тәрептиң регионаллық раўажланыў ҳәм экономикалық интеграция ҳаққындағы көзқарасларын беккемлейди.

Пакистан ҳәм Өзбекстан өз-ара байланысларды жаңа шеклерге алып шығыў, регионда узақ мүддетли абаданлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын саўда, инвестиция ҳәм қорғаныў тараўларында бирге ислесиўди тереңлестирмекте.

Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сапары Пакистан - Өзбекстан қатнасықларын беккемлеў, кеңейтилген дипломатиялық ҳәм экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа шеклерине жол ашыўда әҳмийетли қәдем болды.

Холид Таймур Акром, "Улыўма келешек жәмийети" таллаў орайының атқарыўшы директоры:

- Пакистан ҳәм Өзбекстан басшылары арасында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер еки тәреплеме стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди. Бул сапар етиў жүдә әҳмийетли. Ҳәр еки мәмлекет өз-ара саўда көлемин кеңейтиўге умтылып атырған екен, оның нәтийжелери регионаллық байланыслылық басламасын жаңа жойбарлар менен байытады. Дипломатиялық қатнасықларды беккемлейди, экономикалық байланыслар ҳәм өз-ара абаданлықты хошаметлеўши бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары бойынша келисип алыў имканиятын береди.

Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары ўақтында еки мәмлекеттиң экономиканың түрли тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириўге болған умтылысын күшейтетуғын бир қатар еки тәреплеме шәртнамаларға қол қойылды.

Сапар етиўдиң тийкарғы ноқаты Пакистан - Өзбекстан бизнес-форумы болып, онда жетекши бизнес ўәкиллери В2В форматындағы ушырасыўларда қатнасты. Бул форум жуўмақлары Пакистан ҳәм Өзбекстан бизнеслери арасында тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыў арқалы саўда байланысларын беккемлейди, инвестициялық ҳәм экономикалық имканиятларды арттырыўға тийкар жаратады.

Жаңа келисимлерге қол қойылғаны саўда, ықлым өзгериўи, қорғаныў тараўындағы бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ушын да тийкар жаратады.

Еллеримизди экономикалық ҳәм стратегиялық шерикликти барлық тараўларда кеңейтиў, турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық раўажланыўға жәрдемлесиў тилеги бирлестиреди.

Пакистан ҳәм Өзбекстан регионаллық ҳәм глобаллық тынышлыққа жәрдемлесиў, атап айтқанда, Қубла ҳәм Орайлық Азия арасындағы байланысларды беккемлеў бағдарында улыўмалық көзқарасларға ийе.

Ҳәр еки мәмлекет регионаллық саўда байланыслары ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, соның ишинде, терроризмге қарсы гүресиў мәселелеринде өз рольин күшейтиў ниетинде.

Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сапары Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларды беккемлейди. Бул тек ғана көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге тийкар жаратып қоймастан, ал регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық абаданлықты және де арттырыўға да хызмет етеди. Стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәр еки мәмлекеттиң өсип баратырған еки тәреплеме байланысларынан узақ мүддетли пайда алыўды даўам еттириўди тәмийинлейди.

Адам Сауд, "Баҳрия" университети гуманитар ҳәм социаллық пәнлер факультети деканы, профессор:

- Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға бул ретки сапары еки туўысқан халық арасындағы байланыслар беккемленип атырған бир ўақытқа туўра келмекте.

Рәсмий Исламабад ҳәм Ташкент өз-ара байланысларды көп тәреплеме дәрежеде, әсиресе, COVID-19 пандемиясы жағдайында да беккемледи.

Өз-ара саўданы буннан былай да раўажландырыў, мәдений алмасыўларды беккемлеў, стратегиялық шериклик ушын жаңа улыўма тийкарлар излеў, сондай-ақ, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери бойынша тығыз бирге ислесиў, Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў басламасы шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў - булардың барлығы еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер болып есапланады.

Улыўма дин, тарийх ҳәм мәденият халық дипломатиясын раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратады. Өзбекстанда пакистанлы студентлер санының сезилерли дәрежеде артқаны бул мәмлекеттиң Пакистан жәмийети ушын әҳмийетинен дерек береди. Бундай өз-ара бирге ислесиў жедел қоллап-қуўатланыўы керек.

Зыярат туризми, әлбетте, әҳмийетли бағдар болып есапланады. Көпшилик пакистанлылар Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий мийрасына ҳүрмет пенен қатнас жасайды. Сондай-ақ, Пакистанда өзбек халқының уллы ата-бабалары Әмир Темур ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳүрметленеди.

“Uzbekistan Airways” пакистанлы жолаўшыларға гөззал Өзбекстанға туўрыдан-туўры ҳәм ең қысқа аралықты басып өтиўди тәмийинлеў менен бирге Орайлық Азия, ҒМДА ҳәм Европаның басқа да мәмлекетлерине саяхат етиў ушын алтернатив жөнелисти усыныс етиўи мүмкин.

Ҳәр еки тәреп илим, билим алмасыў, технология ҳәм раўажланыў тараўында бир-бирин қоллап-қуўатламақта.

Өзбекстанға бул ретки сапар етиў еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыўға жаңа пәт бағышлайтуғынына исенемен.

Маҳмуд ул-Ҳасан Хон, "Қубла Азия ҳәм халықаралық изертлеўлер" таллаў орайының атқарыўшы директоры:

- Сапар етиў Өзбекстан ҳәм Пакистанның бирге ислесиўин барлық әҳмиетли бағдарларда, соның ишинде, саўда, транспорт, энергетика, регионаллық қәўипсизлик, қорғаныў, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда беккемлеў және стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиўде жаңа басқыштың басланыўы болады.

Қәнигелердиң пикиринше, қол қойылған ҳүжжетлер жаңа жойбарлар ушын беккем тийкар болып, оларды турмысқа енгизиўди жеделлестиреди.

Тәреплер бизнес, транспорт ҳәм логистика, ҳуқық қорғаў, терроризм ҳәм трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ғалаба хабар қураллары, мәденият, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда нәтийжели уйымлараралық ҳәм министрликлераралық механизмлерди жолға қойыўға умтылмақта.

Тоқымашылық, мода, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўларда жаңа қоспа кәрханалар жаратыў ушын үлкен потенциал бар.

Еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлериниң жуўмақлары ҳәм ерисилген келисимлер өз-ара саўда көлемин арттырыў, инвестицияларды тартыў, саўда үйлери ҳәм мәденият орайларын шөлкемлестириў, бизнес-форумлар, В2В ҳәм G2D ушырасыўлары, санаат ҳәм аўыл хожалығы көргизбелери ҳәм басқа да илажларды өткериўге күшли түртки береди.

Пакистан ҳәм Өзбекстан “GSP+” системасы статусына ийе болып, бул жеңиллик олардың тоқымашылық, тигиўшилик ҳәм мода санааты сыяқлы ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўин муўапықластырыў перспективаларын және де кеңейтеди. Өзбекстанның ҳәр қыйлы аймақларындағы тоқымашылық кәрханаларынан биргеликте пайдаланыў қосымша абзаллық бериўи мүмкин.

Еки мәмлекет турақлы транзит системасын жаратыў, саўда-экономикалық мақсетлерге ерисиў, регионаллық социаллық-экономикалық интеграция, товар алмасыў көлемин арттырыў, санаат кооперациясын жеделлестириў ушын транспорт-логистика коридорларын диверсификациялаў үстинде ислемекте.

Электрон коммерция ҳәм инсан капиталын раўажландырыў бойынша қоспа бағдарламаларды енгизиў экономикалық дипломатияның және бир перспективалы бағдары болып есапланады.

Экономикалық интеграция ҳәм санаат кооперациясының жаңа инновациялық, интеграцияласқан ҳәм санлы моделин қәлиплестириў де еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли бәнти сыпатында қаралмақта.

Жеке меншик сектор ўәкиллериниң экономикалық процесслерде тиккелей қатнасыўы, олар тәрепинен еки мәмлекет аймағында қурылып атырған саўда үйлери, заманагөй өндирис ҳәм санаат объектлери стратегиялық шерикликти және де беккемлемекте.

Бул сапар етиў жаңа шеклердиң басланыўы болатуғынына исенемен. Сондай-ақ, ол Пакистан ҳәм Өзбекстан халықларына, Орайлық және Қубла Азия регионларына турақлылық ҳәм абаданлық алып келеди.

Асад Мажид Хон, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери:

- Сапар әҳмийетли ўақыя болды, себеби Пакистан да, Өзбекстан да Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң әҳмийетли ағзалары ҳәм белсенди қатнасыўшылары болып есапланады.

Регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў тәрепдары болған шөлкем сыпатында ИБШ жетекшилик дәрежесиндеги бундай қатнасыў тек ғана мәмлекетлерди еки тәреплеме тийкарда жақынластырыўда әҳмийетли рол атқаратуғынына емес, ал регионаллық экономикалық өсиў, саўда интеграциясы ҳәм байланыслылық бойынша бул структура күн тәртибин алға қойыўда жәрдем беретуғынына беккем исенеди.

Биз бул әҳмийетли сапардың нәтийжелерине унамлы қараймыз ҳәм ол регионлараралық бирге ислесиўди және де жеделлестиреди, деп үмит етемиз.

"Дунё" МА.