Әйне усы қалада Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер XXI әсирдиң ең әҳмийетли стратегиялық темаларынан бири — жасалма интеллект, санлы экономика ҳәм технологиялық бирге ислесиў мәселелерин додалаў ушын жыйналды.
Саммиттиң
Түркстан қаласында өткерилиўи рәмзий ҳәм сиясий жақтан үлкен әҳмийетке ийе. Себеби
бул илаж тек ғана улыўма тарийхый-мәдений мийрас емес, ал түркий мәмлекетлердиң
келешектеги раўажланыўы санлы технологиялар ҳәм инновациялар менен тиккелей
байланыслы екенин көрсетти. Әййемги цивилизациялар кесилиспесинде жайласқан
қала бул рет санлы цивилизация мәселелери додаланатуғын жаңа сиясий
қарым-қатнас майданына айланды.
Әсиресе,
Президентимиздиң рәсмий емес саммиттеги шығып сөйлеген сөзи бул процесстиң тек
ғана технологиялық емес, ал цивилизациялық әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте
көрсетти. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, түркий дүнья интеграциясы
халықларымыздың тәғдирине байланыслы узақ мүддетли стратегиялық мәселеге
айланбақта.
Президентимиздиң
шығып сөйлеген сөзинде бүгинги геосиясий жағдайдың қурамалылығы, халықаралық
қатнасықларда исеним жетиспеўшилигиниң күшейип атырғаны ҳәм глобал
институтлардың тәсири төменлеп атырғаны айрықша атап өтилди. Бул болса түркий
мәмлекетлердиң өз-ара аўызбиршилиги ҳәм улыўма позицияны қәлиплестириўди
тарийхый зәрүрликке айландырмақта. Усы көзқарастан, Түркстан саммити тек ғана
гезектеги дипломатиялық илаж емес, ал түркий мәмлекетлердиң жаңа санлы
геосиясий мәканда өз орнын белгилеўге қаратылған стратегиялық сөйлесиўи
сыпатында әҳмийетке ийе болды.
Түркий
мәмлекетлер шөлкеми соңғы жылларда регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа
институционаллық модельи сыпатында қәлиплесип бармақта. 2021-жылы Стамбул
саммитинде рәсмий шөлкемлестирилген бул структура бүгин Қазақстан, Өзбекстан,
Түркия, Әзербайжан ҳәм Қырғызстанды бирлестирген әҳмийетли халықаралық платформаға
айланды. Түркменстан ҳәм Венгрия бақлаўшы мәмлекет сыпатында қатнаспақта.
ТМШ
бүгин турақлы раўажланыў пәтин көрсетип атырған абырайлы структураға айланды.
Атап айтқанда, 2025-жылы мәмлекетлердиң улыўма экономикалық потенциалы 2,4
триллион доллардан асты ҳәм өсиў пәти глобал экономикалық өсиўден еки есеге
жоқары болды. Шөлкемге ағза мәмлекетлер жәми 170 миллионнан аслам халық, үлкен
тәбийғый ресурслар, үлкен ишки базар ҳәм әҳмийетли транзит имканиятларына ийе
мәканды қамтып алған. Бул мәкан Евроазия геоиқтисодий картасында барған сайын
үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Кейинги
жыллары шөлкем шеңбериндеги экономикалық бирге ислесиў сезилерли дәрежеде
жеделлести. Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының таллаўларына бола,
2025-жылы структураға ағза мәмлекетлердиң улыўма сыртқы саўда айланысы 1,2
триллион доллардан артқан.
Мәмлекетимиз
жетекшиси де өткен жылдың өзинде Өзбекстанның шөлкем мәмлекетлери менен саўда
айланысы 14 процентке өсип, дерлик 11 миллиард долларға жеткенин атап өтти. Бул
сан түркий мәмлекетлер сыртқы мәмлекетимиздиң экономикалық сиясатында барған
сайын әҳмийетли орын ийелеп атырғанын көрсетеди. Есап-санақларға бола, ағза
мәмлекетлерге экспорттың баҳасын қосымша және 2,7 миллиард долларға арттырыў
имканияты бар. Соның ишинде, Түркияға экспортты 1,8 миллиард долларға,
Қазақстанға 500 миллион долларға, Венгрияға 200 миллион долларға ҳәм
Қырғызстанға 100 миллион долларға көбейтиў потенциалы бар.
2026-жыл
апрель жағдайына бола, елимизде ТМШ мәмлекетлери капиталының қатнасыўында 4500
ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта. 2017-2025-жылларда бул мәмлекетлерден
тартылған инвестициялардың улыўма көлеми 11,5 миллиард доллардан артқан.
Саммит
күн тәртибине жасалма интеллект темасының алып шығылыўы бийкарға емес. Себеби
бүгин жасалма интеллект технологиялары жәҳән экономикасының жаңа драйверине
айланбақта. Халықаралық болжаўларға бола, 2030-жылға барып жасалма интеллект
базарының баҳасы 20 триллион долларға жақынласыўы мүмкин. Алгоритмлик үйрениў
технологиялары, үлкен мағлыўматлар анализи, визуал мағлыўматларды таллаў
системалары ҳәм интеллектуал басқарыў механизмлери мәмлекетлик басқарыўдан
баслап медицина, билимлендириў, қаржы ҳәм аўыл хожалығы тараўларына шекемги
тараўларды түп-тийкарынан өзгертип атыр.
Президентимиздиң
шығып сөйлеген сөзинде жасалма интеллекттиң раўажланыўы түркий халықлардың бай
илимий мийрасы менен байланыстырылды. Мәмлекетимиз басшысы Муҳаммед Хорезмий,
Аҳмад Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний ҳәм Мырза Улығбек сыяқлы уллы
бабаларымыздың алгоритм, математика ҳәм астрономия тараўларындағы ашылыўы
бүгинги жасалма интеллект раўажланыўы ушын тийкар болғанын атап өтти. Бул
қатнас жүдә әҳмийетли. Себеби санлы раўажланыў тек ғана технологияны импорт
етиў ямаса программалық өним ислеп шығыў менен шекленбейди. Ол цивилизациялық
яд, интеллектуал дәстүр ҳәм илимий мийрас пенен де тығыз байланыслы.
ТМШ
мәмлекетлери ушын бул процесс еки тәреплеме әҳмийетке ийе. Бир тәрептен, санлы
технологиялар экономикалық раўажланыўды жеделлестириў имканиятын береди. Екинши
тәрептен болса, глобал санлы бәсеки шараятында технологиялық ғәрезлилик қәўпи
де күшеймекте. Усы көзқарастан қарағанда, Түркстан саммити түркий
мәмлекетлердиң санлы келешек бойынша улыўма позиция қәлиплестириўге умтылып
атырғанын көрсетти.
Президентимиз
саммитте алға қойған ең әҳмийетли басламалардан бири Санлы түркий коридор
концепциясы болды. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Өзбекстан соңғы
жыллары сырт елли инвесторлар менен дата орайлар қурыўға 6 миллиард доллар
инвестиция тартпақта. Бул процесс мәмлекетимизди регионаллық санлы хабқа
айландырыўға қаратылған узақ мүддетли стратегияның әҳмийетли бөлеги болып
табылады.
Санлы
түркий коридор концепциясы болса түркий мәмлекетлер дата орайларын жоқары
тезликтеги байланыс каналлары менен байланыстырыўды нәзерде тутады. Бул
басламаның геоэкономикалық әҳмийети жүдә үлкен. Себеби XXI әсирде нефть-газ
ямаса санаат қуўатлықлары менен бирге мағлыўматлар инфраструктурасы, серверлер,
бултлы технологиялар ҳәм санлы платформалар үстинен қадағалаў ушын да бәсеки
күшеймекте. Егер структураға ағза мәмлекетлер өз-ара интеграцияласқан санлы
инфраструктура жарата алса, Евроазияда жаңа технологиялық мәкан қәлиплесиўи
мүмкин.
Мәмлекетимиз
басшысының Ташкент қаласында Технологиялар форумын өткериў басламасы да әне усы
мақсетке хызмет етеди. Бул форум түркий мәмлекетлердиң мәлимлеме технология
(МТ) компаниялары, стартаплары, илимпазлары ҳәм инвесторларын бирден-бир
майданда бирлестиреди.
Кейинги
жылларда Өзбекстан түркий мәмлекетлер арасындағы экономикалық,
транспорт-коммуникация, билимлендириў ҳәм санлы бирге ислесиў процесслериниң
әҳмийетли қатнасыўшысына айланды. Әсиресе, санлы трансформация ҳәм жасалма
интеллект тараўындағы реформалар мәмлекетимиздиң регионаллық технологиялық орай
сыпатындағы орнын беккемлемекте.
Президентимиздиң
Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайы негизинде ТҮРКСАЙ ҳәм Түркий академия
менен биргеликте тарийхый-мәдений дәреклерди бирден-бир үлкен мағлыўматлар
платформасына топлаў усынысы да әйне усы мақсетке хызмет етеди. Бул жойбар
әмелге асса, түркий халықлардың илимий, әдебий ҳәм мәдений мийрасы санлы түрде
бирден-бир интеллектуаллық экосистемаға айланыўы мүмкин.
Санлы
экономика инфраструктура ямаса серверлер менен емес, тәжирийбели кадрлар менен
қурылады. Усы көзқарастан, кадрлар таярлаў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың
орайлық бағдарларынан бирине айланбақта. 2026/2027-оқыў жылынан баслап жасалма
интеллект ҳәм МТ тараўы бойынша мәмлекетлик грантлар 35 процентке арттырылыўы
режелестирилген. "Жаңа Өзбекстан" университети негизинде жасалма
интеллект кластерин шөлкемлестириў, тараў тренерлерин таярлаў ҳәм санлы тараўда
1 миллион қәниге жетистириў ўазыйпасы қойылған.
Президентимиз
саммитте "Жасалма интеллекттиң 5 миллион жетекшиси" бағдарламасына да
айрықша тоқтап өтти. Ҳәзирге шекем бул жойбар арқалы 1 миллионнан аслам жас
басланғыш көнликпеге ийе болды. Бул сан Өзбекстанның тек ғана технология импорт
етиўши емес, ал санлы экономика ушын инсан капиталын таярлайтуғын мәмлекетке
айланыўға умтылып атырғанын аңлатады.
Мәмлекетимиз
басшысының жаслардың стартаплары ҳәм инновациялық қолланбаларын қаржыландырыў
ушын Қазақстан менен қоспа венчур фонды дүзилип атырғаны ҳаққындағы мағлыўматы
да үлкен әҳмийетке ийе. Бул процесс регионда технологиялық капитал базарын
қәлиплестириў ушын әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин.
Санлы
экономика қаншелли кеңейсе, киберқәўиплер де соншелли қурамаласады. Соның ушын
бирден-бир киберқәўипсизлик стандартлары, жедел мәлимлеме алмасыў механизмлери
ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў бойынша муўапықластырылған сиясат зәрүр.
Президентимиз саммитте Киберқәўипсизлик ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў
бойынша Түркий альянс дүзиў басламасын алға қойды. Бул басламаның әҳмийети жүдә
үлкен. Себеби бүгин киберқәўипсизлик мәселеси тек ғана техникалық машқала емес.
Ол миллий қәўипсизлик, экономикалық турақлылық ҳәм мәмлекет суверенитети менен
тиккелей байланыслы. Бүгин дүньяда киберҳүжимлер энергетика системалары, банк
инфраструктурасы, транспорт тармақлары ҳәм мәмлекетлик мағлыўматлар базаларына
қарсы қаратылмақта. Бундай шараятта түркий мәмлекетлердиң бөлек-бөлек ҳәрекет
етиўи жетерли болмайды. Бирден-бир санлы қәўипсизлик мәканын қәлиплестириў
стратегиялық зәрүрликке айланбақта.
Саммит
шеңберинде додаланған әҳмийетли басламалардан бири OTS-SAT илимий-билимлендириў
жасалма жолдасы жойбары болды. Ол түркий мәмлекетлердиң космослық технологиялар
тараўында бирге ислесиў имканияты кеңейип атырғанын көрсетеди.
Заманагөй
санлы экономика тек ғана программалық тәмийнат ямаса интернет хызметлери менен
шекленбейди. Космослық инфраструктура, жасалма жолдас технологиялары ҳәм үлкен
мағлыўматлар системасы да санлы суверенитеттиң әҳмийетли бөлеги. Бул тараўда
бирге ислесиў түркий мәмлекетлерге аграр мониторинг, климат бақлаўы, логистика
ҳәм қәўипсизлик тараўларында жаңа имканиятлар ашыўы мүмкин.
Түркстан
саммитиниң рәсмий емес форматта өткерилгени де итибарға ылайық. Бундай формат
мәмлекет басшыларына қатаң дипломатиялық протоколлардан жырақ ҳалда
стратегиялық мәселелерди додалаў имканиятын береди. Көпшилик жағдайларда әйне
рәсмий емес саммитлерде кейин ала ири сиясий ҳәм экономикалық қарарларға тийкар
болатуғын идеялар қәлиплеседи. Усы мәнисте, Түркстан саммити ТМШның жаңа
раўажланыў басқышына өтип атырғанын көрсетти.
Президентимиз
Түркстан декларациясы "Түркий дүнья нәзери - 2040" концепциясында
белгиленген мақсетлерге ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынын атап өтти.
Бул декларацияның ҳақыйқый әҳмийети болса әмелий механизмлер, биргеликтеги
инвестициялар ҳәм институционаллық реформалар менен белгиленеди.
Мәмлекетимиз
басшысы алға қойған "Санлы түркий коридор", Киберқәўипсизлик альянсы,
улыўма "үлкен мағлыўматлар" платформасы, жаслардың стартапларын
қоллап-қуўатлаў ҳәм климатты мониторинг етиў системасы сыяқлы басламалар мине
усы мақсетке хызмет етеди.
Ең әҳмийетлиси, түркий мәмлекетлер
санлы келешекти сыртқы технологиялар импорты арқалы емес, ал улыўма стратегия,
интеллектуаллық бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги инновациялар тийкарында қурыўға
умтылып атырғанын көрсетти. Бул болса Түркстан саммитиниң ҳақыйқый тарийхый әҳмийетин
белгилейди. Себеби XXI әсирде бәсеки енди тек аймақлар ямаса ресурслар ушын
емес, ал интеллект, мағлыўмат ҳәм технологиялар ушын болып атыр. Түркий дүнья
болса бул жаңа бәсекиде өз ҳаўазы, өз стратегиясы ҳәм өзиниң санлы
цивилизациялық мәканын қәлиплестириўге ҳәрекет етпекте.
Ойбек ҚЎШБОҚОВ,
Парламент изертлеўлери институты бөлим баслығы