Транспорт инфраструктурасының сапасы оның дүнья көлеминдеги бәсекиге шыдамлылық дәрежесин, сапалы хызмет көрсетиў көлеминиң кеңейиўи болса жәмийеттиң қаншелли раўажланып атырғанын көрсетеди. Транспорт тармақлары арасында пуқаралық авиациясының айрықша орны бар.
Бул тараў саўда-сатық, туризм, бизнес, илимий-изертлеў алып барыў сыяқлы бағдарларды жедел раўажландырыўға да үлкен жәрдем көрсететуғын тийкарғы тармақлардан бири болып есапланады. Тәртипли, ақылға уғрас жолға қойылған ҳаўа жоллары хызмети болса бир ўақыттың өзинде мәмлекеттиң экономикасы, сиясаты, социаллық турмыстың турақлылығын сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Дәслепки қәдемлер
Пуқаралық авиация тарийхын толық баян етпекши емеспиз. Бирақ айырым мағлыўматларды келтирип өтиў тараў ҳаққындағы көзқарасымызды және де байытады, деп ойлаймыз.
Елимиз аймағында пуқаралық авиациясы тарийхы 1924-жылдан басланған. Биринши пуқаралық рейси Ташкент - Бишкек - Алматы жөнелисинде әмелге асырылған. 1927-жылы болса Ташкент - Қабул жөнелисиндеги биринши халықаралық пәрўаз шөлкемлестирилген. 1958-жылы Ташкент аэропорты халықаралық аэропорт статусына ийе болды.
Усы күнге шекем басып өтилген бир әсирлик жол аз ўақыт емес, әлбетте. Ол дүзим, заман, бар шараят, имканиятларға қарай бир тегис раўажланбаған. Өткен дәўир даўамында тараўда тарийх бетлерине мөрленген көплеген ўақыялар болып өткени, өзгерислер әмелге асырылғаны тәбийғый жағдай. Бирақ пүткил дүнья мәмлекетлери арасындағы ҳаўа жоллары бир-бири менен тығыз тутасып баратырғаны пуқаралық авиациямызда үлкен реформаларды талап етпекте.
Өткен ўақыт даўамында тараўдың раўажланыў басқышларын бийкарламастан, ғәрезсизлик жылларында басланған миллий авиация жумысы өзгеше сынақ, үлкен унамлы өзгерислер дәўири болды. Соның ишинде, мәмлекет аэропортларын ҳәм транспорт инфраструктурасын қайта тиклеў мақсетинде 1992-жылы "Өзбекстан ҳаўа жоллары" миллий авиакомпаниясы шөлкемлестирилди.
Кейин ала болса "Өзбекстан ҳаўа жоллары" миллий авиакомпаниясы дирекциясы", сондай-ақ, "Ушыўшылар комплекси", "Ҳаво байланыслары бас агентлиги" ҳәм "Өзавиатехтәмийнат" материаллық-техникалық тәмийинлеў комплекси" мәмлекетлик унитар кәрханалары негизинде "Uzbekistan Airways" акционерлик жәмийети шөлкемлестирилген ҳәм ҳәзирги ўақытта усы атама менен жумыс алып барып келмекте.
Ҳәр қандай тараўда дәслепки қәдемлер аңсат болмайды. Миллий авиакомпания жумысының дәслепки басқышында пуқаралық авиацияны модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм өткен дәўир даўамында табыслы әмелге асырылып келинбекте. Усындай ўазыйпалардан бири пуқаралық авиацияда пәрўазлар бойынша жаңа жөнелислерди көбейтиўге айрықша итибар қаратылды ҳәм бул жедел пәтлер менен даўам етпекте.
2018-жыл 27-ноябрьде мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан Республикасының пуқаралық авиациясын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилген. Онда тараўдағы басқарыўдың заманагөй түрлери менен усылларын жедел енгизиў, тармақтағы кәрханаларды дүнья трендлери, стандартларына муўапық структуралық өзгертиў, авиа қатнаўлар базарында бәсекини раўажландырыў, инвестиция тартыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында мәмлекетимиздиң глобал транспорт-логистика тармақларына интеграциясын тереңлестириў ҳәм миллий транспорт системасының потенциалын арттырыў белгиленген. Усы мақсет шеңберинде миллий транспорт системасын раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыў есабынан мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеў, соның ишинде, авиақатнаўлардың санын 15 процентке арттырыўды нәзерде тутыў ўазыйпасы қойылған, жолаўшы ҳәм жүк тасыў хызметлериниң көлемин 10 процентке арттырыў нәзерде тутылған.
Авиақатнаўлар санын 4 есеге арттырыў, нәтийжелилиги төмен болған аймақлық аэропортларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм исенимли басқарыўға бериў көрсетип өтилген. Республиканың 6 ири аэропортын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм жеке меншик авиакомпаниялардың санын 10 ға жеткериў режеси атап өтилген. Мақтаныш пенен айтыў мүмкин, бул режелерди әмелге асырыў тек ғана қағазда қалып атырған жоқ.
Өткен жыллар даўамында елимиз аймағындағы аэропортларды модернизациялаў бойынша жумыслар сезилерли дәрежеде артты. Анық сан ҳәм фактлер менен айтатуғын болсақ, Самарқанд, Термиз, Үргенш, Шаҳрисабз, Мойнақ, Қоқанд ҳәм Замин аэропортлары жаңаланды. Бир қатар қалаларымызда да модернизация процесслери даўам етпекте.
***
2025-жылдың 15-16-апрель күнлери Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары шеңберинде бир қатар инфраструктуралық, санаат, транспорт ҳәм социаллық жойбарлар таныстырылып, аймақтың раўажланыўын белгилеп бериўге қаратылған әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Әндижан халықаралық аэропортының қайта иске қосылғаны болса әҳмийетли жаңалық сыпатында баҳаланды, бул "пәлен объект қурылды" сыяқлы әпиўайы мағлыўмат емес.
Негизинде бул аэропорт 1978-жылы қурылған болып, жедел заман талапларына жуўап бермей қалған еди. Ушыў-қоныў жолының жүк көтериў қәбилети төменлиги, заманагөй жақтыландырыў системасының жоқлығы себепли қатнаўларды қабыл етиў имканиятлары шекленген. Бүгинги күнде реконструкция жумысларының биринши басқышы жуўмақланды. Узынлығы 3 300 метр, кеңлиги 60 метр болған жаңа ушыў-қоныў жолы, жүриў жолы ҳәм самолётлар туратуғын орын қурылды. Дренаж системасы жаңаланып, жер асты суўы қашырылды. Сондай-ақ, бул жерде екинши жүриў жолының қурылысы даўам еттирилип, IKAО CАТ-II категориясындағы радар, метеорология ҳәм жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.
Нәтийжеде "Boeing", "Airbus" маркалы ири самолётларды қолайсыз ҳаўа-райы шараятында ҳәм түнги ўақытларда да қабыл етиў мүмкиншилиги болады. Бул күнлик пәрўазлар санын 10 есеге шекем арттырыў имканиятын береди. Ҳәзир екинши басқышта жолаўшы терминалын жаңадан қурыў нәзерде тутылған. Себеби, бул арқалы жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўатлылығы саатына бурынғы 300 ден 1000 ға, пәрўазлар саны жылына 584 тен 3 700 ге артады. Атап айтқанда, Әндижан қаласы ҳәм Ферғана ойпатлығына қатнаўлар санын сезилерли дәрежеде көбейтиў мүмкин болады.
Транспорт, әсиресе, пуқаралық авиацияға турақлы итибар қаратылып атырғанына және бир дәлил сыпатында төмендеги ўақыяны келтирип өтсек.
Усы жылдың 1-май күни мәмлекетимиз басшысының аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, жаңа перспективалы режелерди белгилеў мақсетинде Хорезм ўәлаятына сапары шеңберинде де Үргенш аэропортын модернизациялаў жойбары бойынша есабат берилгени бийкарға емес. Себеби Хорезм әййемги тарийхы ҳәм естеликлери, мәденияты менен келип атырған жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң, исбилерменлердиң санын көбейтип, туризмниң тартымлылығын арттырып атырған аймақ. Бирақ бул бағдардағы машқалалар да жоқ емес. Соның ишинде, саатына 400 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе Үргенш халықаралық аэропорты модернизациялаў ҳәм басқарыў түрин өзгертиўди талап етпекте.
Қубла Кореяның Инчон аэропорты менен шерикликте
Бул бағдардағы жойбардың орынланыўы бойынша мәмлекетимиз басшысына берилген мәлимлемеге бола, 2024-жыл август айында жәрияланған ашық тендер еки басқышта өткерилген ҳәм онда Франция, Қубла Корея, Түркия, Қатар сыяқлы мәмлекетлерден 8 компания қатнасқан. Уйымлараралық тендер комиссиясының қарары менен Корея Республикасының "Incheon International Airport Corporation" компаниясы жеңимпаз деп табылған. Бул компанияның президенти Инчон халықаралық аэропорты сыйымлылығы бойынша дүньяда үшинши орында туратуғынын ҳәм сервис хызмет көрсетиў бойынша да жетекшилерден бири екенин билдирди.
223 миллион долларлық бул жойбарды әмелге асырыў даўамында жаңа ушыў-қоныў жолы, жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў, ICAO талапларына жуўап беретуғын жақтыландырыў-сигнал қурылмаларын орнатыў, арнаўлы техника сатып алыў сыяқлы илажлар режелестирилген.
"Хорезмде көплеген заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм саўда орайларын қурып атырмыз. Келешекте туристлер ағымын 5 миллионға жеткериўди мақсет еткенбиз. Оны аэропорт пенен үнлес қылсақ, өз-ара пайдалы болады, дәрамат көбейеди", деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
***
Ҳәр қандай кәрхана, шөлкем ямаса мәкемениң имканияты, материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы оның раўажланыўындағы тийкарғы факторлар қатарына киреди. Усы мәниде "Uzbekistan Airways" турақлы раўажланыўда болып киятырғанын төмендеги мағлыўматлар да тастыйықлайды.
Миллий авиакомпания пәрўазлары ушын ҳәзирги ўақытта “Airbus A320-200”, “Airbus A320neo”, “Airbus A321neo”, “Boeing 767-300ER”, “Boeing 767-300BCF”, “Boeing 787-8”, “ATR-72”, “ L-410”, “Airbus A330”, “Pilatus PC-24” маркалы онлаған самолётлар хызмет көрсетеди.
Пуқаралық авиацияда ең дәслеп пәрўазлардың қәўипсиз, исенимли, қолайлы болыўына тийкарғы итибар қаратылады. Бүгинги күнде миллий авиакомпаниямыздың ҳаўа лайнерлери дүньяның дерлик барлық континентлерине пәрўазларды жолға қойған.
2024-жылы 6 миллионнан аслам жолаўшы тасылған, рейслер саны 40 мыңнан артқан. Бул 2023-жылдағыдан 25 процент көп дегени. Турақлы ҳәм чартер рейслер арқалы 60 мың тоннадан аслам жүк тасылған. Өткен жылы авиакомпания парки және бес самолётқа көбейди.
- Быйыл компаниямыз жумыс баслағанына отыз үш жыл толды ҳәм бул киши дәўир емес, - дейди "Uzbekistan Airways" АЖ басқарма баслығы Шуҳрат Худойқулов. - Ҳәзир жақын келешекке белгиленген режелер бойынша барлық ўазыйпаларды орынлап болдық, деп айта алмайман. Жумысылармызды және де сапалы дәрежеге алып шығыў бойынша жумысларымыз көп. "Uzbekistan Airways" дүнья бойлап 100 ге шамалас жөнелис арқалы пәрўазларды әмелге асырып келмекте. Өткен жылы 6 миллионнан аслам пуқараны тийисли мәнзиллерине жеткердик. Үлкен имканият ҳәм 37 миллионнан аслам пуқараға ийе елимиз ушын бул аз. Техникалық жақтан жақсы тәмийинленген авиакомпаниямызда маман қәнигелеримиз жетерли. Миллий авиакомпаниямыздың абырайын белгилеп беретуғын биринши гезектеги әҳмийетли тәреплери пуқаралар ушын пәрўаз қәўипсиз, имканы барынша қолайлы ҳәм ықшам шараят деп билемиз. Себеби, жолаўшының мәпи ҳәмме нәрседен үстин турады.
"Маған автомобилден көре самолётты басқарыў аңсатырақ..."
Балалығымызда "Мениң әрманым" ямаса "Ким болсам екен?" темаларында шығарма жаздырғанда сол дәўирдиң оқыўшылары негедур ушыўшы болыўға қызығатуғынын билдиретуғын еди. Бул бәлким ушыўшылық жас әўладта аспандай бәлент сезим, ҳәўес ҳәм жарқын тәсир оятқанында болса керек. Ол ўақытлары авиация, ушыўшылық ҳаққындағы түсиниклеримиз әдеўир әпиўайы ҳәм тар болса да. Тараўдың ўазыйпасын болса адамларды бир мәнзилден екинши мәнзилге тез жеткериўден ибарат деп билетуғын едик.
Пуқаралық авиациясында ҳәр бир хызметкердиң өз орны ҳәм ўазыйпасы әҳмийетли орын тутады. Солай болса да, олардың жумысын ушыўшыларсыз көз алдымызға келтириў қыйын, әлбетте. Бирақ бир ғана арзыў-нийет пенен бул кәсипке ерисип болмайды.
- Ушыўшылықты таңлаўымның себеби, бәринен бурын, ата кәсиби, - дейди ҳаўа кемесиниң маман командири Аҳмаджон Ғуломов. - Жаслығымнан усы кәсипке қызығыўшылық болған. Тийисли жоқары оқыў орнын тамамлап келгеннен кейин, 2015-жылдан жумыс басладым. Дурыс, дәслеп киши самолётларды басқарғанбыз, еки жылдан кейин "Аirbus-320" самолётын басқарыўға өттим. Ҳәзир болса "Аirbus-321" ҳаўа кемесиниң капитаны болып ислеп атырман. Бизиң кәсибимизде биринши ўазыйпа жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўден ибарат. Биринши пәрўазымдағы барлық процесс... Үйренбеген адам ушын бул түсиниксиз жағдай... Көп ушыўлар тийисли руўхый көнликпе ҳәм тәжирийбе менен пайда болады. Расын айтсам, маған автомобилден көре самолёт басқарыў аңсатырақ, десем дурыс түсиниң. Бул көп тәреплеме жерде, пәрўаз даўамындағы өзине тән таярлыққа байланыслы. Сол себепли биринши мәрте ушып шығатуғын пәрўаз болса, оған айрықша ҳәм қатаң таярлық көриледи.
Бир айда орташа 10-15 пәрўаз болады ҳәм мәнзиллер арасындағы аралыққа қарап бул сан көбирек ямаса аз болыўы да мүмкин. Айырым ўақытлары 5-6 күнге шекем басқа мәмлекетте қалып қоямыз ҳәм ай даўамындағы пәрўазлар саны азайыўы мүмкин. Ушыўшылыққа қызыққан жасларға болса ҳәр тәреплеме - руўхый ҳәм физикалық таярлық, талап дәрежесинде билим алыўына қатты ҳәрекет етиўди мәсләҳәт берген болар едим. Ең әҳмийетлиси, халқымыздың бизге болған жоқары исенимине ерисиў.
Талаплар да оннан кем емес
Көпшилик тийисли жоқары оқыў орнын тамамлағаннан кейин, бирден самолётты басқаратуғын жәмәәт қатарына қосылады, деп ойлайды. Бирақ ҳәр бир пәрўазында көплеген жолаўшылардың қәўипсизлигин мойнына алатуғын бул кәсипке әмелий жақтан кирисип кетиў тез ўақыт ишинде жүз бермейди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, ушыўшы болыў ушын тийисли оқыў орайында басланғыш курсларда оқып-үйрениў еки жыл даўам етеди. Тийкарғы талаплар болса техникалық университетти тамамлаған болыўыңыз, IELTS тестинде кеминде 6 балл алыўыңыз ҳәм әлбетте денсаўлығыңызда машқала болмаўы керек.
Елимиз пуқаралық авиациясы хызметиниң сапасы халықаралық көлемде тән алынбақта, бул тек ғана тараўда хызмет көрсетип атырғанлар емес, усы елде жасап атырған ўатанласларымыздың кеўлинде мақтаныш сезимин оятыўы тәбийғый. Соның ишинде, Бухара аэропорты бир неше мәрте "ҒМДА мәмлекетлериндеги ең жақсы аэропорт", "Динамикалық раўажланып атырған аэропорт" сыпатында баҳаланғаны, сондай-ақ, миллий авиакомпаниямыз самолётлары пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги жетискенликлери, белгиленген кестеден аўыспай ислеўи, пунктуаллығы менен де сырт елли кәсиплеслер тәрепинен мүнәсип тән алынып келинбекте.
Бундай жетискенликлер есап ямаса артықша мақтаў емес, ал пуқаралық авиациямыз заман талабына сай избе-из унамлы өзгерислерге ушырағанынан дәрек береди.
***
Миллий авиакомпанияның пәрўазларды басқарыў орайының толық жетилистирилгени пуқаралық авиациямызға болған исенимди және де арттырады. Орай ҳәзир алдынғы мәмлекетлердиң авиакомпанияларында пайдаланылатуғын ең соңғы техникалық үскенелер менен тәмийинленген. Соның ишинде, үлкен экранда қайсы самолёт қайсы мәнзилден қайсы қалаға, қандай бийикликте ушып баратырғаны, жолаўшылар ҳәм басқа да ең керекли мағлыўматлар онлайн тәризде, өзине тән жөнелисли карта менен көрсетип барылады. Бул болса пәрўаз қәўипсизлигин тәмийинлеў дәрежесин және де арттырады.
Әлбетте, бул тараўдағы реформалар мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўы, авиакомпания жумысының нәтийжелилигин арттырыў, оның бәсекиге шыдамлылығын, пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў көзқарасынан оғада үлкен әҳмийетке ийе. Демек, тынышлық мақсетлерине хызмет етип атырған пуқаралық авиациясын раўажланыўдың жаңа басқышлары күтпекте.
Рустам БОЙТЎРА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы