Өзине тоқ қоңсымыз желим ыдысларды шығындыханаға алып шығып атырғанымызды көрип, "усыларды таслап жибермей, ҳәр сапары бизге бериң", деди. Негизинде абаданластырыў хызметкерлери де желим ыдысларды бурынғыдай шығындыға таслап жибермей, өз алдына ажыратып алатуғын болған. Бирақ, қоңсыға керек екен, басқәға берип не қыламыз. Қалаберди, қоңсымыз желим ыдыслар, қатты, қалың қағазлардан сулыў буйымлар ислейди екен.

Усы ўақытқа шекем әпиўайы баклажкадан әжайып гүллер, гүл түбек, қәлем салғыш сыяқлы буйымлар жасайтуғынларды еситкенбиз, көргенбиз. Бирақ, аңсат ғана майысып кететуғын бундай ыдыслардан саўлатлы тарийхый естеликлеримиздиң макети исленип атырғанына не дейсиз? Ким ушын бул да жаңалық емес шығар. Бирақ, биз Самарқандтың Нарпайындағы 1-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде көрген әжайып қол мийнети үлгилериниң авторы ким екенлиги менен қызықсындық. Бақша баслығы Манзара апа Ниёзова бул макетлерди пенсияға шыққан тәрбияшылардан бири таярлап берип атырғанын айтты. Көз бенен көрсеңиз, "қайыл-әй" дейтуғыныңыз анық. Қалайда бир мәртелик баклашкаларды шығындыға таслап, тәбиятқа зыян келтиргеннен көре, мине усындай буйымларға айландырып пайдаланған жақсы-дә! Қалаўын тапсаң қар да жанады, дегениндей, буның ушын шеберлик керек.

Устаз журналист Аҳмаджон Мелибоев Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Эркин Воҳидовты еслеп, қайсыдур ўәлаят басшыларының бири менен болған ўақыяны айтып берген еди. Ўәлаят басшысы шайырымызға: "Қойып берсеңиз, бул қолы гүл халқымыз нелерди ойлап таппайды-әй", дейди таңланып. Сөзди илип алатуғын шайырымыз, былай жуўап қайтарады: "Бир қойып бермейсиз бе?"

Сол сыяқлы нарпайлы баслық апа да Илина сыяқлы тәрбияшыларға бар шеберлигин иске қосыў ушын имканият жаратып берген. Бундай еркин дөретиўшилик орталығында және көплеген әжайып буйымлар жаратылыўы ҳеш гәп емес. Жаралғанында да оларды сондай үгит-нәсиятлаўымыз керек болады, ҳеш ким желим ыдысларды дус келген жерге ылақтырып ямаса шығындыға таслап жибермеўи керек. Усы ҳаққында ойлап турып, қәнекей, барлық мәҳәллелерде креатив пикирлеп, экологияға да, турмысқа да пайда келтиретуғын өнимлер жарататуғын исбилерменлер болса, үгит-нәсиятлаўға орын да қалмайды.

Мәселен, Зәңгиата районының Түркстан мәҳәллесинде жасап атырған Назар Интимаков сыяқлы излениўшең инсанлар көбейсе, қоршаған орталыққа да жақсы пайда келтиреди. Себеби, қаҳарманымыз әкеси ҳәм аға-инилери менен бирге машиналардан шыққан жарамсыз шиналардан көз қуўандыратуғын буйымлар ислеп атырғанына 10 жылдан аслам ўақыт болды.

Мектепте музыка пәнинен сабақ берген жас исбилермен дәслеп балалар бақшасына гипстен ҳәр қыйлы көринистеги ҳайўанлар, ләйлеклер таярлаған. Бирақ, бундай өнимлерди алыс аймақларға жибериў қыйын болғаны ушын креативлеў шийки зат - шығынды шинадан ислеўге қарар етеди. Бул бағдарда оған интернет бийминнет устаз болды. Әсиресе, Бразилия, Россияның тәжирийбеси күшли екенин айтады ол. Бирақ, сырт еллилер жаратып атырған өнимлер анық нусқалап алынбайды. Өзимиздиң қәдириятларымызға, миллийлигимизге сай болады. Тақыя кийген өзбек қызларынан тартып мультфильм қаҳарманларына шекем балаларға унайтуғын 50 ден аслам түрли үлги жаратылмақта. Гөнерген баклажкалар, шинадан исленген гүл түбеклерде "өсип", пүткиллей ашылған гүлге айланади. Улыўма алғанда, өнимлердиң дизайнына тийкарынан миллий мәнаўиятымыз, көзқарасларымыздан келип шығып қатнас жасалады.

Сондай-ақ, мектеплерде жол ҳәрекети сабағы ушын керек болатуғын буйымлар, танклар да таярланады. Бир танк ушын 15 тен көбирек шина керек. Себеби, танклердиң ишки бөлимлери де толық шинадан исленеди. Бул болса пайдаланыўшылар ушын қолайлық, жумсақлықты тәмийинлейди.

- Ҳәр қандай жаңа жумыс, бизнес бирден раўажланып кетпейди. Бизиң жумысларымыз да дәслеп онша уксамады. Ўақыт өтиўи менен процесстиң өзи сизди шынықтырып, жумыстың шеберине айландырып барады екен. Ҳәзир жумысымызды жақсы билемиз. Әкем художник болғаны ушын бояў ислеринде мәсләҳәт береди, безеў жумысларын тийкарынан өзи ислейди. Биз майдалаў элементлерди сызыў ҳәм бояўда жәрдем беремиз. Бир саатта, 2-3 күнде таяр болатуғын буйымлар бар. Олардың түрин және де кеңейтиў ушын жаңадан-жаңа идеялар үстинде изленемиз. Ең арзан өнимимиздиң баҳасы 100 мың сумнан жоқары. Ең қымбаты 600 мың сумға шекем. 120 мың сумлық өнимнен 30 мың сумлық пайда қалады. Тийкарынан бақшалар, мектеплерден буйыртпалар болады. Көп қабатлы турақ жайлардың балалар майданшалары ушын да сорап турады. Оларға өнимлеримизди сая түсетуғын жерге орнатыўды усыныс етемиз. Себеби олар тиккелей қуяш нурының астында қалса, сапасы өзгериўи мүмкин. Гүллер, тереклер арасына орнатылса, 5 жылға шекем турады. Соның ушын ба, жеткерип бериў қыйынлаў болса да, республика бойлап буйыртпалар болып турады, - деди исбилермен.

Шығындының орнындағы зат болса, шийки зат дерлик бийпул екен-дә, дейсиз. Дурыс, гейде бийпул беретуғынлар да табылады. Бирақ үлкен көлемдеги өним таярлаў ушын бир-еки шина ҳеш нәрсе болмайды. Назар Интимаков ҳәўлисинде тақланып жатырған шийки затты шина жамайтуғын дүканлардан сатып алады. Итибарлысы, дерлик ҳеш бир өним шығындыға шықпайды. Ҳәтте бояўлардан босаған ыдыслар да ойыншық машина, мотоцикллердиң жақтыландырыўшы шырақларын таярлаўга жумсалады. Шығынды орнына есапланса да, резина шиналар шығындыханаларға тасланбайды. Буннан экологияға үлкен зыяны тийеди.

Усы жерде айтыў керек, интернет мағлыўматларына бола, Европаның көпшилик мәмлекетлери мүддети өткен шиналарды шығындыға таслаў қадаған етилген. Европа Аўқамы оларды қайта ислеўге бағдарлаўы артынан ҳәр жылы 500 мың тоннаға шамалас пайдаланылған шиналар жаңа өнимге айланады. Бирақ көплеген мәмлекетлерде ескирген резина шиналар машқаласы сапластырылмаған.

Темаға байланыслы болғаны ушын америкалы Эд Филбин ҳаққында да еки сөз айтайық. Мағлыўматларға қарағанда, ол үлкен қаржы алып келиўи нийетинде 30 жылда дерлик 42 миллион шина жыйнаған. Бирақ оларды сақлаўдан өзи ойлағандай пайда болмайтуғынын билген соң, ҳәммесин көтере сатыўға қарар етеди. Шиналарды сатып алған жеке меншик компаниялар олардан электр энергиясын ислеп шығарыўда жанылғы орнында пайдаланады. Жергиликли ҳүкимет болса жанып атырған резиналар ҳаўаны түтин менен толтырып атырғанынан наразы екенлигин билдиреди. Бирақ, шақмақ түсиўи ақыбетинде миллионлап шиналар бир ай даўамында жанады. Тәбиятқа зыян жетеди. Тәбийий, буннан кейин Эд Филбинниң шина жыйнаў искерлигине рухсат берилмейди. Атап айтқанда, резина, пластмасса буйымлардан шығатуғын зыянлы түтин, жағымсыз ийис адамлардың денсаўлығына унамсыз тәсир етеди.

Ҳәзирги күнлерде Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер ыссыханаларда экологиялық қадағалаў илажларын өткерип атырғаны бийкарға емес. Тексериўлер нәтийжесинде айырым исбилерменлер атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы қураллар, атап айтқанда, шиналардан пайдаланып атырғаны анықланбақта. Оларға тийисли тәртипте жәрийма қолланылып атырғаны да басқалардың жуўмақ шығарыўы мәнисинде мақсетке муўапық. Назар Интимаков сыяқлы исбилерменлерди болса қоллап-қуўатлаў керек. Оның жумысы ҳаққында социаллық тармақларда жайластырылған бир ғана көринис астына жерлеслеримиз жазып қалдырған пикирлерге итибар бериң:

"Шығындыны ақшаға шағып, ақшаны ақшаға урып, шаңарағын абат, адамларды шад етип атырған исбилерменлер көбейсин", "Бул жигитимизге әўмет тилеймиз, атасына рахмет, мәмлекетке ғәрезли болып қалған, жети мүшеси саў инсанларға ибратлы видео болыпты", "Жумыс ислеймен деген жигит-қызларымызға мәмлекетимизде кең имканиятлар жаратылғанына және бир мысал бул, әўметиңизди берсин, иним", "Бәрекелла. Өз көзим менен көрмегенде исенбес едим. Жүдә әжайып".

Бундай пикирлерди узақ даўам еттириў мүмкин. Не дейсиз? Тийкарғы шийки заты бурама шеге, бояў, гөне шийше ҳәм шиналар болған дөретиўшиликке тилеклеслик, руўхый қоллап-қуўатлаў керек пе?

Қалаберди, кимлердур оннан руўхланып, усындай иске қол урмақшы болып атырған шығар. Исбилерменге азғана жер ажыратып берилсе, жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өтип ямаса ЖШЖ шөлкемлестирип, кишигирим устахана қурып алады, жумыс орнын да жаратады.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен гезектеги сөйлесиўинде исбилерменлик пенен шуғылланаман, адамларды жумыс пенен тәмийинлеймен, деген жасларға барлық шараятлар жаратып берилетуғынын айтты. Әсиресе, "Алоқабанк"тиң жаслар банкине айланыўы мақсетке муўапық болды. Банк енди Назар Интимаков сыяқлы өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем жеңиллетилген микроқарыз ажыратады. Енди жеке тәртиптеги исбилермен болып, 20 жасты жумысқа алған жасларға 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит берилиўи миллионлаған жаслар қатарында оны да руўхландырғаны анық. Себеби үйинде өз жумысын және де кеңейтиў ушын имканият жоқ, шараят жетерли емес. Гейде шиналарды тақлаў ушын да орын тар болады. Бул ҳаққында ол мәҳәллениң жаслар жетекшисине айтқан. Өнимлерин ўәлаят ҳәкими де тән алған исбилермен, егер барлық шараят болса, шәкиртлер таярлайды. Бурын тек пайтахтта ғана бар болған қарыйдарлар ҳәзир Қарақалпақстанның шетки аймақларында да пайда болғаны, ҳәтте ҳаяллар бул исти үйрениў тилегин билдирип атырғаны оны ҳәрекетке келтирип қойған.

Жуўапкерлер жас исбилерменниң тилеклери әмелге асыўына жәрдем береди, деп ойлаймыз. Сондай-ақ, жасларға берилип атырған шексиз итибар нәтийжесинде олар исбилерменди ренжиткен бир мәселени де унамлы шешип берсе, мақсетке муўапық болар еди. 2023-жылы қол мийнетлери көргизбесинде қатнасып, 2-орынды ийелеген Назар Интимаков 2 миллион ақшалай сыйлық ушын сертификат алған. Бирақ сыйлықтан елеге шекем дәрек жоқ. Азғана итибар менен бир исбилерменди руўхландырып, және жаңадан-жаңа идеяларға ийтермелеў мүмкин. Әсиресе, қоршаған орталықты қорғаў мәселеси бирлемши болып турған бир ўақытта бул бағдарда өз потенциалын иске қосып, ҳәммеге үлги болып атырғанларға ҳәр қашанғыдан да көбирек жәрдем бериўимиз керек!

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы