баннер
23 Apr 2025
02:11

    Жәрийма баллары 12 баллдан өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

    21 Fevral 2025 1017

    Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан кем болмаўы белгиленди.

    Нызам менен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген қосымшаларға бола, төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:

    Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыўы;

    Бунда:

    Анықланған ҳуқықбузарлықлар исленгени ушын транспорт қуралының басқарыўшысына усы ҳуқықбузарлықларда нәзерде тутылған тийкарғы жаза менен бирге жәрийма баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

    Жәрийма баллары белгиленген ҳуқықбузарлықлардан бири биринши мәрте жүз берген күннен баслап бир жыл даўамында есаплап барылады. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын есапланған жәрийма баллары бир жыл өткенинен кейин транспорт қуралының басқарыўшысынан автоматластырылған тәризде шешиледи.

    Есапланған жәрийма баллары бир жыл даўамында 12 баллдан артқан жағдайда, соңғы исленген ҳуқықбузарлық ушын белгиленген тәртипте қосымша жаза түринде айдаўшы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылады. Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан кем болмаўы белгиленди.

    Қысылған тәбийий газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпасында ислейтуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын;

    Транспорт қуралында адам тасыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын;

    Транспорт қуралларын қуўып өтиў қағыйдаларын бузғанлығы ушын;

    Жол ҳуқықбузарлығы ушын;

    Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң фото-ҳәм (ямаса) видео сүўретин олардың абыройын төменлетиўге алып келетуғын тәризде бузып тарқатқанлығы ушын.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech