Президентимиздиң усы жыл 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен өткерген ушырасыўында да жоқарыдағы мәселе әйне күн тәртибинде болды. Мәмлекетимиз басшысы исбилерменликти қоллап-қуўатлаў стратегиялық жолымыз екенин атап өтип, исбилерменлик қаншелли тез раўажланса, мәмлекетимиз соншелли қүдиретли, халқымыз соншелли абадан жасайтуғынын атап өтти. Киши ҳәм орта бизнесте тез өсип атырған исбилерменлерге жәрдем берип, оларды да тараўда жетик "чемпион"ға айландырыў илажларының жолын ҳәммеге анық етип көрсетип берди.
Ҳақыйқатында да, киши ҳәм орта бизнес раўажланыў жолындағы ҳәр бир мәмлекет экономикасы ушын әҳмийетли буўын бола алады. Онда жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм кәмбағаллықты азайтыў мәселелери тараў беретуғын шешимлердиң тийкарғы бөлегин қурайды. Сондай-ақ, тараўдың экономикалық өсиўге қосатуғын үлеси салмақлы, ол мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң (ЖИӨ) әҳмийетли бөлегин қурайды. Әсиресе, киши ҳәм орта бизнес жаңа идеялар ҳәм технологияларды енгизиўде әҳмийетли роль атқарады, бул болса экономиканың инновациялық раўажланыўын тәмийинлейди.
Демек, исбилерменлик миллий раўажланыўымыздың таянышы екен, жаңа Өзбекстанның исенимли қәдемлерин бүгин әйне киши исбилерменлеримиз басып өтпекте. Кейинги жылларда бул бағдарда ерисилген жетискенликлеримизде олардың үлеси үлкен болды. Олар шын кеўилден ҳәрекет етиў нәтийжесинде дәслеп өзлери "аяққа турған" болса, бүгин 10 миллионнан аслам халық усы бағдарда дәрамат таўып, руўзыгершилик пенен шуғылланбақта. Атап айтқанда, салық жеңилликлериниң белгилениўи, кредит ресурсларына жеңиллетилген кириў, бизнести дизимнен өткериў ҳәм лицензиялаў тәртип-қағыйдаларының әпиўайыластырылыўы, бизнес инкубаторлар ҳәм технопарклердиң шөлкемлестирилиўи сыяқлы көплеген өзгерислер, жеке меншик мүлк ҳуқықын қорғаў, инвестициялық орталықты жақсылаў, базар экономикасы принциплерин енгизиў сыяқлы реформалар тараў ўәкиллерине әҳмийетли қанат болды. Сол себепли, елимизде халықтың исбилерменликке қызығыўшылығы жыл сайын артып бармақта.
Көпшилик жаслар арасында өз бизнесин баслаў тилеги күшли екени қуўанышлы. Олар жаңа идеялар ҳәм инновациялық жойбарлар менен экономиканы раўажландырыўға үлес қосыўға умтылмақта. Бул процессте болса жоқары билимлендириў системасының орны шексиз екенин атап өтиў керек. Онда өз жаңа бизнесин баслап атырған жас кадрларға билим ҳәм көнликпелер бериў, оларды финанслық басқарыў, маркетинг, ҳуқық ҳәм басқа да тараўларға байланыслы зәрүр түсиниклер менен таныстырыў әҳмийетли процесс болып есапланады.
Тараў бойынша илимий изертлеўлерди әмелиятқа енгизиў, тармақлараралық интеграцияны тәмийинлеў, студентлер, қәнигелер ҳәм исбилерменлердиң байланысларын беккемлеў жас исбилерменлерге шериклер ҳәм инвесторлар табыўда жәрдем береди. Бул бағдарда жоқары билимлендириў системасында шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик орайлары ҳәм инкубаторлар оларға зәрүр инфраструктура ҳәм ресурсларды бермекте. Усы мақсетлерди гөзлеген ҳалда, жақында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен Өзбекстанда биринши мәрте "Келешек инженери" республикалық таңлаўы жәрияланды.
Енди ҳүкиметтиң тийисли қарары менен 2024/2025-оқыў жылынан баслап ҳәр жылы инженерлик бағдарлары бойынша "Ең жақсы идея", "Ең жақсы жойбар" ҳәм "Ең жақсы ойлап табыў" республикалық таңлаўлары өткериледи.
Таңлаўға инженерлик тараўының тийкарғы бағдарлары - механикалық инженерлик (механикалық системалар ҳәм үскенелер жаратыў), электр инженерлиги (электр энергиясын ислеп шығарыў, узатыў ҳәм бөлистириў), компьютер инженерлиги (компьютер системалары ҳәм программалық тәмийнатлар жаратыў), қурылыс инженерлиги (қурылмалар, көпирлер ҳәм жоллар қурылысы) және химия инженерлиги (химиялық өндирис процесслери ҳәм затларды қайта ислеў) бойынша жойбарлар тапсырыў талап етиледи.
Таңлаўдың "Ең жақсы идея" бағдары инженерлик тараўында илимий-инновациялық характерге ийе дөретиўшилик идеяларды анықлаў, қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған болып, еле әмелиятқа енгизилмеген, бирақ технология ямаса инженерлик процесслерди жетилистириўге хызмет ететуғын концептуаллық идеялар тийкарында ислеп шығылған прототиплерди усыныў нәзерде тутылған. Таңлаўдың мақсети инновациялық пикирлерди кең жәмийетшиликке жеткериў, жас инженерлер арасында дөретиўшилик қатнасты хошаметлеў ҳәм алдыңғы идеяларды әмелий жойбарларға айландырыў болып есапланады.
Усы жерде Өзбекстанда стартап экосистемасын раўажландырыў ҳәм инновациялық районлар менен ислесиў бойынша тийкарғы көрсеткишлерди таллаўға итибарыңызды қаратсақ.
2017-2024-жыллар аралығында Өзбекстанда стартап экосистемасын раўажландырыў ҳәм инновациялық районлар менен ислесиў бойынша тийкарғы көрсеткишлер сезилерли өзгерислерди көрсетти.
Стартап экосистемасын раўажландырыў ушын 2018-жылы 30 стартап жойбар қаржыландырылған болса, 2024-жылға келип 114 ге жетти. Бул стартап жойбарларға қызығыўшылық ҳәм инвестициялар көлеми артып баратырғанын көрсетеди.
Жойбарлар нәтийжесинде жаратылған инновациялық өнимлер ҳәм хызметлердиң саны 2018-жылы 42 болған болса, 2024-жылға келип 364 ке жетти. Бул стартап жойбарлардың табыслы әмелге асырылып атырғанын ҳәм инновациялық өнимлер базарға кирип атырғанын көрсетеди.
Аймақларда 2022-жылы 25 инновациялық инфраструктура шөлкемлестирилген болса, 2024-жылы 55 ке жетти. Бул аймақларда инновациялық жумыс ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғанының дәлили болып есапланады.
Улыўма алғанда, Өзбекстанда стартап экосистемасы ҳәм инновациялық жумыста унамлы өзгерислер бақланбақта. Мәмлекетимиз тәрепинен стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм аймақларда инновациялық инфраструктураны раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул елимиздиң инновациялық потенциалын арттырыўға ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеўге хызмет етеди.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, экономика көлеминиң ярымынан көби, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте. Усы санлардың өзи-ақ мәмлекетимиз экономикасы ушын киши ҳәм орта бизнестиң қаншелли әҳмийетли екенин айқын көрсетип тур. Мәмлекетимиз басшысының қатаң сиясаты ҳәм бул бағдарды қоллап-қуўатлағаны себепли, соңғы бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге артты.
Быйылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекем кредит бериў басланды. Енди соңғы бир жылда ирилеп, киши ямаса орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соның 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи.
Бизнести қаржыландырыўда альтернатив дәрек сыпатында венчур фондлар ғалаба ен жаймақта. Бес жылда олардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылған. Оны кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик банклер тәрепинен және 3 венчур компания ашылып, 50 миллион долларлық фонд қәлиплестирилди. Сырт елден және 50 миллион доллар тартылады. Бул бизнести баслап атырған исбилерменлер ушын қосымша имканият болады. Ең әҳмийетлиси, бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып келеди.
Президентимиз ҳәр қандай табыслы ири бизнес, бәринен бурын, киши идея ҳәм ҳәрекеттен басланатуғынын атап өтти. Бул пикир өсип киятырған тараў ўәкиллерине үлкен мотивация берди. Қалаберди, мәмлекетимиз табысларында киши бизнестиң әҳмийетин де сәўлелендирди. Яғный киши бизнес ири бизнестиң тийкары. Киши бизнес раўажланса, ири бизнес те раўажланады, демек, мәмлекет раўажланады, ел гүллейди. Әсиресе, базар экономикасында бәсеки орталығы күшейеди, бул болса халқымыз ушын сапалы өним ҳәм хызметлердиң кең ассортиментин тәмийинлейди. Сондай-ақ, экспортқа бағдарланған өнимлер ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў арқалы мәмлекеттиң экспорт потенциалы артады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, киши ҳәм орта бизнес экономиканың инновациялық раўажланыўын тәмийинлеў ушын жаңа технологияларды енгизиўде тийкарғы интакер болып есапланады. Яғный исбилерменлик бағдарында тәжирийбе артып барған сайын бизнес ўәкиллери өз үстинде ислеп, инновациялық жумыс көрсете баслайды. Мәселен, бул бағдарда экономикалық өсиўдиң катализаторы болған жасалма интеллект экономиканың барлық тараўларына кирип келмекте. Ол өндирис процесслерин автоматластырыўы, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўы, қәрежетлерди азайтыўы ҳәм сапаны арттырыўы менен исбилерменлеримизге үлкен қолайлықлар жаратады. Усы жерде экономикаға бундай инновациялар ҳәм санлы технологияларды енгизиў тараўда "үлкен секириў" дәўириниң әҳмийетли шәрти екенин айтыў керек.
Президентимиздиң исбилерменлер менен сөйлесиўи елимизде киши ҳәм орта бизнес тараўының еркин раўажланыўы ушын жаңа перспективаларды белгилеп, олардың келеси жумысында тарийхый бурылыс жасайтуғынына гүман жоқ. Себеби енди исбилерменликке жаңа қәдем қойғанлар ушын "биринши имканият" принципи енгизилмекте. Онда биринши мәрте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген исбилерменге кемшиликти сапластырыў имканияты жаратылады. Соның менен бирге, финанслық аудиттен өтиў миннетлемесиниң әпиўайыластырылғаны, 2028-жылдың 1-январына шекем ҚҚС ҳәм пайда салығы ставкасы арттырылмайтуғыны, киши бизнестеги келеси қәдемлерди белгилеп беретуғын бес жыллық стратегияның ислеп шығылғаны ҳәм жаңа базарларға кириў, стандарт, жаңалықларға оқытыў, бренд жаратыў, стартапларды жүзеге шығарып, көбейтиў ушын киши бизнес ассоциациясының шөлкемлестирилгени, киши бизнес пенен ислесиўге мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси, мәҳәлле банкиринен баслап банклер, бәнтлик министри ҳәм Бас министрдиң орынбасарларына шекем оғада үлкен система мобилизацияланып атырған болып, булардың барлығы исбилерменлеримизди ҳақылы түрде жаңа Өзбекстанның бизнес перспективаларына айландыратуғынына гүман жоқ.
Бундай сөйлесиўлердиң өткерилиўи, халық жетекшисиниң исбилерменлер менен тиккелей ушырасыўы, олардың пикир ҳәм усынысларын дыққат пенен тыңлаўы, машқалаларды шешиўге қаратылған анық тапсырмалар бериўи, тараўға көплеген өзгерислер, басламалар, жеңилликлер енгизилип атырғаны мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосады.
Фазлиддин МУМИНОВ,
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги бөлим баслығы