Жасалма интеллект жедел раўажланыў, санлы суверенитет ҳәм турақлы келешек гиреўи

    XXI әсирде жасалма интеллект ҳәр бир мәмлекеттиң турақлы раўажланыўында айрықша орын ийелемекте. Енди ол нәтийжелиликти арттырыў қуралы болып қалмастан, мәмлекеттиң жәҳән көлеминдеги экономикалық ҳәм сиясий орнын белгилейтуғын стратегиялық ресурсқа айланбақта.

    Бүгинги күнде жасалма интеллект технологиялары санаат, аўыл хожалығынан баслап, экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қәўипсизлик ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларға жедел кирип бармақта.

    Әлбетте, глобал технологиялық раўажланыў дәўиринде бул ең әҳмийетли жаңаланыў. Барлық тараў ҳәм тармақларда модернизация, санлы трансформация процесин әмелде қолланып атырған Өзбекстан ушын жасалма интеллекттен пайдаланыў бул мақсет жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

    Ең әҳмийетлиси, жасалма интеллект мәмлекетлик хызметлерди автоматластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, инсан факторы ҳәм коррупция қәўпин азайтыў имканиятын береди. Бул болса, өз гезегинде, мағлыўматларды таллаўды жеделлестирип, анық ҳәм оператив қарар қабыл етиўде оғада әҳмийетли.

    Атап айтқанда, билимлендириў тараўында жасалма интеллекттиң қолланылыўы тараўға индивидуал қатнасты қәлиплестирип, ҳәр бир оқыўшы ушын өз алдына оқыў бағдарын белгилеў имканиятын береди. Себеби, жасалма интеллект билимдеги бослықларды анықлаў, мийнет базарында талап жоқары болған көнликпелерди таллаў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша бейимлесиўшең бағдарламалар жаратыўда жәрдем береди.

    Денсаўлықты сақлаў тараўы да пүткиллей жаңа имканиятларға ийе болмақта. Айырым алгоритмлер арқалы ислейтуғын технологиялар әллеқашан кеселликлерди анықлаў, диагнозлаў ҳәм емлеўде кеңнен пайдаланып келинбекте. Бул сапалы ҳәм оператив медициналық хызметти усыныў имканиятын бермекте.

    Мәмлекетимиз ушын әҳмийетли болған аўыл хожалығы тараўы да жасалма интеллекттен жақсы пайда көрмекте. Дийқаншылықтың анық системалары, өнимдарлықтың прогнозы, жер ҳәм өсимликлер жағдайын дрон ҳәм жасалма жолдаслар арқалы бақлаў - булардың барлығы ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм аўыл хожалығының климат өзгериўине бейимлесиўин күшейтиўге хызмет етеди.

    Ең әҳмийетлиси, жасалма интеллект технологиялары экономика ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына қосымша пәт бағышламақта. Атап айтқанда, бизнесте жаңа бағдарлар ашпақта. Стартап жойбарларды ислеп шығыў, кәрханаларда санлы трансформацияны жеделлестириў имканиятын бермекте. Бул, өз гезегинде, инвестицияларды тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жоқары технологиялар тийкарында экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етпекте.

    Жасалма интеллектти енгизиў комплексли қатнасты талап етеди. Айтайық, маман кадрлар таярлаў, илим ҳәм инновацияларға инвестиция киргизиў, ҳуқықый нормаларды ислеп шығыў усылардың қатарына киреди. Әлбетте, бул адамларға технологиялардан қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди. Тараўды раўажландырыў ҳәм енгизиў ушын шараят қаншелли ерте жаратылса, мәмлекеттиң глобал технология майданында белсенди қатнасыўшыға айланыў имканияты да соншелли жоқары болады. Сонлықтан, бул тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға мәмлекетимиз басшысы айрықша итибар қаратпақта.

    Санлы технологиялар, атап айтқанда, жасалма интеллект ҳәм тараўында "үлкен секириў"ди әмелге асырыў ушын беккем тийкар керек. Яғный санлы трансформация ушын зәрүр шараят жаратыў системалы ҳәм узақ мүддетли процесс. Бул процесстиң тийкары мәмлекетимизде басқышпа-басқыш қурылды. Мәмлекетлик басқарыў, инфраструктура ҳәм инсан капиталы дәрежесинде анық қәдемлер қойылды.

    Өзбекстанда санлы трансформация процесин мәмлекет дәрежесинде муўапықластырыў ҳәм жеделлестириў мақсетинде Санлы технологиялар министрлиги шөлкемлестирилди. Нызамшылық базасы жетилистирилип, мағлыўматлар менен ислесиў, санлы идентификация, жасалма интеллекттен пайдаланыў ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаўды тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылды.

    Атап айтқанда, өткен жылы Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди ҳәм Санлы технологиялар министрлиги жанында арнаўлы орай шөлкемлестирилди. Және бир әҳмийетли ҳүжжет - "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясында экономика, мәлимлеме технологиялары инфраструктурасы ҳәм электрон ҳүкиметти раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди. Бундай басламалар жасалма интеллект ҳәм жаңа санлы шешимлерди турмыстың барлық тараўына енгизиўге қаратылған бир пүтин системаны қәлиплестириў имканиятын берди.

    Нәтийжеде елимизде интернет тармақларынан пайдаланыў имканияты кеңейди. Мағлыўматлар орайлары қурылмақта. Инфраструктура раўажландырылып, технопарклер ҳәм IТ парклер шөлкемлестирилмекте. Бул орынларда стартаплардың раўажланыўы, инвестициялар ҳәм халықаралық технология компанияларын тартыў ушын зәрүр шараят жаратылмақта.

    Тараўда кадрлар таярлаў мәселеси болса айрықша әҳмийетке ийе. Әйне усы бағдар жасалма интеллектти енгизиўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады. Бул бағдарда болса "Бир миллион программист" жойбары мегабасламалардан бири болды. Жойбар халық, әсиресе, жаслар ҳәм технологиялық мағлыўматқа ийе болмаған пуқаралар ушын IТ билимлендириўге кириў имканиятын берди. Онлайн платформалар, курслар ҳәм әмелий бағдарламалар арқалы қатнасыўшылар программаластырыў, мағлыўматлар анализи, жасалма интеллект ҳәм басқа да тараўларда зәрүр билим ҳәм көнликпеге ийе болмақта.

    Елимизде бул тармақтың раўажланыўы ушын үлкен ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мектеплер жанында заманагөй билимлендириў орайлары, арнаўлы мәлимлеме технологиялары класслары ашылмақта. Онда оқыўшылар мектеп жасынан-ақ санлы технологиялар ҳәм логикалық, креатив пикирлеў тийкарларын үйренбекте.

    Мәмлекетимиздиң IТ тараўында да халықаралық бирге ислесиў жедел пәтлерде раўажланбақта. Соның ишинде, Қубла Корея, БАӘ, Ҳиндстан, АҚШ ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери менен бирге ислесиў арқалы сырт ел тәжирийбеси, технологиялары ҳәм инвестициялары тартылмақта.

    Бул бирге ислесиў жаңа технологияларды өз-ара жедел алмасыў ҳәм мәмлекетте глобаллық бәсекиге шыдамлы IТ орталығын жаратыўда әҳмийетли орынға ийе. Солай екен, жасалма интеллекттиң раўажланыўы ушын пуқта ойланған стратегиялық режелестириў, инфраструктура, билимлендириў ҳәм халықаралық шерикликтен әмелиятқа шекемги барлық тәрепти қамтып алған системалы ҳәм избе-из ҳәрекетлерди әмелге асырыў дәўир талабы болып есапланады. Бул тараўдың раўажланыўы ушын және көплеген жойбар ҳәм бағдарламаларды турмысқа енгизиў мақсет етилген.

    Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 6-октябрь күни елимизде жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў және оларды экономика ҳәм социаллық тараўларға кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысты. Атап өтилгениндей, елимиз жасалма интеллектти енгизиў бойынша халықаралық рейтингте 17 текше жоқарылады. Өзбекстанның 2024-жылы жасалма интеллект тараўында ҳүкимет таярлығы индекси бойынша 70-орынды ийелегени бийкарға емес. Бул индекс халықаралық таллаў орайы - Oxford Insights тәрепинен жәрияланған. Бул индекс бойынша 188 мәмлекеттиң жасалма интеллектти енгизиўге таярлық дәрежеси баҳаланды.

    Қырық көрсеткишке тийкарланған бул рейтинг мәмлекетлик басқарыў, технологиялар және мағлыўматлар ҳәм инфраструктура бағдарларына бөлинген.

    Мәмлекетимиз Қубла ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Ҳиндстан ҳәм Түркиядан кейин 3-орынды ийеледи. Соның менен бирге елимиз Орайлық Азия бойынша биринши орында бармақта.

    - Презентацияда тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары көрип шығылды, - дейди санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов. - Экономика ҳәм социаллық тараўларда жасалма интеллект жойбарларын енгизиў мақсетинде 50 миллион доллар ажыратылған. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, экология ҳәм қаржы тараўларын қамтып алған 86 жойбар қәлиплестирилди. Ҳәзир жасалма интеллектти қолланыў ушын зәрүр есаплаў имканиятларын жаратыў мақсетинде "суперкомпьютер кластери"н шөлкемлестириў жумыслары жедел алып барылмақта. Презентацияда жасалма интеллект тараўында заманагөй есаплаў қуўатлықларын өзимизде жаратыў, мағлыўматлар орайларын қурыў ҳәм оған инвестиция киргизбекши болған исбилерменлер ушын тартымлы орталықты тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Жасалма интеллект жүдә тез раўажланып атырған тараў. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы, биринши гезекте, билимлендириўди күшейтиў, маман кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратты. Бул жумысларды мектеплерден баслаў, информатика муғаллимлерин қайта таярлаў, жаңа әўлад сабақлықларын ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бүгин тараўда кадрлар таярлаўды жеделлестириў мақсетинде көплеген бағдарламалар әмелге асырылмақта. "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" миллий бағдарламасы шеңберинде жаслар ушын aistudy.uz ҳәм omp.aistudy.uz платформалары иске қосылды, оларда жасалма интеллект бойынша 5 бийпул онлайн оқыў бағдарламасы жолға қойылған.

    Бағдарлама шеңберинде 2027-жылға шекем 1 миллион жигит-қыз жасалма интеллект тараўындағы билим ҳәм көнликпелерге ийе болады. Жаслардың перспективалы жойбарларын анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын барлық аймақларда Жасалма интеллект ҳакатоны жолға қойылады.

    Буннан тысқары, жасалма интеллект тараўында жумыс алып барып атырған ең жақсы жоқары билимлендириў мәкемеси таңлаўы өткериледи. 2023-жылдан баслап ҳәр жылы жаслардың мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы стартап жойбарларын және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры есабынан улыўма сыйлық қоры 1 миллион доллар болған Президент сыйлығы ушын таңлаў шөлкемлестирилген еди.

    Енди бул таңлаўдың көлеми және де кеңейтилип, әйне жасалма интеллект бағдарында беллесиўлер өткериў жолға қойылады. Усы бағдарда жақында Нөкис қаласында денсаўлықты сақлаў бойынша “HealthTech AI Hackathon” жарысы табыслы өткерилди. Бул тәжирийбени кеңейтип, билимлендириў, суд системасы, суў хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарларында да өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

    Президентимизге жасалма интеллект технологиялары ушын зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм бул бағдарда орынланыўы зәрүр болған жумыслар таныстырылды. Атап айтқанда, кейинги жылы суперкомпьютер иске қосылыўы режелестирилмекте.

    Қәнигелердиң пикиринше, бул технологияның иске түсирилиўи билимлендириў, энергетика ҳәм ҳәттеки космослық изертлеўлердиң раўажланыўына да күшли түртки береди. Сондай-ақ, тараўда ерисилген жетискенликлерди және де беккемлеў ҳәм қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар басламалар билдирилди. Соның ишинде, жасалма интеллектке тийкарланған ең жақсы өнимлер ушын таңлаўлар өткериў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларына жасалма интеллект бағдарындағы пәнлерди киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Алға қойылған усыныслардан бири Президент сыйлығы ушын жылына еки мәрте медицинадан геология тараўына шекем жасалма интеллект бойынша сыйлық қоры бир миллион АҚШ доллары болған миллий таңлаў өткериў, сондай-ақ, ҳәр бир мәмлекетлик кәрханада жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша әмелий ҳәрекетлер талланып, баҳалап барылады. Бул илажлардың нәтийжелилигин баҳалаўда әҳмийетли өлшемге айланады.

    Өзбекстанда жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын барлық шараятлар бар. Буның ушын соңғы 7-8 жылда анық муўапықластырыўшы вертикал система тийкарында нәтийжели жумыслар басқышпа-басқыш орынланды. Енди жасалма интеллект технологиялары мектеплерден баслап, министрликлер ҳәм уйымлар, экономика тармақларына шекем орынларда жедел ҳәм избе-из түрде енгизилиўи керек. Бул барлық системаларды қамтып алатуғын жаңа дәўирдиң басланыўы болады.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates