«Жасыл» белбеўлерды бүгин жаратыўымыз керек, ертең кеш болады

    Жер жүзинде халықтың көбейиўи бир қатар демографиялық машқалаларды келтирип шығарды, атап айтқанда, глобал ысыўға алып келди. Бүгин дүнья бойлап ҳаўа температурасы 1,5 дәреже көтерилгени бақланбақта.

    Сондай-ақ, қаншадан-қанша өнимдарлы майданлар деградацияға ушырасып, егин егиўге жарамсыз жағдайға келип қалған. Душшы суўдың жетиспеўшилиги пүткил дүнья бойлап сезилмекте, топырақ шорланбақта. Халық азық-аўқат жетиспеўшилигине дус келмекте. Музлықлар ерип, жер асты қазылма байлықлары, энергия дәреклери күн сайын азайып, айырымлары тамамланып баратырғаны да ҳақыйқат.

    Соның ушын, бүгин дүньяда шөллерди жасылластырыў жойбары үстинде исленбекте. Топырақтың шөллениўи, деградацияға ушыраўының алдын алыў ушын шөллерге терек егилип атыр. Мәселен, Қытай өз аймағындағы Такламакон шөлин жасылға айландырыў бойынша үлкен жумысларды баслады. Үш мың километр узынлықтағы майданға 30 миллион түптен аслам терек егилди ҳәм Синьцзян қаласының арқа-шығыс аймағында жасыл аймақ жаратылмақта. Бул жер Гималай таўларына жақын болғаны ушын шөлде қыста температура 26 дәрежеге шекем суўып кетеди. Буннан тысқары, аймаққа Сибирден де қатты суўық кирип келеди. Жазда болса температура 40 дәрежеге шекем ысыйды.

    Шөлдиң жоқарысында мәмлекеттиң батыс бөлимин суў менен тәмийинлеўши 10 үлкен музлық жайласқан. Егер жасыл аймақ жаратылмаса, музлықлар ерип, Батыс Қытай суўсыз қалыўы мүмкин. Бул музлықларды сақлап қалыў ушын шөл жасыллық пенен қапланбақта.

    Тереклер ямаса жасыллық бар жерде салқын микроықлым пайда болады, кислород көбейеди. Зәҳәрли затлар азаяды. Музлықлардың ериўиниң алдын алыў ҳәм темир жол өткен инфраструктураны сақлап қалыў ушын қытайлылар бул жерде қамыс ҳәм басқа қурғақшылыққа шыдамлы тереклерди егип тәрбияламақта. Қамыстың попук тамыры үлкен көлемде болып, әтирапындағы көшпели қум ҳәм дузын услап қалады.

    Қытай Такламакон шөлинде тек ғана терек егип жасыл аймақ жаратыў менен шекленбестен, қум барханы көшиўи тоқтаған жерлерде қуяш панеллерин орнатып, үлкен муғдарда электр энергиясын да алмақта. Темир жолды қум барханынан қорғаў ушын жол бойлап 4-5 қатар тереклер егилди ҳәм оларды суўғарыў ушын жер астынан суў алып, тамшылатып суўғарыў системасы иске қосылды. Енди жасыл полосаларда қамыс, акация, торанғыл тереклерин егиўге киристи.

    Саудия Арабстаны да аймағындағы үлкен шөлди жасыллыққа ораўға бел байлаған. Мәмлекет жойбар тийкарында 2030-жылға шекем 400 миллион түп терек егип, аймаққа Африканың арқа ҳәм батыс аймағынан тез-тез көшип келетуғын қум барханы жолын тосыўды мақсет еткен. Бул аймақта 60 процент халық суў жетиспеўшилигинен қыйналмақта. Соған қарамастан, 30 процент майданды тәбийий қорықханаға айландырмақшы. Келешекте 50 миллиард түп терек егиўди мақсет еткен. Ҳәзир 40 миллион гектар майданды терек егиўге таярлаў бойынша реже тийкарында жумыслар даўам етпекте. Кейин ала 200 миллион гектар майданды деградациядан шығарып, егин егиўге жарамлы жағдайға келтириў жойбары дүзилген.

    Буннан тысқары, саудиялылар аз болса да жаўын суўын топлаўды жолға қойған. Олар бул жумыс пенен бурыннан шуғылланып келеди. Буның ушын ярым ай формасындағы үлкен майданда терең қазылады ҳәм жаўын суўы усы тереңликке топланады. Шуқырдың әтирапына тереклер егиледи. Тереклердиң тамыры мине усы ығаллықта раўажланады. Сондай-ақ, саудиялылар жер астынан суў алып, тереклерди тамшылатып суўғартпақта. Мәмлекетте жыллық жаўын-шашын муғдары тек ғана 100 миллиметр. Солай болса да, мине усы аз ғана жаўын суўын топлап, пайдаланады.

    Нигерия ҳәм және бир неше мәмлекет биргеликте Африка материгин екиге бөлип, "жасыл дийўал" жойбарын иске қоспақта. Жойбар қатнасыўшылары тек ғана тереклер емес, қурғақшылыққа шыдамлы жүўери, күнжи, тары сыяқлы егинлерди де егип атыр. Суў топланатуғын ойпатлар әтирапында жасыл өсимликлер, ҳәр түрли бир жыллық ҳәм көп жыллық шөплер тәбийий түрде өсе баслайды. Әсте-ақырын ҳайўанлар ҳәм қуслар ушын азықлық дереги пайда болады. Улыўма етип айтқанда, бүгин көплеген орынларда жаўын суўын топлайтуғын қурылмаларды иске қосыў жумысларына кең итибар берилмекте ҳәм ол жерлерде егиў ушын тереклер, путалар, көп жыллық ҳәм бир жыллық егин түрлери таңлап алынбақта.

    Шөллерде тоғайлар пайда етиў есабынан атмосферада кислород көбейеди. Ықлым өзгереди, жумсақласады, далалардың көриниси жақсыланады. Егилген терек ҳәм путалардың тамыры, өзиниң әтирапында болған қум, дузды көшиўден сақлайды ҳәм беккемлейди. Тереклердиң денеси ҳәм тамырлары жердиң үстинги бөлимин беккемлейди, эрозияның алдын алады. Терек ҳәм путалар үлкейгеннен кейин шөл самалы пәсейеди. 7-8 жыллық бир түп сексеўил әтирапындағы 4 тонна қумды услап қалыў қәсийетине ийе. Тереклердиң саясында ҳәр қыйлы бир жыллық от-шөплер өседи. Буннан тысқары, сексеўилдиң бир жыллық шақалары төгилип, әсте-ақырын қум органикалық қалдықлар жәрдеминде топыраққа айлана баслайды. Бир түп сексеўил өзинен 0,8 тонна кислород шығарады ҳәм атмосферадан 1,1 тонна карбонат ангидридти өзлестиреди. Демек, сексеўил ямаса басқа тереклерди егиў ҳәм көгертиў ҳаўаны зыянлы газден тазалаўға жәрдем береди.

    Қәнигелердиң атап өтиўинше, Өзбекстанда жаңа тоғайлар жаратыў дүньяның басқа аймақларына қарағанда 2-3 есе арзанға түседи. Бизде бир гектар жаңа тоғай жаратыў ушын 150-200 доллар жумсалса, басқа мәмлекетлерде бул қәрежет 500 долларды қурайды.

    Быйылғы жыл мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп аталған. Хош, быйылғы жылдан қандай үмитимиз бар? Қоршаған орталықты сақлаў ушын не ислеўимиз керек?

    Усы жерде бир ойлап көрейик: бул бағдарда биз не иследик? Ең болмаса бир түп нәл отырғыздық па ямаса отырғызылған бир түп нәлди тәрбиялаўды өз мойнымызға алдық па? Егинлерге қуйылатуғын суўды аз болса да ысырап етпестен суўғарыўдың жаңа усылына өттик пе? Шелекке суў алып машиналарды жуўыўды әдетке айландырдық па? Тилекке қарсы, бүгин бул сораўларға унамлы жуўап бере алмаймыз.

    Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, мәдений егинлер егилген атыз шетлери ҳәм халықтың қыйтақ жерлери, квартиралар ҳәм көп қабатлы жайлар алдында, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жолға қойыў белгилеп берилди. Енди қай жерде бос майдан болса, әлбетте, сол жерге нәл ямаса басқа азықлық егинлерин егиў мүмкин.

    Мәмлекетимизде 4 миллион гектар суўғарылатуғын майдан бар. Оның аймағынан ағып атырған жаплар, салмалар шетинде - ығаллығы жетерли жерде ҳәр қыйлы терек нәллерин егиў имканияты да бар. Мәселен, барлық ўәлаятлық егислик майданының бойында ҳеш нәрсе егилместен, бос жатыр. Усы жерлерден суў ағып өтеди, демек егилген нәллердиң көгерип кетиўине 90-100 процент кепиллик бар. Мине усы бос жерлерге ҳәр қыйлы терек нәллери егилсе, әлбетте, бир күн келип оларды ағаш сыпатында пайдаланыў мүмкин. Буннан тысқары, бул тереклер қоршаған орталық ҳаўасын тазалаўға да хызмет етеди.

    Бундай жерлерге егилетуғын терек ҳәм пута түрлерин экологиялық көзқарастан ойлап режелестириў керек. Себеби айырым тереклердиң шыбын-ширкейлери ҳәм кеселликлери әтирапта өсетуғын мәдений егинлерге зыян тийгизиўи мүмкин. Сондай-ақ, бир неше мың километрге созылған жоллар қапталының биринши ҳәм екинши қатарына саяманлы, кейинги қатарларына мийўели тереклер егиў жүдә пайдалы болады. Себеби, биринши ҳәм екинши қатардағы саяманлы тереклер артта қалған мийўели тереклерди көшеден көтерилип атырған шаң ҳәм газден қорғайды. Арадан үш-төрт жыл өткеннен кейин, пискен мийўелерди пайдаланыў ямаса қайта ислеў мүмкин. Усы жерде бир мысал келтирсем. Өткен әсирдиң алпыс жылларының басында Самарқанд - Ташкент жолының Самарқанд ўәлаятына кириў шегарасында ерик нәллери егилген. Бул тереклер ҳәзир бәҳәрде өткениңизде де шырайлы гүллеп турады. Демек, бул бағдарда бизде тәжирийбе жетерли.

    Бизде тийкарынан келип шығыўы Өзбекстан болған бир терек бар. Көпшилик бул терекке онша итибар бермейди. Бул – хандақ. Ол биологиялық қәсийети бойынша жүдә шыдамлы. Илимпазлардың мағлыўматына бола, 40 градус суўық ҳәм 55 градус ыссыға шыдамлы. Бүгин хандақ сыяқлы қурғақшылыққа ҳәм суўыққа шыдамлы теректи табыў қыйын. 1960-жыллары Ташкент-Самарқанд жолының Замин ҳәм Ғаллаарал аймағынан өткен бөлегиниң шетине хандоқ нәллери егилген. Бул путалар арадан дерлик 60-70 жыл өткен болса да, елеге шекем көгерип тур. Олар пүткил жаз даўамында дерлик бир ретте суўғарылмайды. Қаншадан-қанша қатты суўыққа шыдам бергенин жасы үлкен қәнигелер ҳәм усы жақын жерде жасайтуғын халық жақсы биледи. Демек, хандақ қурғақшылыққа ҳәм суўыққа жүдә шыдамлы. Ол 350-450 жылға шекем жасайтуғын тереклер түрине киреди.

    Бүгин мәмлекетимиз аймағында "жасыл" белбеўлер қурыў ўақты келди. Әлбетте, буның ушын суўыққа ҳәм қурғақшылыққа, барлық қолайсызлықларға шыдамлы, узақ жасайтуғын өсимликлерди таңлаў керек.

    Мәмлекетимизде ықлымы ҳәм экологиясы ең аўыр аймақлардан бири - Наўайы ўәлаяты. Ўәлаятта ири химия ҳәм санаат кәрханаларының бар екенлиги себепли қала атмосферасында зыянлы газ муғдары руқсат етилген нормадан көп. Және аймақ қурғақ ықлымы, ҳаўа ығаллығының төменлиги, шаңлы бораны тез-тез бақланыўы ҳәм жазда температураның жоқарылығы менен ажыралып турады. Бундай шараятта "жасыл" аймақ жаратыў менен экологияны, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў мүмкин.

    Усы жылы бәҳәрде Наўайы қаласын "жасыл" белбеў менен қоршап алыў жойбарына кирисилсе, оғада үлкен жумыс болар еди. Буның ушын ени 12 метрли полоса алынады ҳәм бул орынға төрт түптен хандақ нәли егиледи. Әлбетте, бул анық шегара емес. Қатарлар саны көбирек болса, және де жақсы. Қала толық "жасыл" белбеў менен қоршап алынса, бул жағдай экологиясына унамлы тәсир көрсетеди. Қулласы, "жасыл" белбеўлерди дәслеп экологиялық жағдайы аўыр болған аймақлардан баслаў зәрүр.

    Ўәлаяттағы екинши "жасыл" белбеў менен оралатуғын аймақ ретинде Зарафшан қаласын таңлаў мүмкин. Себеби қала әтирапын Қызылқумның үлкен кәнлери ийелеп жатыр. Бирақ бул кәнлерге бир неше жүз километрден, яғный Әмиўдәрьядан үлкен трубаларда суў тартып келинген. Бул қубырлардың үсти топырақ пенен жабылған болса да, әтирапына хандақ, ерик, қарағай тереклерин егиў унамлы нәтийже береди. Себеби суў өткен жерлер жабық болыўына қарамастан, ығаллық жетерли дәрежеде болады.

    "Жасыл" белбеўди тек ғана Наўайы ҳәм Зарафшан қалаларында емес, ал Қашқадәрья, Сурхандәрья ямаса Қарақалпақстандағы ири санаат кәрханалары жайласқан барлық аймақта қурыў мүмкин. Қарақалпақстанда Аралдың қурыған түбинен тысқары да деградацияға ушыраған майдан көп. Әне усы орынларда реже тийкарында ислеў зәрүр. Санаат кәрханасы атмосфераға карбонат ангидрид газин шығарып атырған болса, демек, бул кәрхана өзинде хызмет етип атырған инсанлардың денсаўлығы, қалаберсе, оларды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ушын жасыл полосалар шөлкемлестириўге кирисиў керек.

    Мәмлекетимиз аймағында "жасыл" белбеўлер шөлкемлестирсек, бириншиден, тәбиятты, экологияны жақсылаймыз. Екиншиден, арадан төрт-бес жыл өтип, тонналап хандақ, ерик өнимин жыйнап баслаймыз. Ақыры бүгин базарларымызда ең қымбат қурғақ мийўелерден бири хандақписте. Арадан жыллар өтип, биз үлкен муғдардағы хандақ ҳәм ерик, түршек экспортшысына айланыўымыз мүмкин.

    Үшиншиден, "жасыл" белбеў жаратыў нәтийжесинде эко ямаса агротуризм раўажланып, туристлер тартылады. Жаңа жумыс орынлары ашылады ҳәм халық хожалығының көплеген тармақлары раўажланады. Қулласы, "жасыл" белбеўлерди басқышпа-басқыш қәлиплестириўге кирисиў зәрүр. Әлбетте, буның ушын техника қураллары, нәллер, қәнигелер ҳәм жумысшы күш керек.

    "Жасыл" белбеўлер нәтийжесинде әсте-ақырын жаңа жер майданлары пайда болады. Сондай-ақ, қалаларда ҳаўа температурасы салыстырмалы жумсады. Буннан тысқары, салқынлаў ҳәм азықлық табыў ушын қуслар, ҳайўанлар келе баслайды ҳәм жана экосистемага тийкар салынады.

    Биз бул жумысларды бүгин орынлаўымыз керек. Ертең кеш болыўы мүмкин. Дүньяда бул бағдарда үлкен жумыслар басланған. Ҳәр бир мәмлекет өз халқының денсаўлығын, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында "жасыл" экономикаға өтиўдиң ҳәр қыйлы жолларын ҳәм усылларын излеп атыр.

    Өтмиште Арал теңизин қурытыў менен байланыслы үлкен қәтеликке жол қойғанбыз. Енди бундай қәтелерди тәкирарламаслық, келешек әўладларымызға жасыл мәмлекет қалдырыў ушын бул жумысларды орынлаўымыз шәрт.

    Дилором ЁРМАТОВА,

    аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates