Дурыс-аў, толық шаңараққа не жетер! Өзбекшилик - үйимиз бәрқулла балалар шаўқымына толып турыўына үйренип қалғанбыз. Перзентлеримиз, ақлықларымыздың жетискенликлеринен олардан гөре жүз есе қуўанамыз. Камалын көрип мақтанамыз. Басқаша турмысты көз алдымызға келтириў қыйын. Бизиңше, бүгин биз көп айтып атырған - "инсан қәдири" түсиниги де мине усындай қәдирият ҳәм көзқараслар тийкарында пайда болған. Себеби инсаныйлық өз ара қарым-қатнаста жүзеге шығады. Мийрим-шәпәәт аўызбиршиликте, татыўлықта қәлиплеседи.
Бүгин жаңа Өзбекстанда әне усы ийгиликли идея тийкарында болып атырған реформалар жаслардың шаңарақта, билимлендириўде, улыўма, турмыста мүнәсип орын ийелеўи ушын ҳәмме ушын тең шараят жаратып бериўге қаратылғаны менен айрықша ажыралып турады.
Бундай жумыслардың тийкары, бәринен бурын, бас нызамымыз - Конституциямызда беккемлеп қойылды. Оның XIV бабы шаңарақ, балалар ҳәм жасларға бағышланған. Атап айтқанда, 79-статьяда «Мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлейди, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлейди.
Мәмлекет жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын, олардың билим алыўға, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа жайласыўға, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады», делинеди.
Бас нызамымызда белгиленген әне усы қатаң талап ҳәм тәртип бүгин жасларымыздың шаңарақта, жәмийетте толық турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етпекте. Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, ҳәзирги күнниң жаслары жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында жаңа тарийх жарататуғын алтын әўлад ўәкиллери сыпатында көзге тасланбақта. Буған мысалларды кейинги ўақытлары жүдә көп ушыратып атырмыз. Узаққа бармаймыз: күни кеше тарқалған хабарды қараң: "Өзбек улы Жавоҳир Синдоров шахмат бойынша жәҳән кубогиниң жеңимпазы болды!".
Дүньяның 200 ден аслам сайланды шахматшысы бас сыйлық ушын гүрескен жарыста толық жеңимпазлыққа ерисиўдиң өзи болмайды, әлбетте. Бул жаңа Өзбекстанда жаслар бәрқулла итибарда, ҳүрметте, қоллап-қуўатлаўда болыўы артқа қайтпайтуғын реформалардың тийкарғы мазмун-мәнисинде жәмленгенин аңлатады. Себеби шаңарақта орталық қәлиплеспесе, жәмийетте шараят жаратылмаса, мәмлекет имканият бермесе, бундай нәтийжеге ерисиў мүмкин бе?! Мениңше, жоқ.
Буннан сегиз-тоғыз жыл бурын жолға қойылған "илим-тәрбия-инновация" шынжыры қаншелли дурыс екениниң нәтийжеси бул. Бүгин "Билимлендириў - келешек инвестициясы" деген ийгиликли идея жәмийетимизде үлкен ҳәрекетке айланбақта. Буны жасларымыз да дурыс аңлап жетпекте, түсинбекте ҳәм соған умтылмақта.
Мәмлекетимизде жас әўладқа тәлим-тәрбия бериў, өмирге еркин қәдем қойыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған системалы жумыслар даўам етпекте. Буның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди. Өзбекстанда 30-июнь Жаслар күни деп жәрияланды. Түрли тараўларда жоқары нәтийжелер ҳәм жетискенликлерге ерисип атырған пидайы жасларымызды хошаметлеп барыў мақсетинде "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығы ҳәм "Келажак бунёдкори" медалы шөлкемлестирилди.
Жасларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, мәлимлеме технологиялары бойынша саўатлылығын арттырыў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпаларын өз ишине алған бес әҳмийетли баслама әмелге асырылмақта.
Жасларға байланыслы реформаларымыз халықаралық жәмийетшилик те кеңнен тән алмақта. Соның ишинде, Өзбекстан БМШ "Жаслар - 2030" стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарынан орын алған. Жаслар раўажланыў индексине жаслар сиясаты тараўында ең тез пәт пенен раўажланып атырған мәмлекет сыпатында киргизилди. Булардың бәри Өзбекстан балалары, жаслары мүнәсип шараят ҳәм орталықта камалға келиўи ушын исленип атырған ҳәрекетлердиң нәтийжеси. Ерисилген нәтийжелер шегара емес. Исленетуғын жумыслар көп. Соның ишинде, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленгениндей, жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырып барыў, улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар менен толық тәмийинлеў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң билимлендириў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў, "топ-500"ге киретуғын сырт ел университетлери менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламасы тийкарында "еки дипломлы система"ны енгизиў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, кәсип-өнерге оқытыўда жеке меншик сектордың үлесин көбейтиў, мектеп питкериўшилерине кеминде 2 шет тили ҳәм бир кәсипти ийелеўи ушын шараят жаратыў сыяқлы көплеген ўазыйпалар тур.
Мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм келешегин саламат, билимли, мәдениятлы жаслар белгилеп береди. Олардың күши сонда. Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, бәринен бурын, жаслар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларды муўапықластырыўға хызмет етпекте. Бул үзликсиз процесске айланғаны менен әҳмийетли.
Ғофур АБДИЛАКИМОВ,
Өзбекстан Миллий педагогика университети
оқыў-методикалық басқармасының баслығы,
профессор






