Усы мәнисте жаслар тәрбиясы тек ғана миллий сиясаттың емес, ал пүткил инсаният келешегиниң әҳмийетли тийкары болып есапланады.
Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған идеялар бул бағдардағы сиясаттың избе-из ҳәм терең мазмунға ийе екенин айқын көрсетти. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Ертеңги күнимиз, дүньяның тәғдири ҳәм абаданлығы өсип киятырған жас әўладтың қолында. Жасларымыздың қәлби ҳәм санасына тынышлық, адамгершилик ҳәм дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сыяқлы ийгиликли идеяларды сиңдириў әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады".
Президентимиздиң "Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекети"н шөлкемлестириў басламасы да әне усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди. Бул идея, бәринен бурын, жаслардың глобал аўызбиршилик ҳәм тынышлық идеясы әтирапында бирлесиўине тийкар жаратады.
Бул баслама логикалық тамырларына ийе. Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында да жаслар ҳаққында сөз етип, олардың ҳуқықларын қорғаў, билимлендириў ҳәм ағартыўшылық арқалы радикал идеялар тәсиринен сақлаў әҳмийетли екенин атап өткен еди. Өткен ўақыт ишинде бул идеялар әмелиятта избе-из даўам еттирилип, жаслар сиясатында жаңа басқышты баслап берди.
Демек, жаслар мәселеси мәмлекетимиздеги реформалардың орайында турыпты ҳәм бул идеяның халықаралық дәрежеде алға қойылыўы Өзбекстанның жасларға байланыслы сиясатын жаңа басқышқа көтерди. Президентимиз жаслар тәрбиясына үлкен әҳмийет қаратып, олардың келешеги елимиздиң раўажланыўы ушын тийкар екенин ҳәр сапары атап өтеди. Барлық жуўапкерлерди жаслар менен байланыслы жумысларға үлес қосыўға шақырады.
Ҳәзир жәмийетимиздиң 60 проценттен асламын жаслар қурайды. Соның ушын, келешегимиз, бәринен бурын, олардың тәрбиясына байланыслы. Яғный жаслар тәрбиясы жәмийеттиң раўажланыўын белгилеп беретуғын беккем тийкар. Оны беккемлеўде билимлендириў мәкемелери, шаңарақ ҳәм жәмийеттиң орны үлкен.
Заманагөй дәўирде жаслардың руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиясына тәсир көрсетиўде жаңаша қатнаслар талап етиледи.
Тәрбия жәмийетте инсанның шахс сыпатында қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе болып, бул арқалы жас әўлад руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм мәдений қәдириятларды өзлестирип, оларды күнделикли турмыста қоллай алса, социаллық әдиллик, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў имканияты артады.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде интернет ҳәм социаллық тармақлар жаслардың күнделикли турмысына терең кирип барды. Айырым жаслар интернеттеги дереклерден өзлерине зыянлы, жәмийетке жат идеяларды үйренбекте. Бул, өз нәўбетинде, басқа мәдениятлардың миллий қәдириятларына зыян жеткериўи, жасларда өз қәдириятларына бийпәрўалық сезимин пайда етиўи мүмкин. Буны жаслар жеке еркинлик деп түсинеди, бирақ айырым жағдайларда еркинлик түсиниги дурыс талқыланбай, жаман әдет ҳәм жат идеяларға бейимлиликке алып келмекте.
Жаслар келешек дөретиўшилери, ҳәр бир жәмийеттиң мақтанышы ҳәм сүйениши болып есапланады. Оларға дурыс тәрбия бериў, руўхый, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан бәркамал етип жетистириў жәмийет раўажланыўының беккем тийкары есапланады. Бул жолда шаңарақ, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў сыяқлы буўынлар үлкен әҳмийетке ийе.
Шаңарақ ҳәр бир инсан өмириндеги биринши тәрбия орайы. Ата-ана перзентлери ушын өрнек болыўы ҳәм дурыс жолға баслаўы керек. Ата-бабаларымыз айтқанындай, "Ата-ана перзентке тәрбия береди, перзент ата-анаға шүкиршилик береди". Балалықтан-ақ шаңарақтағы орталық жасларда мийрим-шәпәәт, әдеп-икрамлылық ҳәм жуўапкершилик сезимин қәлиплестиреди. Шаңарақтағы жақсы мүнәсибет ҳәм өз ара ҳүрмет балалардың жәмийеттеги мүнәсибетлерин белгилейди. Сол себепли, "Шаңарақтың жүзи перзенттиң жүзи", деп айтылған.
Шаңарақта перзентлерге миллий қәдириятлар, дәстүрлер, мийнет сүйгишлик ҳәм қызғынлықты сиңдириў керек. Перзентлер ата-ана мийнетин қәдирлеўди, адамлар менен қатнасықларды беккемлеўди, оларға жәрдем бериўди үйренеди. Бул болса олардың келешекте жәмийетте өз орнын табыўына жәрдем береди. "Перзентке берилген ең жақсы мийрас - тәрбия".
Мектеп болса жас әўладқа билим бериў менен бирге, тәрбиясына да үлкен тәсир ететуғын орын. "Жаслықта үйренген билим - тасқа ойылған нағыс сыяқлы" деген сөз бийкарға айтылмаған. Балалар мектепте тек билим алмайды, ал жәмәәтте жасаў ҳәм ислеў, жуўапкершиликли болыў ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын түсиниўди үйренеди. Муғаллимлер олар ушын ибрат, устазлардан алынған нәсиятлар ҳәм тәжирийбелер олардың турмысына жол-жоба береди.
Мектеп жасларда жаңа билимлерден хабардар болыў, жаңа тараўларға қызығыўшылық оятыў ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыў имканиятын жаратады. Соның менен бирге, жаслар мектепте көплеген дослар таўып, инсанларға исеним ҳәм жәрдем бериў қәсийетлерин қәлиплестиреди. Соның ушын мектеп тәрбиясын шаңарақ тәрбиясынан кейинги әҳмийетли буўыны сыпатында қараў мүмкин.
Жоқары билимлендириў жаслардың бәркамал шахс болып жетилисиўине хызмет ететуғын әҳмиыетли мәкан. Бул жерде жаслар тек ғана анық бир бағдар бойынша билимлерин тереңлестирип қоймастан, ал еркин пикирлеў, қарар қабыл етиў, жәмәәтте ислеў, жуўапкершиликти өз мойнына алыў сыяқлы көнликпелерди де өзлестиреди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде жаслар ушын пән дөгереклери, спорт клублары ҳәм шет тиллерин үйрениў курслары сыяқлы ҳәр қыйлы имканиятлар жаратылады, олар өзин ҳәр қыйлы тараўларда сынап көриў имканиятына иые болады.
Жоқары билимлендириўдиң және бир әҳмиыетли тәрепи студентлерге миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды сиңдириў болып табылады. Бул жерде жасларға өз мәденияты, тарийхы, миллий мийрасы ҳаққында билим бериледи. Устазлар менен ушырасыўлар, түрли мәнаўий кешелер ҳәм әнжуманлар жасларда миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин арттырады.
"Тәрбия биз ушын я өмир - я өлим, я қутқарыў - я апатшылық, я бахыт - я апат мәселеси болып табылады". Уллы ағартыўшы ҳәм тәлим-тәрбия пидайысы Абдулла Авлонийдиң бул сөзлери өз ўақтында қаншелли әҳмийетли ҳәм актуаль болған болса, ҳәзир де соншелли, бәлким оннан да әҳмийетлирек. Соның ушын, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында мүнәсип билим ҳәм тәрбияға ийе, мийнет сүйгиш, өз жумысын еркин орынлай алатуғын әдепли жасларды тәрбиялаў бәршемиздиң миннетимиз болып табылады.
Ахмед РЕЙМОВ,
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы
Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик








