Жаслар – жаңа Өзбекстанның алтын фонды

    Бүгинги қәдемлер ертең дүньяға қарай жақты жол ашар

    Мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүргизиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Бүгин жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға шараят ҳәм имканиятлар жаратыў бағдарында беккем ҳуқықый база жаратылды. Ол заман талапларына сай түрде жетилистирилмекте. Жаслардың үлкен майданда өзин көрсетиўине хошамет көрсетилмекте. Барлық категориядағы ул-қызлардың умтылыслары менен қызығыўшылықларын хошаметлеў, қәбилетин жүзеге шығарыў, илим ийелеўи, заманагөй кәсип ҳәм тараўларды ийелеўи, мийнет етиўи, абадан ҳәм бахытлы турмыс кешириўи ушын кең жол ашылды.

    Өзбекстан жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша өз тәжирийбесин жаратты. Ҳәр бир өзбек шаңарағы өз перзентиниң тәлим-тәрбиясы, кәсип-өнер ийелеўи, ҳадал мийнет етиўи, турақ жайға ийе болып, бахытлы өмир сүриўи ушын қаншелли қайғырса, мәмлекетимиздиң жаслар мәселесине қатнасы да әйне усы қәдириятларға сүйенеди.

    Бүгин жасларға жаңа Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси, алтын фонды сыпатында қаралмақта. Ҳақыйқатында да, бүгин мәмлекетимиз халқының 60 процентин жаслар қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жигит-қыз кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди. Мәмлекетимиз халықаралық жәмийетшилик тәрепинен ҳақылы түрде жаслар ели сыпатында тән алынып атырғаны да бийкарға емес.

    Президентимиз усы жыл 14-февраль күни жаслар менен сәўбетлести. Видеоселектор тәризинде өткен ушырасыўда жаслар ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў илажлары додаланды, белсенди жигит-қызлардың пикир-усыныслары тыңланды.

    "Оқыў" жойбары: Жаслар китап оқымақта!

    Күни кеше мәмлекетимиз басшысының биз жаслар менен болған сөйлесиўин тарийхый ушырасыўлар қатарына киргизсек қәте болмайды. Себеби, жасларды қыйнап атырған машқалалар, раўажланыўға тосқынлық етип атырған факторлар, экономикалық, социаллық, әдеп-икрамлылық мәселелерде шешим бере алатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Бул болса жаслар ушын және көплеген имканиятлар есигин ашты.

    Мен усы ушырасыўда қатнасыўға миясар болдым. Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимиз басшысы китапқумарлықты раўажландырыў бойынша және қандай жумысларды әмелге асырыўымыз керек, деген сораў менен мүрәжат етти. Буған жуўап ретинде "Оқыў" жойбарын усындық. Усы жойбар ҳаққында оқыўшылар ушын толығырақ мағлыўмат бериўди мақул көрдим.

    Мәмлекетимиз басшысының қарары менен Жаслар ислери агентлиги, Халық банки ҳәм Республикалық жас дөретиўшилер кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте өзбек тилиндеги әдебиятлар жыйналатуғын ҳәм халық тәрепинен бийпул пайдаланылатуғын "Мутолаа" мобил қосымшасын ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленген еди. Соған бола, жас дөретиўшилер ҳәм IТ қәнигелер жәмәәти биргеликте "Оқыў" жойбарын ислеп шықтық. Өткен жылдан бул қосымша иске қосылды. Жойбардың тийкарғы мақсети - Өзбекстанда китапқумарлық орталығын жақсылаў, китап оқыў ҳәм оны үгит-нәсиятлаўды заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў. Тийкарғы ўазыйпалары болса өзбек ҳәм жәҳән әдебиятының ең сайланды үлгилериниң электрон ҳәм аудиовариантын бир жерге жәмлеп, бийпул оқыў ҳәм тыңлаў имканиятын жаратыў. Сондай-ақ, жасларды китап оқыўға және де қызықтырыў мақсетинде Youtube платформасына видеоформатында китапларды жайластырыў.

    Таллаўларымыз ҳәзирги күнде мобил қосымшаны улыўма жүклеп алыўлар саны 1,5 миллионнан, оқылып атырған китаплар саны 5 миллионнан артқанын көрсетпекте. Усы күнге шекем аудиоформаттағы 1667 дана, электрон форматтағы 1950 дана китап "Мутолаа" мобил қосымшасына жайластырылды. Жойбарда аудиокитаплар, электрон китаплар, балалар әдебияты, IТ бағдарламалар, жасалма интеллект, иллюстрация, медиа, китап-кино ҳәм аўдарма шығармалар бағдарларында 150 ге шамалас қәниге ислеп келмекте.

    Жойбар шеңберинде өзбек әдебиятының сайланды үлгилерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм дүнья бойлап кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Абдулла Қаҳҳардың "Өтмиштен ертеклер", Одил Ёқубовтың "Улуғбек ғәзийнеси", Пиримқул Қодировтың "Жулдызлы түнлер", Жавлон Жовлиевтиң "Қорықпа" сыяқлы шығармалары шет елли профессионаллар жәрдеминде аўдарылмақта.

    "Оқыў" жойбарының әҳмийетли бағдары балалар әдебияты болып табылады. Жойбар жанында жас дөретиўшилер мектеби шөлкемлестирилип, олар тәрепинен "Тамыр" топламы жаратылды. Ушырасыўда "Тамыр" топламы ҳаққында да сөз еттим. Бул топлам негизинде Президентимиздиң 2022-жылдың ақырында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде "уллы ата-бабаларымыздың балалығы сәўлеленген қызықлы, рәңбәрең, әпиўайы тилдеги китаплар жоқ", деген пикиринен илҳамланып жаратылды. Себеби, әйне мәжилистен соң биз, дөретиўшилер Жаслар ислери агентлиги жанында бирлесип, бул жумысқа бел байладық. Уллы бабаларымыздың балалығы ҳаққында китаплар дөретиўге киристик. Оның ушын командада көплеген қәнигелер бар. Ренессанс тийкарын салыўшылары болған бабаларымызды қәдириятларымыздың тамырларына теңлестирип, топламды "Тамыр" деп атадық. Атап айтқанда, бүгинги пикирлеўимиз, илимий потенциалымызда Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Мырза Улығбек, Ибн Сино, Беруний сыяқлы уллыларымыздың орны үлкен. Сырт ел әдебиятлары, платформаларға байланысып қалған балаларға соны сиңдире алсақ, қәдириятларымыз ҳаққындағы китапларды усына алсақ, гөзленген шекке жетемиз. Сонлықтан, бүгинги балаларды миллий өнимлер менен азықландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Топламнан уллы ата-бабаларымыздың балалық келбетлери сәўлеленген 10 сүўретли китап орын алған. 2025-жылы және 10 топлам жаратыўды мақсет еткенбиз. Бул бағдарда жас иллюстраторлар, көплеген художник жасларды қамтып алыўды режелестиргенбиз. Жасларды жасалма интеллектти өзлестириў, раўажландырыўға тарттық. Мәжилисте де буған айрықша итибар берилди.

    "Тамыр" электрон форматта да, анимациялық мультфильм көринисинде де усынылады. Жасалма интеллект жәрдеминде китаплар ушын салынған сүўретлер тийкарында мультфильмлер жараттық. Қуўанышлы тәрепи, буны балалар жүдә жақсы қабыл етти. Несип етсе, жәмәәтимиз тәрепинен және 100 мультфильм исленеди.

    Сондай-ақ, жойбар шеңберинде жаңа - "китап-кино" жанры жаратылды. Киноның бундай түринде белгили бир китап тийкарында ҳүжжетли фильм таярланады. Оны көрген тамашагөйде усы китапты оқыўға қызығыўшылық пайда болады. Ҳәзирге шекем "Қорықпа", "Унсин", "Киши шаҳзада", "Ғарры ҳәм теңиз", "Пуанкаре" фильмлери жаратылып, Youtube платформасына жайластырылды.

    Усы күнге шекем 740 шығарма биринши мәрте сапалы форматта аудиоластырылды. Бундай көрсеткиш ҳәм нәтийже ҳәзирге шекем аудиокитаплар тараўында бақланбаған. Аудиокитаплар 30 дан аслам профессионал дубляж актёрлары, халық артистлери тәрепинен ең заманагөй студияларда жазып алынды.

    Жойбардың және бир әҳмийетли мақсети елимизде баспа жумысын раўажландырыў, авторлардың абырайын арттырыў, ҳуқықларын тәмийинлеў болып есапланады. "Мутолаа премиум" қосымшасы усы мақсетте иске қосылды. Ол баспалар ҳәм авторларға өз китапларын сатыў, материаллық дәрамат көриў имканиятын жаратады. Ҳәзирге шекем "Мутолаа" ҳәм “Asaxiy books” арасында өз-ара пайдалы шәртнама дүзилип, басылымның барлық китаплары қосымшаға жайластырылды. Жойбарда жасалма интеллект имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде өз алдына топар қәлиплестирилип, ҳәзир даўысты клонлайтуғын ҳәм өзбек тилиндеги текстти оқый алатуғын бағдарлама үстинде исленбекте. Жақын келешекте "Мутолаа" қосымшасындағы электрон китапларды әне усы бағдарлама менен автомат түрде аудиоластырыў имканияты пайда болады. Жойбар әдебий процессти жеделлестириў, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәдений илажларды да шөлкемлестиреди. Атап айтқанда, ҳәр айда бир мәрте шөлкемлестирилетуғын "Поэзия кешеси" жаслар арасында ғалаба ен жайып, жас дөретиўшилерди хошаметлеп келмекте.

    Жуўмақлап айтқанда, бүгин "жаслар китап оқымай қойды" деген көзқараслардың пүткиллей дурыс емес екенлигин “Мутолаа” қосымшасында сәўлелендирилип атырған санлар дәлиллейди. Демек, бул тек ғана қосымша емес, ал китапқумарлықты ғалаба ен жайдыратуғын, китап санаатын раўажландыратуғын платформа. Егер бир миллион оқыўшы болса, “Мутолаа” арқалы оны 5-10 миллионға шығара алсақ, китап базарының кеңейгени анық көринеди. Себеби, электрон китаплар менен оқыўды және де аңсатластырамыз. Өзбекстанда электрон китаплар базары дерлик жоқ деўге болады. Электрон китап сататуғын платформалар жүдә аз болғаны себепли тараў раўажланбай киятырған еди. Қосымшада қосымша төлем есабынан электрон китапларды оқып барыў мүмкин. Бул баспалардың тек ғана баспа емес, ал электрон китаплары менен де дәрамат табыўын тәмийинлейди. Бул бағдарда биз оларды қоллап-қуўатлаўға, оқыўшыларының санын арттырыўға үлес қосыўға таярмыз.

    Саъдулла ҚУРАНОВ,

    балалар жазыўшысы,

    "Оқыў" жойбары редакторы