Мәмлекетте жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға зәрүр шараятлар менен имканиятларды жаратып бериў бағдарында беккем ҳуқықый база жаратылған ҳәм бул система заман талапларына үнлес түрде жетилистирилип барылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем парламент тәрепинен жасларға байланыслы 40 тан аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилген болып, 30 дан аслам халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер ратификацияланған.
Президентимиз тәрепинен ҳәзирги дәўирде инсаният тарийхындағы ең көп жаслар қатламы менен жасап атырғанымызды есапқа алып, БМШ минберинде Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы БМШ конвенциясын қабыл етиў усынысы алға қойылғаны да халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жыллы күтип алынды. Елимизде «30-июнь Жаслар күни» сыпатында байрамланыўы да сиясий әҳмийетке ийе болып, жаслар мәмлекетимиздиң жетекши күши екенлиги ҳәм олар арқалы айдын келешекке қарай жаңа басламалар, жаңа шеклер қолға киргизилип атырғанлығы бүгинги күн ҳақыйқатлығы.
Жақында Президентимиздиң Көк сарай резиденциясында жаслар менен болған сөйлесиўи елимиз жаслары турмысында үлкен тарийхый ўақыя болды. Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде елимиздеги 22 миллионнан аслам жасларымыз оғада үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екенин атап өтти. Барлық дәрежедеги басшылар жасларды тил ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, спортқа тартыў, идея, жойбар ҳәм стартапларына жәрдем бериў, оларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў бойынша және де жедел ислеўи, бирде-бир жигит-қызды итибардан шетте қалдырмаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиздиң тапсырмасы менен мәмлекетимизде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлерде “Жаслар күни” етип белгилениўи ҳәм сол күни тараўға жуўапкер басшылар мәҳәлле, мектеп ҳәм техникумларға барып, жасларды тыңлап ҳәм машқаласын шешиўи бойынша жаңа система әмелиятқа енгизилди.
Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Хожели районындағы «Жайхун» посёлка пуқаралар жыйынындағы 24-санлы мектепте Жаслар күни мүнәсибети менен басшы ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти.
Сәўбетлесиў ҳәм жаслардың машқалаларын тыңлап, оларға шешим табыў мақсетинде өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Н.Ерлепесов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, тийисли тараў басшылары, банк ҳәм салық хызметерлери, жаслар жетекшилери ҳәм посёлка пуқаралар жыйыны жаслары қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен елимизде 32 бағдар бойынша жасларымызға кең имканиятлар жаратылып, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, билим алыўы, спорт пенен шуғылланыў, сондай-ақ, кәсип ҳәм тил үйрениў, стартапшыларға имканиятлар, исбилерменлик пенен шуғыллыныўы ушын жеңилликлерден пайдаланып жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қаржы ҳәм грантлар ажыратыў мәселелери тийкарында жыйналғанларға түсиниклер берилди.
Ашық сөйлесиў тийкарында өткерилген ушырасыў кешесинде аймақта жасаўшы жаслар өзлерин қыйнап киятыран машқалалар бойынша тараў басшыларына мүрәжат етип, сол жердиң өзинде олардың машқалаларына шешим табылды.
– Медицина колледжин пикергениме 9 жылдан асты. Еки балам бар. Жумыссызбан. Тигиўшилик өнерине деген қызығыўшылығым да жоқары, – деп жумысқа орналасыў бойынша өз машқаласын билдирген аймақ турғыны 28 жастағы Г. Досжанованың мәселеси район ҳәкими тәрепинен оған бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында усыныслар билдирилди ҳәм машқала жақын аралықта өз шешимин табыўы кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, инглис ҳәм рус тилинде еркин сөйлеў имканиятына ийе 3-курс студент қыз М.Абдуллаеваның туризмге болған қызығыўшылығы итибарға алынып, оны жақын арада ески музейдиң қайта оңланып иске түсиўи менен тур-операторы етип жумыс пенен бәнт етиў имканияты бар екенлиги билдирилди. Сондай-ақ, спорт дөгереги ушын залдың жоқ екенлиги ҳәм усы машқаланы шешип бериўди усыныс еткен жаслардың машқаласы да имканиятлар дәрежесинде шешилетуғынлығы атап өтилди.
Илажда билдирилген мүражатлардың ҳеш бири итибардан шетте қалмайтуғынлығы айтылып ҳәм оларға мәмлекетимизде исбилерменлик ушын жаратылған салық жеңилликлери ҳәм жеңиллетилген кредитлер ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Президентимиз тәрепинен жақында Қарақалпақстан ушын және бир үлкен әҳмийетли қарар қабыл етилип, усы қарар тийкарында Хожели районында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н қурыў белгиленгенлиги ҳәм усы ири жойбар тийкарында қурылыс ислери алып барылып, жаңа жумыс орынлары жаратылатуғынлығы ҳәм район жасларының бәнтлиги тәмийинленетуғынлығы атап өтилди.
Илаж даўамында берилген сораўларға тараў хызметкерлери тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.
Илаждан соң район ҳәкимлигиниң баспасөз хаткери тәрепинен жаслар мәселерине байланыслы шөлкемлестирилген пресс-тур ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында даўам етти.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.