Тәлим-тәрбия системасы мәмлекет раўажланыўының баслы өлшеми, мәмлекет келешегиниң тийкары сыпатында тийкарғы әҳмийетке ийе болмақта. Усы мәнисте, ҳәр бир тараў басшысы, ҳәр бир устаз ҳәм билимлендириў пидайысы ушын жасларға мүнәсип келешек жаратыў, билим алыўы, шахс сыпатында қәлиплесиўи ҳәм ўатансүйгиш болып камалға келиўи жолында шын кеўилден хызмет етиў тек ғана ўазыйпа емес, ал жуўапкершилик болып есапланады.
Усы жыл 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде билимлендириўдиң мазмун-мәнисин түп-тийкарынан жаңалаў, оқыўшы ҳәм оқытыўшының мәплерин қорғаў, ең әҳмийетлиси, жас әўлад ушын мүнәсип оқыў орталығын жаратыўға қаратылған бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Термиз мәмлекетлик педагогикалық институты мысалында педагог кадрлар таярлаў системасын жаңа басқышқа көтериў ҳаққында айтып, пүткил педагогикалық жоқары оқыў орынлары ушын жаңа стратегиялық бағдарды белгилеп берди. Бул процессте күшли сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери - Мюнхен техника университети ҳәм Кембридж университетиниң ең жақсы билимлендириў бағдарламалары тийкар етип алынады.
Бул жоқары билимлендириў шөлкемлери билимлендириў ҳәм илимий потенциал бойынша үлкен табысқа ерискен. Соның ишинде, Мюнхен техника университети тийкарынан техника, инженерлик ҳәм тәбийғый пәнлер бағдарында инновациялық қатнас ҳәм әмелий билим бериўде үлкен тәжирийбеге ийе. Бул мәкемеде студентлер теориялық билимлер менен бирге, санаат ҳәм технология талапларына сәйкес билим де алады. Сондай-ақ, университет санаат кәрханалары менен тығыз бирге ислесиў орнатқан, жасларға өз тараўында әмелият өтеў ҳәм тәжирийбе топлаў имканияты бар. Жоқары оқыў орынларындағы изертлеў орайлары болса жаңа идея ҳәм инновациялар жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Билим сапасын арттырыўға қаратылған бул ҳәрекетлер арқалы жасларға тек ғана теориялық билим емес, ал әмелиятта қолланылатуғын көнликпе де бериледи. Мәселен, пәнлер саны ҳәм бағдарларды азайтыў, оқыў жүклемесин қысқартыў, студент ушын зәрүр ҳәм әҳмийетли бағдарларға итибарды күшейтиў керек. Бул болса билимлендириўдиң сапасын арттырыў, студентлердиң билими ҳәм потенциалының толық ашылыўына хызмет етеди.
Және бир әҳмийетли тәрепи - педагоглардың маманлығын арттырыў. Шет тили сертификатына ийе оқытыўшыларды Уллы Британия, Германия ҳәм Сингапур сыяқлы алдынғы мәмлекетлерге жибериў, олардың халықаралық стандартларға сәйкес билимлендириў усылларын үйрениўин тәмийинлеў бүгин мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги әҳмийетли ўазыйпаға айланды. Усы тәризде мәмлекет бойынша педагоглардың қәнигелиги арттырылады.
Бул реформалар тек ғана билимлендириў системасын модернизациялаў емес, ал жәмийетте билимге болған қатнасты өзгертиўге хызмет етеди. Жасларға бүгин тек билим бериў жетерли емес. Оларды еркин пикирлеў, мәселеге дөретиўшилик пенен қатнас жасаў ҳәм жаңа имканиятлардан пайдаланыўға үйретиў де зәрүр. Буның ушын оқыў процесине заманагөй технологиялар, жасалма интеллект ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў керек.
Ҳәр бир муғаллим тек билим бериўши емес, ал жасларға басшы, устаз ҳәм турмыста жол көрсетиўши болыўы керек. Себеби, билимлендириў тек пәнлер жыйындысы емес, ал шахс тәрбияшысы, руўхый байлық дөретиўшиси есапланады. Педагоглар өз жумысына терең меҳир ҳәм жуўапкершилик пенен қатнаста болса, жасларда ўатансүйиўшилик, адамгершилик ҳәм исеним руўхын беккемлейди.
Мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары ушын кең шараятлардың жаратылыўы жаслар ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Бирақ қолайлықлар менен бирге, жуўапкершилик те артады. Педагогика бағдарында оқып атырған студентлердиң тийкарғы бөлеги мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўге және филологияға бағдарланғаны, әлбетте, тараў ушын әҳмийетли, бирақ илим ҳәм технологиялар раўажланып атырған дәўирде анық ҳәм тәбийғый пәнлерге итибар күшейтилиўи шәрт.
Президентимиздиң атап өткениндей, жеке меншик жоқары оқыў орынларындағы педагогика бағдарлары мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң стандартлары менен бирдей стандартларға ийе болыўы зәрүр. Бул болса оқытыў сапасының улыўма дәрежесин арттырыў, жас қәнигелерди заманагөй тараўларға таярлаўға хызмет етеди. Буннан тысқары, педагог ҳәм студентлердиң билимин сыртқы диагностикадан өткерилиўи сапа қадағалаўының нәтийжели қуралы болып, билимлендириў процесиндеги кемшиликлерди тез анықлаў ҳәм сапластырыўға имканият береди.
Кең көлемли илажлар себепли мәмлекетимиз билимлендириў системасының барлық буўынында сапалы, заманагөй ҳәм миллий талапларға сәйкес кадрлар таярлаў жолында беккем тийкар жаратылмақта. Бул келешекте экономика ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына тиккелей тәсир етеди. Солай екен, ҳәр бир ЖОО ҳәм педагог өз мойнына түскен жуўапкершиликти сезинип, студентлерди жоқары қәнигели, инновациялық пикирлейтуғын, халықаралық дәрежеде бәсекиге шыдамлы қәнигелер етип тәрбиялаў ушын тынымсыз излениўи, мийнет етиўи зәрүр.
Мәмлекетимиз басшысының "Анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша педагогларды көбейтпесек, IТ, "жасыл" энергетика, жасалма интеллект, жаңа материаллар сыяқлы әҳмийетли тараўларға мыңлаған кадрларды қай жерден жеткерип беремиз?" деген мүрәжаты әпиўайы наразылық емес, ал пүткил билимлендириў системасының келешегин белгилейтуғын фундаментал ҳақыйқат болып есапланады. Себеби заманагөй дүньяда ҳәр бир тараўдың тамыры билимлендириўге, тийкары болса илим тийкарларын пуқта билетуғын, жаңалыққа умтылатуғын заманагөй педагогларға барып тақалады.
IТ, "жасыл" энергетика, жасалма интеллект, жаңа материаллар - бул XXI әсирдиң ең әҳмийетли, ең перспективалы бағдарлары. Бул тараўларда жетекши болыў ушын бизге күшли, билимли, заманагөй технологияларды терең түсинетуғын қәнигелер керек. Бирақ бул қәнигелер бир күнде пайда болмайды. Оларды ким оқытады? Әлбетте, мектептеги физика, химия, биология, математика муғаллимлери.
Егер биз бүгин усы пәнлерге қәнигелескен педагогларды таярлаўды күшейтпесек, ертең инновациялық экономикамызда жетиспейтуғын тийкарғы күш әйне инсан капиталы болып қалады. Соның ушын да мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында педагогика бағдарлары енди бирдей норма - тең бәсеки, бирден-бир сапа талаплары, ең әҳмийетлиси, жас әўлад ушын теңдей имканиятлар жаратыў тийкарында жолға қойылады. Биз айдын келешекти ойласақ, бүгин анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша педагогларды көбейтиў ең әҳмийетли стратегиялық ўазыйпамыз болыўы шәрт.
Мәжилисте Президентимиз жаслардың бос ўақтын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша бирден-бир система болыўы керек, деп айрықша атап өтти. Бул сөзлер тек ғана реформаларға көрсетпе емес, ал жоқары ғамхорлық, елимиз келешеги ушын терең жуўапкершилик сезими менен айтылған мүрәжат болып есапланады. Жаслар билим алыўы, тәрбия алыўы, билим ийелеўи, бос ўақытларын пайдалы шынығыўлар менен өткериўи керек. Әне усылар арқалы биз раўажланыўға, қәўипсизликке ҳәм турақлы келешекке ерисемиз.
Өз гезегинде, бул ўазыйпаларды әмелиятқа енгизиў ушын барлық билимлендириў шөлкеминде шет тиллерин оқытыў, жасалма интеллект, программаластырыў ҳәм анимация сыяқлы заманагөй бағдарларда дөгереклер шөлкемлестириў, сондай-ақ, оқыўшы ҳәм студентлер арасында ишки туризмди раўажландырыўға қаратылған жаңа система жаратыў ўазыйпасы да қойылды. Бул баслама жаслардың билим ҳәм көнликпелерин кеңейтиў, дүньяқарасын байытыў, ең баслысы, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысының "Жазғы дем алыс ўақтында бирде-бир билимлендириў мәкемеси жабылмайды. Олардағы спорт объектлери ҳәм майданлары және оқыў ханаларында спорт ҳәм кәсиплик дөгереклер ашылады. Көркем өнер көргизбелери, поэзия кешелери ҳәм интеллектуаллық ойынларды шөлкемлестириў зәрүр", деген сөзлерин жасларға ғамхорлық ҳәм әмелий шешимди өз ишине алған толық жол картасы сыпатында қабыл етиўимиз керек. Бул жасларымыздың дөретиўшилик потенциалы жүзеге шығыўы, саламат турмыс тәризин қәлиплестиретуғын кең имканиятлар есигин ашыўға хызмет етеди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң жәмәәти бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге толық жуўапкершилик пенен қатнаспақта. Жоқары оқыў орынлары жанында жазғы дем алыс дәўиринде де тәлим-тәрбия процесслери, руўхый-ағартыўшылық илажлар, спорт ҳәм мәденият дөгереклериниң жумысын жолға қойыў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.
Бүгинги күн талабына муўапық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде тәлим-тәрбия орталығын саламат, алдынғы ҳәм жедел шөлкемлестириў келешек дөретиўшилерин камалға келтириўге қаратылған үзликсиз процесс болып есапланады. Жасларымызды қандай орталықта тәрбияласақ, ертеңги жәмийет те солай қәлиплеседи. Усы көзқарастан келип шығып, студентлердиң жазғы дем алысын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша анық ҳәм әмелий илажлар белгиленди. Ҳәзир барлық ЖООларда жаз айларында спорт дөгереклери, заманагөй кәсиплик көнликпелерге байланыслы шынығыўлар, шет тиллери, программаластырыў, график дизайн ҳәм анимация бойынша оқыў курслары жолға қойылмақта. Студентлердиң дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў мақсетинде әдебий кешелер, интеллектуаллық беллесиўлер, театрластырылған шығыўлар ҳәм көркем өнер көргизбелери шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, елимиздиң тарийхый, мәдений ҳәм тәбийғый гөззал аймақларына саяхатқа тартыў арқалы студентлердиң қәлбинде ўатансүйиўшилик ҳәм мақтаныш сезимин беккемлеў нәзерде тутылған.
Ишки туризмди раўажландырыў, мәдений ҳәм тарийхый естеликлерге саяхат шөлкемлестириў арқалы студентлер өз ўатаны менен жақыннан танысады, мақтаныш сезими, ўатансүйиўшилик руўхы және де беккемленеди. "Елимиз бойлап саяхат ет!" сүрени астында өткерилетуғын сапарлар жүз мыңлаған жасты қамтып алады.
Буннан тысқары, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди иелеўге қаратылған ҳәр қыйлы дөгереклер - робототехника, программаластырыў, жасалма интеллект, 3D моделлестириў, график дизайн, видео-монтаж, стартап жойбарлар менен ислесиў сыяқлы бағдарларда жумыс жолға қойылады. Бул имканиятлар жүз мыңлаған жаслар ушын өз қәбилетин көрсетиў, жаңа потенциал есиклерин ашыўға тийкар жаратады.
Жаз мәўсими илҳам мәўсими де есапланады. Поэзия кешелери, көркем өнер көргизбелери, интеллектуаллық ойынлар, дөретиўшилик таңлаўлар, социаллық тармақлар ушын пайдалы контент жаратыў жойбарлары студентлерди руўхый жақтан байытады. Бунда олар тек ғана тамашагөй емес, ал дөретиўши сыпатында қатнасады.
Жаслардың мийнет базарында өз орнын табыўы ушын да " Карьера күнлери" шөлкемлестириледи. Бул илажлар арқалы питкериўшилер өз тараўы бойынша тиккелей жумыс бериўшилер менен байланысады ҳәм бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўмат алады. Бул болса олардың келешегин анық белгилеўине тийкар жаратады.
Мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир пәрманы ҳәм қарары тийкарында инсан тәғдири, бахыты ҳәм келешеги тур. Бул сиясаттың орайында болса жаслар бар. Жаслар сүйениш болса, ел раўажланады, жаслар билимли болса, миллет раўажланады.
Жаңа Өзбекстанда жаслар ушын имканиятлар дәўири басланған. Ендиги тийкарғы ўазыйпа бул имканиятларды толық жүзеге шығарыў, оның нәтийжесин жәмийеттиң раўажланыўында, ҳәр бир шаңарақтың бахыт-ығбалында көрсетиў болып табылады.
Шоҳрух ДАЛИЕВ,
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар
министриниң биринши орынбасары