Жаслардың креатив белсендилигин раўажландырыў әҳмийетли ўазыйпа

    Билимлендириў системасын моделлестириў, педагогикалық процести модернизациялаў, оқыў пәнин методикалық жойбарластырыў ҳәм бағдарламадағы пәнлерди оқытыўда санлы технологияларды енгизиў ҳәм де түрли заманагөй креатив көз-қарасларды раўажландырыў әҳмийетли мәселелерден бир болып табылады.

    Креатив искерликти қәлиплестириў тийкарында илимий-интеллектуаллық потенциаллы, бәсекиге шыдамлы, бәркамал шахсты тәрбиялаўдай жуўапкершиликли ўазыйпа жәмленген. Соны есапқа алған ҳалда жоқары оқыў орынларында лекция, әмелий шынығыўларды өтиў процесинде педагогикалық-методикалық имканиятлардан пайдаланыў, белсенди, күшли позицияға ийе, тәжирийбели қәнигелерди тәрбиялаў, инновациялық потенциал ҳәм перспективалы креатив искерликти ислеп шығыўдың илимий-теориялық тийкарларын жаратып, әмелиятқа енгизиў оғада әҳмийетли.

    Педагогикалық процесте студентлердиң креатив искерлигин раўажландырыў, оқыў процеси менен байланыслы ҳалда талқылаў ҳәм ҳақыйқатлықты билиў, коррекциялаў, жаңа темаларды толық өзлестириў көнликпесин пайда етиў үлкен әҳмийетке ийе. Дөретиўшилик жумыс нәтийжелилигин тәмийинлеўде жоқары дәрежедеги қабыллаў, кең көлемли когнитивлик, рефлексивлик, сын көз-қарастан, аналитикалық, логикалық, дөретиўшилик пикирлеў, пәнлераралық интеграция тийкарында жетилисип барған билимлер жыйындысы ҳәм мағлыўматлар базасының динамикалығы жүзеге келеди.

    Креатив жумыстың раўажланыўына тийкарғы әҳмийет қаратыў студентлердиң дөретиўшилик пикир билдириў ушын зәрүр стратегиясын билиў имканиятын береди. Дидактикалық-методикалық оқыў тәмийнатын модернизациялаў механизмлерине пропорционал көринисте жаратыў студентлердиң креатив қатнасы нәтийже бериўине унамлы тәсир көрсетеди. Студентлерде креатив искерликтиң модернизацияланған формасын пайда етиў көп басқышлы психологиялық-педагогикалық процесс есапланады. Бунда оқытыў ҳәм оқыў материалы тийкарында билим, көнликпе ҳәм маманлықты пайда етиўдиң ең нәтийжели инновациялық технологияларын ислеп шығыў, жәҳән стандартларына сәйкес оқыў-методикалық әдебиятлар, заманагөй сабақлық пенен тәмийинлеў, оқыў бағдарламасында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың мазмунына сәйкес келетуғын, илим тараўының заманагөй тенденцияларының талапларына бейимлестирилген платформалар жаратыў, креатив жумыстың инфраструктураны раўажландырыўға байланыслы ҳәр тәреплеме функцияларды әмелге асырыў, билим көлеми, системалылығы, анықлығына итибар қаратыў сыяқлы бир неше тәреплерге итибар қаратыў мақсетке муўапық. Буннан тысқары, билим алыў көнликпесин жеделлестириў, дөретиўшилик орталық даўамлылығын беккемлеў, креатив искерлик арқалы кәсиплик-коммуникациялық байланысты үйретиўдиң илимий принциплерин енгизиў процесин жойбарластырған ҳалда избе-из ҳәм турақлы шөлкемлестириў, жаңа режелестирилген идеяларды жойбарлаўда социаллық, илимий, техникалық ҳәм мәдений билимлерге итибар қаратыў талап етиледи.

    Илимниң раўажланыўы, инновациялардың барлық тараўларға кирип келиўи, билимлендириўде информация көлеминиң кескин көбейиўи, оқытыў системасының формасы ҳәм мазмуны бойынша байыўы студентлерде креатив пикирлеўди қәлиплестириў талабын қоймақта.

    Креативликке тийкарланған искерлик оқыў процесин өзгертиўши фактор сыпатында көринеди. Оқыў материаллары мазмунының үзликсиз жетилистирилип барылыўы, оқыў предметлери қурамының жаңаланыўы студентлерден билим бериў процесине дөретиўшилик пенен қатнаста болган ҳалда оқытыўдың жана метод ҳәм технологияларын излеп табыў ҳәм дөретиўшилик пенен қатнаста болған ҳалда қолланыўды талап етеди. Бул процессте бүгинги күнниң билимлендириў талабынан келип шығып, жасларда бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў зәрүр.

    Студентлердиң креатив искерлигин жетилистириўде пәнниң ең соңғы жетискенликлери ҳәм алдынғы педагогикалық тәжирийбелерди билим бериў процесинде қолланыў биринши орында турады.

    Креатив искерлик барлықты билиў ҳәм үйрениўге бағдарланған саналы, мақсетли процесс болып, оның нәтийжесинде жәмийеттиң материаллық ҳәм руўхый турмысын жақсылаўға қаратылған жаңа, тәкирарланбас, бурын болмаған идеялар жаратылады. Усы көз-қарастан, креативликти инсан ақыл-ойының барлық унамлы сыпатын өзинде жәмлеген, жаңалық жаратыў менен байланыслы айрықша еркин искерлик деп атаў орынлы.

    Педагогикалық-психологиялық изертлеўлер ҳәм илимий әдебиятлардың анализи бойынша, креативлик дөретиўшилик түсиниги менен байланыслы ҳалда талқыланады. Креатив искерликте оқыўшылардың ойлап табыў қәбилети, кең пикирлеўи, терең пикирлеўи, когнитив-коммуникатив компетенциялары раўажланып барады.

    Креатив искерлик процеси билимлендириў мақсети, ўазыйпа, педагогикалық-методикалық принциплер, заманагөй қатнаслар, педагогикалық шараятлар, мазмун, форма, қураллар, норма ҳәм нәтийжелер тийкарында жетилистириледи. Демек, университетте изертлеўшилер тәрепинен креатив искерликти раўажландырыў бойынша педагогика илимлери бойынша философия докторы ҳәмде педагогика илимлери докторы илимий дәрежесин алыў ушын излениўлер алып барылған. Көркем-әдебий кешелер, байрам илажлары, музей ҳәм театрларға сапарлар шөлкемлестирилген, таңлаўлар шөлкемлестирилген, студентлер турақ жайларында белгили илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылар менен сәўбетлер өткерилген. Әсиресе, 21-октябрь, 8-март, 21-март күнлери қарсаңында студентлер менен байрамлар өзгеше белгиленеди. Сондай-ақ, шығармалар таңлаўын өткериў нәтийжесинде студентлердиң аўызеки ҳәм жазба саўатлылығын арттырыў менен бирге, креатив пикирлеўи сынақтан өткериледи. Бундай илаж, таңлаў, сәўбетлерде қатнасқан жасларда илим үйрениўге қызығыўшылық, ертеңги күнге исеним артады. Уллы шахслар жазған шығармаларды таллаўдан болса адамгершилик, тырысқақлық, мийнет сүйгишлик, мақтаныш сыяқлы сезимлер раўажланады. Креатив искерлик нәтийжесинде алынған теориялық, әмелий билимлерди кәсиплик искерликте қолланыў ушын бул искерлик тийкар ўазыйпасын атқарады.

    Студентлерде креатив искерликти раўажландырыўшы факторлар бар. Билимлендириўдиң мазмуны, мақсети, форма ҳәм усылларын үйрениўге имканият жаратыў; студент шахсының өзине тәнлиги, индивидуаллығы менен ислеў; креативлик процесинде мотивлерден өнимли пайдаланыў; дөретиўшиликтиң тийкарғы қәдирият дәрежесине түрли унамлы нәтийжени гөзлеўши тәсир йетиў; оқыў процесинде кең көлемди өнимдарлыққа тән дөретиўшилик орталық жаратыў; тийкарғы мақсетлер менен бир қатарда пикир таласлар өткериў усылар қатарына киреди.

    Оқыў бағдарламаларында сәўлеленген билимлендириў мазмуны оқытыўды раўажландырыўдың шешиўши факторы болып есапланады. Соның ушын раўажланыў машқаласын шешетуғын бундай билимлендириў мазмунын ҳәр қыйлы қатнас ҳәм методикалық тәмийнат арқалы жойбарластырыў үлкен әҳмийетке ийе.

    Заманагөй оқытыў системасы билим алыўда белсенди позицияға ийе болған ҳәм сабақ процесинде қатнасатуғын оқытыў усылларынан пайдаланыўды ҳәм де оны әмелде қоллай алыўды өз ишине алады.

    Студентлерде креатив искерликти турақлы раўажландырыў олардағы компетенциялық, пәнге байланыслы билим, көнликпе ҳәм тәжирийбениң кеңейиўине, инсаныйлық пазыйлетлердиң раўажланыўына хызмет етеди. Креатив искерликтиң үзликсиз раўажланыўы тәлим-тәрбияның бир пүтин турақласыўы, илим алыўдың тийкарғы ўазыйпа екенлигин аңлаўға бағдарлайды. Солай екен, студентлеримиз жоқары билимли, халықаралық көлемдеги теңлеслери менен ҳәр тәреплеме бәсекилесе алатуғын умтылыўшаң, дөретиўшилик ҳәм илимий пикирлеўге ийе, терең пикирлейтуғын, ўатансүйиўши, инсаный, халықшыл болыўы керек.

    Ғофур АБДИЛАКИМОВ,

    Низамий атындағы

    Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети

    оқыў-методикалық басқармасы баслығы, профессор

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates