Мәмлекетимиз басшысының гезектеги сөйлесиўи жаслардың турмысында оғада әҳмийетли ўақыя болды. Ушырасыўда қатнасқан жигит-қызлар оғада үлкен тәсирлер менен кеткени анық. Нәўқыран әўлад ўәкиллери менен сәўбетте көп мәселелер додаланды. Усыныслар тыңланды, басламалар қоллап-қуўатланды. Ең тийкарғысы, жаслар арасында жумыссызлықты сапластырыўға итибар қаратылды. Бул бағдарда белгили жумыслар исленбекте. Жумыссызлардың азайып баратырғаны, жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң саны артып атырғаны жаслардың бәнтлигине қаратылып атырған итибардың нәтийжеси болып есапланады.
Билимлендириў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири. Алдын жоқары билимлендириўде бир орын ушын кеминде 10 абитуриент гүресетуғын еди. Жоқары оқыў орынларының саны артқаны ҳәр бир жастың әрманы әмелге асыўы, студент болыўына имканият бермекте. Ҳаял-қызлардың шәртнама төлеми де қаплап берилмекте. Түрли бағдарда табысқа ерисип атырған жигит-қызлардың қатары барған сайын кеңеймекте. Ҳәзир дүньядағы абырайлы университетлерде өзбекстанлы 1500 ден аслам студент билим алып атырғаны жаңа әўлад кадрлары жетисип киятырғанынан дәрек береди.
Жаслығымда пән олимпиадаларында көп қатнасқанман. Жеңимпаз болсақ та, қолымызға дипломнан басқа ҳеш нәрсе берилмейтуғын еди. Ол ўақытлардағы жағдайды ҳәзирги шараятлар менен салыстырып болмайды. Ҳәзирги ўақытта халықаралық пән олимпиадасының жеңимпазлары ҳәм устазлары мүнәсип хошаметленип киятырған еди. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы абырайлы халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылатуғынын мәлим етти. Бул үлкен қаржы, жаслар ушын үлкен мотивация. Адамлар жақсы жаңалыққа тез үйренип қалады. Бул тап тәбийий болып көринеди. Бирақ, артқа нәзер салып қарасаңыз, жақын жети-сегиз жылдағы өзгерислерди бир ўақытлары түсимизде де көрмедик. Итибар, қоллап-қуўатлаў ҳәм мийнет. Бул шынжырдың ҳәр бир буўыны беккем.
"Алоқабанк" жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаўшы таяныш банкке айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылатуғыны айтылды. Өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын жеңиллетилген микроқарыз ажыратылатуғын болды. Усы жылы дерлик 5 миллион 200 мың адамды бәнт етиў мөлшерленген. Бунда жаслардың үлкен орны бар.
Жумыс табыўда шет тиллерин билиў жүдә әҳмийетли. Сол себепли, шетки аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашқан маман жасларға 120 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Сондай-ақ, жеке меншик оқыў орайларында шет тиллерин үйрениўши жасларға төлеми "2+6" ай түринде қаплап берилиўи, яғный оқыў қәрежетиниң дәслепки 2 айы оқыўшылардың өз қаржысынан, қалған 6 айы мәмлекет есабынан төлеп берилиўи нәўқыран әўлад ўәкиллерине қаратылып атырған итибардан және бир дәрек береди.
Ушырасыўда қатнасқан жаслар арасында Гарвард университетине қабыл етилген студент те бар еди. "Неге бир студент, неге көбирек студент емес?" деген сораў қойылды. Жоқары билимлендириў мәкемеси жанында "гарвардшылар клубы"н ашыў, питкериўшилер арасынан Гарвардта оқыўы мүмкин болған жасларды таярлаў мәселеси көтерилди. Бунда Илимлер академиясы да өз үлесин қосыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Әлбетте, бул исте жәрдемши боламыз. Себеби ең абырайлы жоқары оқыў орынларына кириў ушын тийкарынан математика пәнинен имтихан болады. Математика ҳәм шет тилин билсе, қалғанын шеше алады. Жасларымыздың тамырында уллы ойшыллардың қаны ағып атыр. Оларда үлкен жумысларға потенциал бар. Соны тек иске асырыўы керек. "Гарвардшылар клубы" Вестминстер университети жанында шөлкемлестирилиўи мүмкин. Ҳәр бир ўәлаяттан жоқары класста оқып атырған қәбилетли ул-қызларды жыйнаў, олар менен абырайлы университет имтиханына таярлық көриў - ең үлкен ўазыйпамыз.
Жақында SAT халықаралық имтиханынан ең жоқары - 1600 балл топлаған билимли ҳәм умтылыўшы Парвиз Тоқсановты Президентимиз усы нәтийже менен қызғын қутлықлап, ата-анасы ҳәм муғаллимлерине миннетдаршылық билдирди.
Жаслар агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры шөлкемлестирилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды. Енди исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи. Исбилермен жаслардың стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.
Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи. Комиссия жумыс орынларын жаратыў, кадрларға талап, бос орынларға жасларды жайластырыў мәселелерин шешеди.
Ҳәзирги ўақытта философия докторлығы, илим докторлығын жақлаўшылар көбейип кетти. Плагиат ҳәўиж алды. Бул арқалы сапасыз кадрлардың жетилисиў қәўпи айқын көринди. Бизге олардың саны емес, сапасы әҳмийетли. Бул ҳаққында алдын да айтқанбыз. Илимниң тазалығын, экономикамызға тәсирин күшейтиў ең тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады. Өзбекстан Илимлер академиясы сапаны сақлаўға, миллий кадрлардың жаңа әўладын таярлаўға өз үлесин қосыўы керек, деген идея алға қойылды. Бүгинги раўажланыўымыз, экономикамыз, халқымыздың турмыс тәризин жақсылайтуғын илим керек.
Президентимиз жасларға байланыслы көплеген мәселелерге тоқтап өтти. Машқалалардың шешими көрсетилди. Зәрүр қаржы ажыратылатуғын болды.
Жасларға сөз берилди. Олар қағазға қарамастан батыл, еркин пикир билдирмекте. Мен олардың жүректен атылып шығып атырған сөзлерин еситип, шынында да, мақтаныш еттим. Жүрегинде оты бар, көзи жанып турған, Президентимиздиң басламаларын қоллап-қуўатлап, жаратылған имканиятлардан пайдаланыў, елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў тилегиндеги жаслардың умтылыслары маған қатты тәсир етти. Өсип киятырған әўладтың күш-ғайраты, арзыў-нийетлери, потенциалы адамды мақтанышқа бөлейди.
Жаслар менен пикирлесиўде Президентимиз оларды қоллап-қуўатлап, көрсетилип атырған итибар менен және де руўхландырып жиберди. Мәмлекетимиз бойлап неше мың жаслар буны онлайн бақлады. Ертеңимиз ийелерине бул итибар бир күн келип өз нәтийжесин береди. Буның ушын бүгин тырнақ тасы қойылмақта. Перзентлеримиздиң ҳәрекетлеринен Үшинши Ренессанстың самалы есип тур.
Шавкат АЮПОВ,
Өзбекстан Илимлер академиясы президенти,
Өзбекстан Қаҳарманы, академик