Жер ҳәм суў аўыл хожалығының тәғдирин шешеди

    Жақын жылларға шекем "илик үзилди" дегенде базарларымызда мийўе-овощ әдеўир азайып қалатуғын еди.

    Кеминде жигирма күн - бир ай базар текшелери босап, қымбатшылық басланар еди. Бундай ўақытта алма, шабдал, помидор ҳәм қыяр сийрек ушырасатуғын өнимге айланатуғын еди. Базарлағанымызда гейде бундай өнимлерди сатып алыўға қалтамыз көтермей қалатуғын еди. Бул жағдай, әсиресе, шетки аймақларда жүдә сезилер еди. Көпшиликтиң дастурханы "кәмбағалланар еди". Қалаберди, бәҳәрде сатып алынған аўыл хожалығы өнимлериниң дәми болмайтуғын еди.

    90-жыллардың басларын жасы үлкенлер ҳәзир де көп еслейди. Сол дәўирлерде дийқан базарларында тек картошка, гешир ҳәм пияз сатыўшы ҳәм қарыйдарлардың тийкарғы өними болған. Бүгин болса қыс па, бәҳәр ме, жүзим, мандарин, киви, қулпынай, банан сыяқлы таза мийўелерди жаңа үзилгендей жағдайда сатып алыў мүмкин. Үлкенлердиң еслеўинше, мандарин ҳәм ананаслар 90-жылларда базарларымызда дерлик болмаған.

    Буннан бир неше жыл бурын хызмет сапары менен Польшаға барған едим. Азан менен мийманханамыздың жанындағы супермаркетлерди айланып шығатуғын едим. Қолайлы дүканлар текшелериндеги гөззал қадақланған қаймақ, сметана, кефир сыяқлы сүт өнимлерин көрип ҳайран қалмаўға болмайтуғын еди. Себеби өнимлер сол күни ислеп шығарылған. Сатыўшылардан сорағанымда, жақын әтираптағы фермерлер өз фермаларындағы сүтти қайта ислеп, тутыныўшыларға сапалы ҳәм тез жеткериўге ҳәрекет ететуғынын айтады. Бул жерде бәсеки механизми ислеп атыр. Өндириўши де, қайта ислеўши де, саўда орынларына жеткерип бериўши де фермердиң өзи.

    Соннан кейин бул мәмлекеттиң аўыл хожалығы менен қызықтым. Фермерлерге жер жеке меншик мүлк сыпатында берилген. Атызына не егетуғынын өзи шешеди. Инновациялық шешимлер менен өнимдарлықты арттырыў илажларын көреди. Ҳүкиметтиң аўыл хожалығына жуўапкер уйымлары фермерлерге қандай егин егиў бойынша мәсләҳәт береди екен. Айтайық, гешир ямаса картошка быйыл көп егилген, сол себепли, келеси мәўсимде бул өнимлердиң баҳасы түсип кетиўи мүмкинлиги ҳаққында мәлимлеме менен фермерди "қуралландырады екен".

    Есиңизде болса, өткен жылы елимизде пияз ҳәдден тыс көп егилгени себепли баҳа жүдә арзанлап кетти. Нәтийжеде мыңлаған гектардағы өним атызларда қалды. Бундай жағдай еки-үш жылда тез-тез болып турады. Дийқан ҳәм фермерлер күйип қала береди. Жергиликли дәрежедеги жуўапкерлер болса баҳа төменлеп кеткеннен кейин ҳәрекетке түседи. Быйыл да тап усындай жағдай помидор ҳәм ғарбызда бақланды.

    Өткен ҳәптеде Президентимиздиң басшылығында мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспортын көбейтиўде жаңа резерв ҳәм имканиятларды иске қосыў бойынша өткерилген видеоселекторда тараў алдындағы машқалалар ҳәр тәреплеме талланып, анық мәселелерди шешиўге қаратылған қарарлар қабыл етилди.

    Соңғы үш жылда 250 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлери азық-аўқат жетистириўге берилгенин атап өтиў керек. 160 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды. Гөнерген 107 мың гектары жаңаланған еди. 1 миллиард долларлық 1,5 мың азық-аўқат жойбары иске қосылды.

    Буннан тысқары, 100 мың тонна сақлаў, 70 мың тонна кептириў, 46 мың тонна сайлап алыў ҳәм қадақлаў қуўатлықлары жаратылды. Аўыл хожалығындағы реформалар халықаралық көлемде тән алынбақта. Өткен айда Өзбекстан Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) кеңесиниң ағзалығына сайланды.

    "Бул миллий ҳәм регионаллық басламаларды алға қойыў, жаңа жойбарларға қаржы тартыўда биз ушын үлкен имканият", деп атап өтти Президент.

    Бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы халықаралық жағдай күн сайын өзгерип атырғаны, жылдан-жылға қайталанып атырған ҳаўа-райының қыйыншылықлары, "аномал ыссы" ҳәм "аномал суўық" деген түсиниклер әдеттеги жағдайға айланып үлгергенине итибар қаратты. Бундай қәўипли шараятта ҳәр бир экспорт базары мәмлекетимиз ушын оғада әҳмийетли екени, керек болса, бул экономикалық қәўипсизликтиң тийкарғы бағдарларынан бири екени көрсетип өтилди.

    Сонлықтан, бул илажда тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлерге шараятқа бейимлесип, ыссы ҳәм суўыққа, суўсызлыққа шыдамлы өнимлер жетистириўге өтиўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Өткен 6 айда азық-аўқат экспорты 44 процентке өсип, 1 миллиард 326 миллион долларды қурады. Экспорт географиясы 16 мәмлекетке көбейди.

    Өнимлеримиз сапалы ҳәм мазалы болғаны ушын сырт ел базарларында "Өзбекстанда жетистирилген" бренди белгили екенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, алдынғы экспортшыларымыз быйыл "шок" усылында музлатылған 9 мың тонна черешняны 26 миллион долларға экспорт еткен. Өзимизде алша жетиспей атырғаны ушын импорт етип, музлатып, қайта экспортқа шығарыўды да баслаған.

    Мийўе-овощ заманагөй қадақта экспорт етилсе, көбирек дәрамат алыў мүмкин. Быйыл аймақларда 16 заманагөй қадақлаў ислеп шығарыў жойбары иске қосылды. Бул бағдардағы жумыслар күшейтилип, жылдың ақырына шекем және 15 усындай кәрхана ашылады.

    Бүгинги күнде республикамызда 5,1 мың гектар ыссыхана болып, соңғы жети жылда оларда жетистирилетуғын өнимниң көлеми 110 мың тоннадан 546 мың тоннаға көбейди.

    Енди ишки базар менен бир қатарда экспортқа да өним жетистириў миннетлемесин алған, тәбийғый газде ислеп атырған ыссыханаларға қысқы мәўсимде газ кепилликли көлемде бериледи. Көмир ямаса басқа да альтернатив ысытыў системасында ислеп атырған ҳәм экспорт миннетлемесин алған ыссыханаларға да тәбийғый газге қайтыў имканияты болады.

    Қалаберди, буннан былай ыссыханалар, категориясына қарамастан, жер салығын аўыл хожалығы жерлери ставкасында төлеўи белгиленди. 2028-жылға шекем ыссыхана жумысшылары ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсириледи.

    Ҳәзир фермерлер жер, кредит, субсидия ҳәм агрохызметлер бойынша 30 дан аслам платформадан пайдаланбақта. Оны аңсатластырыў ушын олар бирлестирилип, "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграциялық платформасы иске қосылады.

    Енди атызына не егиўди фермердиң өзи шешеди. Буны платформаға да оның өзи киргизеди. Нәтийжеде тийкарғы, тәкирарый ҳәм тоқсанбаслы егинлердиң муғдары алдын ала көринеди. Бул азық-аўқат қәўипсизлиги, баҳаның турақлылығы ҳәм дийқанлардың дәраматында оғада әҳмийетли.

    Фермерлерге берилип атырған бул еркинлик өткен ҳәптениң ең әҳмийетли жаңалығы болды, десек қәте болмайды. Себеби атызына не егиў мүмкин, қайсы егиннен мол зүрәәт алыў имканиятын оның өзинен жақсырақ билетуғынлар болмаса керек. Қол басқарыўына тийкарланған ҳәр қыйлы бюрократиялық басымлар фермерлердиң жумысына кесент берсе де, ҳеш қандай пайда келтирмейди.

    Қысқаша айтқанда, миллий экономикамыздың ертеңги күни, халқымыздың турмыс абаданлығы, базарларымыздың молшылығы тиккелей аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм оның нәтийжесине тиккелей байланыслы. Негизинде, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти де усы!

    Юнус БУРОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates