Ҳәр қандай мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ҳәм дүнья көлеминдеги бәсекиге шыдамлылығын, бәринен бурын, жоқары маман қәнигелерди таярлаўға қаратылған бир тутас ҳәм избе-из қатнасларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Бул, әсиресе, Өзбекстан сыяқлы жедел реформалар басқышында турған мәмлекетлер ушын оғада әҳмийетли.
Маман ҳәм жоқары билимге ийе қәнигелер тек стратегияларды әмелге асырыўшылар емес, ал оларды қәлиплестириўши, әмелиятқа енгизиўши ҳәм заман талапларына бейимлестириўшилер болып есапланады.
Жетик билим, аналитикалық пикирлеў, халықаралық тәжирийбе ҳәм жоқары кәсиплик мәдениятқа ийе инсанларсыз ҳәр қандай реформалар әмелий нәтийже бериўи қыйын.
Сырт елде билим алыў бул бағдардағы ең әҳмийетли қураллардан бири болып есапланады. Бул арқалы өзбекстанлы студент ҳәм қәнигелер дүньядағы ең алдынғы билимлендириў дәреклерине ийе болады. Илим, технология, басқарыў ҳәм бизнестеги заманагөй көзқарасларды өзлестиреди. Сондай-ақ, сырт елде оқыў процесинде түрли мәдениятлар менен пикирлесиў, глобал пикирлеў, санлы инновация сыяқлы көнликпелер қәлиплеседи. Бул болса бүгинги күнде көп қырлы ҳәм заманагөй кәсиплерди ийелеўде айрықша әҳмийетке ийе.
Сырт елде билимлендириў бағдарламалары, әсиресе, егер олар миллий стратегиялар шеңберинде, мәмлекетлик стипендия қорлары, жетекши университетлер менен бирге ислесиў тийкарында әмелге асырылса, жаңа әўлад қәнигелерин қәлиплестириўде катализатор ўазыйпасын атқарады. Елимизге қайтқан бундай кадрлар халықаралық стандартларды енгизе алады. Билим ҳәм технологиялар алмасыўын күшейтеди және Өзбекстан менен дүнья жәмийетшилиги арасында көпир ўазыйпасын атқарады.
Жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў тек ғана техникалық ямаса басқарыў тараўлары менен шекленип қалмаўы керек. Билимлендириў, медицина, қоршаған орталықты қорғаў, ҳуқық ҳәм мәденият сыяқлы бағдарларда да терең реформалар болып өтпекте. Бул тараўлардағы қәнигелердиң таярлығы болса халықтың абаданлығы ҳәм турмыс сапасына тиккелей тәсир көрсетеди.
Сонлықтан, кадрлар таярлаўды системалы ҳәм избе-из шөлкемлестириў, соның ишинде, сырт елде билим алыў имканиятларын жаратыў турақлы раўажланыўдың тийкарғы факторы болып есапланады. Өзбекстан ушын нәтийжели мәмлекетлик басқарыў ҳәм белсенди пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўде шешиўши әҳмийетке ийе интеллектуаллық ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли инвестиция болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 5-май күни перспективалы кадрларды мақсетли таярлаў ҳәм қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳәр бир тараўды раўажландырыўда кадрлар мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Жаслардың билим алыўы, қәнигелердиң тәжирийбе арттырыўы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Усы мақсетте "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен 2 мың 225 стипендиат 45 ке шамалас мәмлекетке оқыўға жиберилип, бюджеттен жәми 1,5 триллион сум ажыратылды. Ҳәзирги ўақытқа шекем олардың 1 мың 400 и Өзбекстанға қайтып, экономика тармақларында, билимлендириў, илим, медицина ҳәм мәмлекетлик басқарыўда жумыс ислемекте. Енди бундай жумыслардың көлемин және де кеңейтиў мақсетинде бул фонд Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип, Мәмлекетлик басқарыў академиясы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы етип қайта шөлкемлестириледи.
- Бүгинги дүньяда билимли, өз тараўын терең түсинетуғын, жоқары маманлықтағы кадрларға талап оғада үлкен, -дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының ректоры Жасур Солиҳов. - Заман талапларына сай қәнигелер таярлаўда Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының да орны үлкен. Усы мақсетте академия жаңа көринисте қайта шөлкемлестирилмекте.
Бул жерде "Ҳәкимлер мектеби", "Басшы ҳаял-қызлар мектеби", "Келешек лидерлери" сыяқлы курсларда алдынғы билимлендириў бағдарламалары жолға қойылған. Жаңа системаға тийкарланып, енди мәмлекетлик хызметкерлер ушын 3 бағдарлама - маманлық арттырыў, қайта таярлаў ҳәм магистратура болады. Узақ ҳәм орта мүддетли оқыўлардың барлығы сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары ҳәм Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң таяныш усыныслары тийкарында шөлкемлестириледи. Магистратурада "Мәмлекетлик басқарыў", "Мәмлекетлик сиясат", "Аймақларды комплексли раўажландырыў", "Инсан ресурсларын раўажландырыў" ҳәм "Мәмлекет қаржыларын басқарыў" бағдарларында 18 айға шекемги мүддетте тереңлестирилген билимлер беретуғын академияда билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий изертлеўлердиң сапасын арттырыў бойынша усыныслар бериў, абырайлы сырт ел илимий-билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў орнатыў ушын Халықаралық академиялық мәсләҳәт кеңеси дүзиледи. Сондай-ақ, академия жанында 4 жаңа орай ашылады.
- Президентимиз қор жумысын жетилистириў, перспективалы кадрларды таярлаў бойынша пүткиллей жаңа системаны қәлиплестириў ўазыйпасын қойды, - дейди Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қорының атқарыўшы директоры Гулноза Исмоилова. - Бул бағдардағы ең тийкарғы бағдарлардан бири - "Ел-юрт умиди" қоры билимлендириў, илим ҳәм тәрбияның орнына айланыўы керек. Соның ишинде, перспективалы қәнигелерди сырт елде таярлаў бойынша бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура менен бир қатарда мәмлекетлик хызметкерлер алты айға шекем мақсетли стажировкаға жибериледи.
Онда энергетика, урбанизация, транспорт, архитектура, геодезия, жер қатнасықлары, техника, инженерлик сыяқлы драйвер тараўларға, мәмлекетлик басқарыў ҳәм әҳмийетли социаллық бағдарларға тийкарғы әҳмийет бериледи.
Алдымызда турған ўазыйпалардан және бири сырт елли жаслардың елимиздеги жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын шараят жаратыў болып табылады. Бул болса, өз гезегинде, бизге өзбек мәдениятын, тилин үгит-нәсиятлаўға, Өзбекстанды дүньяға танытыўға жол ашады.
Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы ҳәм Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте кадрлар таярлаў кластерине айланады.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




