Сөйлесиў даўамында усы жылдың январь айында JICA Президенти А.Танакалардың Өзбекстанға сапары ҳәм Президент Ш.М.Мирзиёев пенен ушырасыўы әҳмийетли ўақыя болғаны ҳәм Агентлик пенен нәтийжели бирге ислесиў тарийхында жаңа басқыш ашылғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў, әсиресе, JICAның түрли оқыў жойбарлары парламентлераралық байланыслар ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Бизге белгили, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги 50 жылдан аслам ўақыт даўамында раўажланып атырған мәмлекетлердиң еркин ҳәм турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыўға жәрдем берип келмекте.
Усы жылы мәмлекетлик басқарыў, аўыл хожалығы, энергетика, жеке меншик сектор сыяқлы тараўларда JICA шөлкеми менен әмелий оқыўларды шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарламаларға ҳаял-қызларды кеңирек тартыў мәселелери додаланды.
Соның менен бирге, келешекте аймақлық парламент ўәкиллери - жергиликли Кеңес депутатлары ушын маманлық арттырыў бағдарламаларын енгизиў бойынша пикир алысылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.