Жаңа жыл байрамында бир туўысқанымыздың үйинде мийман болдық. Шаңарақ ийеси узақ жыллар түрли лаўазымларда ислеген, руўхый жетик инсан. Соған жараса сәўбетинен кеўлиң жайнайды. Дастурханға қойылған аўқатларды жеп болғаннан кейин, үй ийесинен пәтия етиўди сорадық. Ол дуўа арасында "Жылыңыз жасыл болсын!" деди. Негедур бул нийет ядымда мөрленип қалды.
Бүгинги күнге келип "жасыл" өмир түсиниги турақлы зәрүрликке айланып қалған. Себеби, барған сайын "жасыл" энергетикадан басқа энергия дәреклериниң көлемин есаплаў аңсатласып бармақта. Сол себепли жүдә көп "қара алтын"ға бай мәмлекетлер дәраматының бир бөлегин қайта тиклениўши энергия дәреклерин жаратыўға жумсамақта. Әлбетте, бул жолдағы ҳәр бир ҳәрекет үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, "жасыл" энергетиканың абзаллықлары жүдә көп. Олардан бири - экологияның тазалығына үлес қосыў. Тәбиятты теңсалмақлылықта сақлаў қағыйдасы жүдә әпиўайы - ҳаўаға көтерилип атырған зыянлы газ ағымын қысқартып, кислород дәреклерин көбейтиў.
Изертлеўлерге қарағанда, бир терек бир жылда орташа 120 килограмм кислород ислеп шығарады. Сондай-ақ, өмири даўамында дерлик 1 тонна карбонат ангидрид газин жутады. Бир адам болса жылына орташа ярым тоннаға жақын карбонат ангидридти ҳаўаға шығарады. Орташа жасты 70 жас деп алсақ, бир адам ҳаўаға шығаратуғын зыянлы газди жутыў ушын 35 түп терек керек екен. Бул - өсимликлердиң зыянды қаплаўдағы хызмети. Олардың адамзатты таза ҳаўа менен тәмийинлеў ўазыйпасы да бар.
Ҳәр биримиз дем алыўымыз ушын бир жылда 600 килограмм әтирапында кислород керек. Демек, бир адамды кислород пенен тәмийинлеў ушын кеминде 5-6 түп терек керек болады. Кеминде! Себеби, тереклердиң де кислород ислеп шығарыў проценти ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
Тәбият теңсалмақлығы бузылмаўы ушын ҳәр бир жан басына жылына орташа 20 теректиң хызмети керек. Бир шаңарақта орташа 5 адам жасайды, десек, бул бир шаңарақ ушын кеминде 100 түп терек зәрүр дегени. Бир мәҳәлле ямаса аўылда орташа 100 шаңарақ жасайды, деп алсақ, 10 мың түп терек болыўы керек. Бул орташа 100 шаңарақ жасайтуғын аймақта тереклер ушын улыўма 7 гектар майдан ажыратылыўы зәрүрлигин аңлатады.
Мәмлекетимизде қыйтақ жерли шаңарақлардың улыўма майданы орташа 6 сотых әтирапында. Бул ҳәўлиниң көби менен 2-3 сотыхын терек ҳәм өсимликлер егиўге ажыратыў мүмкин, дегени. Ең көби менен 100 шаңарақ жасайтуғын аймақта жасыл майдан жаратыў ушын 3 гектар жер ажыратылыўы мүмкин. Бул тереклерге болған талаптың ярымын да қапламайды. Не ислеў керек? Оған инсаният әлле қашан шешим тапқан - бағлар, тоғайлар, жасыл аймақлар жаратыў керек.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекетиниң де тийкарында мине усы - өзимиз жеке өзимиз шеше алмай атырған ўазыйпаны, яғный жасыл аймақларды кеңейтип, кислородқа болған талапты биргеликте тәмийинлеў мақсети тур.
Биз жоқарыда аўыл ямаса қыйтақ жерли мәҳәллелер мысалында есап-санақ еттик. Енди қалалардағы, әсиресе, көп қабатлы жайлар жайласқан аймақлардағы жағдайды көз алдыңызға келтириң. Мәселен, 16 қабатлы жайларда орташа 80 квартира бар. Ҳәрбиринде 5 адамнан жасайды, десек, 400 адам болады. Олардың ҳәр бирине орташа 20 түп терек керек болса, улыўма 8 мың, дегени. Бир массивте усындай көп қабатлы жайлардан орташа 10 болса, тереклердиң саны 80 мың түп болыўы керек.
Бир массивтиң өзинде 56 гектар майданда терек егиў мүмкин емес екени айқын. Себеби, қәлеген қалада жер жетиспейди. Демек, массивлер өз аймағындағы талаптың 10 процентин де қаплай алмайды. Ташкент әтирапында "жасыл белбеў" жаратыў жойбары мине усы талапты қаплаўда үлкен қәдем болды. Буның дәслепки үлгиси сыпатында пайтахтымыздың Бектемир районында Ташкент айланба жолы бойында жасыл аймақ жаратылды. Оның ушын 100 гектар жер ажыратылған болып, еки жылда жәми 100 мың түп терек ҳәм пута нәли егиледи. Жойбардың избе-из даўам етиўи нәтийжесинде талаптың үлкен бөлегин қаплаў имканияты жүзеге келиўи мүмкин. Мине, "жасыл белбеў" бизге не ушын керек!
"Жасыл мәкан" бийкарға улыўма миллий жойбар деп тәрийпленбеген. Бул халқымыздың миллий ўазыйпасына, ҳүждан ҳәмирине айланыўы керек. Дәслеп жойбарды ғалаба ен жайдырыў ушын ўазыйпалар мәнзилли әмелге асырылды, шөлкемлер баслама көрсетип, бир-биринен үлкен, бир-биринен ҳәр қыйлы жасыл аймақлар жаратпақта. Бирақ күтилген нәтийжелерге ерисиў ушын халқымыздың белсендилиги де оғада зәрүр. Туўысқанымыз пәтия арасында айтқан "Жылыңыз жасыл болсын!" деген тилек тийкарында да әне усы шақырық жатқан болса, әжеп емес. Бул мақсет ўатанласларымыздың жүрегинен орын алып атырғаны болса адамды қуўандырады.
Таза жерде бағ болады
Қашқадәрьяның бир аймағында тасланды жер болатуғын еди. Жапқа жақын жайласқаны ушын ба, негедур ҳеш ким итибар бермейтуғын еди. Дәслеп бир-еки адам үйиниң шығындысын усы жерге таслаўды әдет етти. Кейин буған әтираптағылар да қосылды. Нәтийжеде жақсы аймақ, қала орайына алып баратуғын жолдың шети шығындыханаға айланып қалды. Бирақ арамызда бийпәрўа болмаған инсанлар да көп. Ўақыт келип, бул жерге шығынды тасланбайтуғын болды. Жақсылардың басламасы менен бағқа айландырылды. Өткен жылы писикшиликте усы жолдан өтип атырғанымызда, жолдың бетинде мийўе сатылып атыр, бағдың зүрәәтинен екен. Жол-жөнекей бул тереклердиң өтмишин еске түсирдик. Егер бул жерлер де тасланды ҳалында тура бергенде, мурынға ҳәзиргидей мийўелердиң ийиси емес, шығындының сасық ийиси урып турған болар ма еди ...
Гүл де кислород шығарады
Негедур таза ҳаўа делинсе, көпшиликтиң қыялына тек тереклер келеди. Бирақ, өсимлик дүньясының және бир түри бар, ол экологияның турақлылығын сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе. Бул - гүллер. Гүлди жақсы көрмейтуғын адам аз табылады. Себеби ол гөззаллық тымсалы. Бирақ гүллердиң хызмети тек усының менен шекленип қалмайды. Мысалы, роза гүлди алайық. Бир түп роза гүл бир жылда ярым килограммға жақын кислород шығарып, 300 граммға жақын карбонат ангидрид газин жутады екен. Егер қыйтақ жеримизде 50 түп роза гүли егилген болса, тәбиятқа 25 килограмм таза ҳаўа саўға еткен боламыз. Дурыс, олардың нәтийжелилиги тереклердикиндей жоқары болмаўы мүмкин, бирақ экологиялық турақлылықта олардың қатнасы жүдә әҳмийетли.
Дәстүрди тиклеў керек
Мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 11-август күни Бухара қаласында өткерген видеоселектор мәжилисинде халқымыз арасында шаңарақта жаңа перзент дүньяға келгенде, той, юбилей ҳәм туўылған күн мәресимлеринде терек егиў сыяқлы жақсы дәстүрди тиклеў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, қандайда бир жаңалық жүз бергенде естелик сыпатында нәл егиў халқымыздың әзелий дәстүрлеринен. Бирақ үгит-нәсият жетерли болмағаны себепли соңғы жыллары бул дәстүр умытылып атырған еди. Жеке Президентимиздиң бул ийгиликли әдетти тиклеў зәрүрлигин атап өткени болса қәдириятқа қайтадан жан бағышлады.
Халқымыз турмысы той ҳәм байрамлар менен тиккелей байланыслы. Шаңарақта перзент туўылса, бираздан кейин бесик тойы өткериледи. Ул балалар сәл үлкейгеннен кейин, сүннет тойы өткериледи. Ержеткеннен кейин болса неке тойы. Ғаррылық басқышында юбилей сәнелери белгиленип, халыққа дастурхан жайылады. Орташа есаплағанда, бир өзимизге байланыслы кеминде 5-6 той өткеремиз екен. Бир шаңарақ жыллар даўамында өткерген той-мерекелерине бағышлап терек егиўди әдет етсе, әжайып бағ пайда болады.
Усы жерде бир усыныс бермекшимиз. Нәл егиў басламасы некеден өтиў процесинде де қолланылса, нур үстине нур болар еди. Мәселен, Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, өткен жылдың январь-октябрь айларында елимизде ПҲАЖ уйымларында жәми 215 мың неке жағдайы дизимге алынған. Демек, бул жаңадан қурылған ҳәр бир шаңарақ бир түптен нәл отырғызса да қосымша 5,5 тонна кислород дереги пайда болады, дегени.
Бир-биримизди алдасақ, жәбирлениўши де өзимиз боламыз
Терек егиў миллий ўазыйпамыз сыпатында үгит-нәсиятлана баслағаннан соң, бул бағдарда көз бояўшылықлар да ушырасып туратуғын болды. Мәмлекетимиз басшысы 2021-жылы болып өткен бир видеоселектор мәжилисинде усындай жағдайларды нәзерде тутып, "Сонша жыллар "қағазда" егилген тереклерди есапласа, Өзбекстанда бос орын қалмаўы керек еди. Система, қараў болмағаны ушын егилгенлериниң де көбиси қуўрап кетти." Бүгинги күнге келип, бундай жағдайлар бираз азайды, бирақ ҳәммемиздиң ҳүжданымыз әмелиятымызға төреши бола береди.
Зыянлы газ аспаннан жаўылай атыр, ал жерден көтерилип атыр
Мақала таярлаў процесинде социаллық тармақлар арқалы Ташкент қаласы дүньяның ҳаўасы таза емес қалалары арасында биринши орынға шығыпты, деген хабарлар тарқалды. Бул жағдайда кимдур пайтахт әтирапын қоршап турған ыссыханаларды айыплап атырған болса, және кимдур автомобиллерден шығып атырған зәҳәрли газ ҳәм ысытыў системалары мазут жанылғысы менен ислетилип атырғанын себеп деп есапламақта. Бирақ аналитикалық жақтан қарағанда, бул мыш-мышлар дурыс болса да, әйне машқалалардың орайында бәрибир инсан факторы турыпты. Себеби, ыссыханалардан дәрамат алып атырған да, автомобиллерден пайдаланып атырған да, мазут жағып атырған да өзлеримиз. Яғный зыянлы газлер пайтахтқа аспаннан жаўып атырған жоқ, жерден көтерилип атыр. Бул болса пайтахт экологиясының тийкарғы қутқарыўшысы - халықтың өзи екенин және бир мәрте дәлиллейди.
Мәселе айланып келгенде бәрибир қоршаған орталықтың жасыллығын арттырыў зәрүрлигине келип тақала береди. Көринип турғанындай, буннан басқа илажымыз да жоқ.
Жонибек АЛИЖОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы