баннер
21 Mar 2025
08:01

    Жолды тазалап атырған қыз ямаса ықлым өзгермекте, неге биз өзгермеймиз?!

    Пайтахттың бир шетинде жайласқан Ташкент химия халықаралық университетине (КИУТ) ҳеш жолыңыз түсип көрди ме? Егер жолыңыз түсип және жаяў жүрген болсаңыз, "Алмазар" метро бәндиргиси жанынан усы жоқары оқыў орнына алып баратуғын жолдың жағдайын көрген шығарсыз.

    Жаслар сүйип жейтуғын фаст-фуд қутылары, энергетик ҳәм ҳәр қыйлы газлы ишимлик ыдыслары үйилип қалған. Атын да айтыўға тилиң бармайтуғын гейпара шығындыларды көрип, тек өтип баратырғанлар емес, айырым хожалықлар да бул жерге шығынды таслап кете ме деп ойлап қаласаң. Айтпақшы, кеўилди бузатуғын усы жолдан және бир жеке меншик жоқары оқыў орнының (UBS) жүзлеген студентлери де усы жерден өтеди. Көпшилиги пәлен сумлық телефоны, қымбат баҳалы кийими менен заманагөй ҳәм мәдениятлы болған жигит-қызлар биз үлги етпекши болған - әпиўайы теңлесиниң үстинен күлиўи де тәбийий.

    "Саўап ушын усылай иследим"

    Қайсы көз бенен көрмейин, бир күни ҳеш шығындыдан тазаланбайтуғын, жоқарыда келтирилген сол жол тап-таза етип сыпырылып, шығындылар ҳәр жер-ҳәр жерге үйип жыйналған екен. Көринисинен 19-20 жаслар әтирапындағы бир қыз қолындағы сипсе менен оларды үлкен полиэтилен қалталарға салыўға таярлап атырған екен. Қызық, бундай саўаплы иске оны ким жаллаған яки қайсы ҳүжданлы бул жолдың шығындыханаға айланып баратырғанынан сергекленген екен? Усы сораўларға жуўап алыў тилеги бул мақаланы жазыўға түртки болды.

    Өзин Севара деп таныстырған қыз жақын әтирапта ижарада туратуғынын, өзи Әлийшер Наўайы атындағы Өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң студенти екенин айтты. Қызығы, ол ҳәр күни бул жерден өтпейди.

    - Бул жол сүйикли китапханамға алып барады. Дурыс, бул жолдан аз өтемен. Бирақ, оның шығындыға толып кеткенине шыдай алмадым. Дәслеп абаданластырыў хызметкерлери тазалайтуғын шығар деп ойлап жүрдим. Оларды көре бермегеннен кейин өзим усы жумысқа киристим. Ана тәбиятқа жаны бар, деп қатнаста болыўымыз шәрт. Себеби жер өз бетиндеги патаслықлардан жеркенип, уялып жатса да, биреўге айта алмайды. Оның жүзин тазалаўда үлкен саўап бар екенин жасы үлкен апалардан көп еситкенмен. Қалаберди, бул жол мешитке де алып барады. Пәк ҳалда үйинен шыққан адамлардың көзи жаман нәрселерге түспеўин, шығындылар арасында жүрмеўин қәлер едим. Саўап ушын солай иследим, - деди Севара.

    Сол күни тап-таза тротуарды сүўретке алғанымда, жол шетиндеги жаңа, үлкен шелекти көрмеген едим. "Шығынды ушын" деп жазылған бул шелек ертеңине қойылыпты. Бул да Севараның иси екенлигин шамаладым. Студенттиң айтыўынша, оның бул саўаплы исинен қуўанған бир ҳаял қоймай қалтасына пул салып кетипти: "Қарасам, шығынды таслаў ушын үлкен бир шелек сатып алыўыма жетеди екен. Енди көргенлер шығындысын соған тасласа жақсы болар еди".

    Егер әтирап қараңғы болса, сен қараңғыдағы жарық шырақ бол, деп бийкарға айтылмаған. Сол ўақытта студент қыз көзиме қараңғылық ишинде жайнап турған шырақ болып көринди. Студент ҳалына оның арнаўлы шығынды қалталары ҳәм шелек сатып алғаны да, ҳәр қандай көз боямашылылқты бир шетке қойып, көшени тазалағаны да жеке үлгиниң ең гөззал көриниси. Себеби, бүгин әйне усындай мәселелерде жеке үлги көрсетип, әтирапты жарытыўдай жақсылық көпшилигимизге ерси көринеди. Бирақ, бүгин қоршаған орталықты сақлаўда жеке қатнасыўды арттырыў күн талабына айланғанын ҳәр биримиз сезиўимиз керек.

    Экологиялық белсенди жаслар бирлеспекте

    Айтып өткенимиздей, жәмийетимизде тәбиятқа дослық қатнас жасаў көнликпеси жетерли дәрежеде қәлиплеспеген. Үмитлендириўши тәрепи сонда, тәбиятқа жәрдем бериў тилегиндеги экобелсенди жаслардың қатары кеңейип бармақта. Енди усындай жол тутпаўдың илажы да жоқ шынында. Дүньяда ықлым өзгериўи менен байланыслы машқалалар күннен-күнге инсанияттың басына жаңадан-жаңа қәўиплер салмақта. Мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында жәҳән минберлеринде күйинип айтып атырғаны, жасыллықты көбейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Бул мәселениң қаншелли әҳмийетли екенин сезген ҳәр бир шахс "миллионлардың бири менмен" деген ой менен қоршаған орталық ҳаққында қайғырыўы шәрт. Усы ой, усы түсиник жасларымызда көбирек ояныўы керек.

    Усы мәнисте Севарадай жаслар өзи ислеп атырған ийгиликли истен руўхланыўы, басқаларды да изинен ертиўи ушын оларды қоллап-қуўатлаў, мүнәсип хошаметлеў зәрүр. Президентимиздиң 14-февраль күни жаслар менен сөйлесиўи ўақтында жигит-қызларда тәбиятқа меҳирди арттырыў, қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жойбарлары қоллап-қуўатланатуғыны айтып өтилди. Бул көплеген жасларда тәбиятты қорғаўшы болыў, экологияны сақлаўға үлесин қосыў тилегин күшейтти, деп ойлаймыз.

    Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-майдағы қарары менен Өзбекстан Республикасында Экологиялық билимлендириўди раўажландырыў концепциясы қабыл етилген еди. Онда қоршаған орталықты турақсызлық ҳәм изден шығыўдан сақлаў, экологиялық мәдениятты арттырыў сыяқлы оғада әҳмийетли, турмыслық мәселелерге халықтың барлық қатламлары, әсиресе, жаслар үлес қосыўы зәрүр екенлиги белгиленген.

    Жуўапкерлердиң айтыўынша, өткен жылы Өзбекстанда экология ҳәм туризм тараўына байланыслы илажларда 2,5 миллионға шамалас экобелсенди жас қатнасқан. Жыл даўамында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилген илажларда 800 мыңға шамалас экобелсенди ҳәм волонтёр қатнасқан. "Мәҳәлле абат - журт абат" сүрени астындағы "Экотуризм" акцияларында абаданластырыў жумысларына, тәбиятты қорғаўға үлес қосыўға бел байлаған жаслар үлкен жумысларға уқыплы. Олар көмек салыўдың миллий қәдириятымыз екенин, онда тилеклеслик, мийрим-шәпәәт оянатуғынын аңлап жетпекте. Тыныш жерде тәбият көринислеринен заўықланыў оларда көмек салыўларға турақлы қатнасыў тилегин оятады. Улыўма алғанда, жас экобелсендилердиң бир мақсет жолында бирлесип атырғаны қуўанышлы. Олар бүгин түрли илажлар, форумлар өткермекте. Бундай жыйынларда жас экобелсендилер бир қатар басламалар менен шығып атырғаны қуўанышлы. Атап айтқанда, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги жанында Жаслар комитетин шөлкемлестириў ямаса жумысқа орналасыў ҳәм университетке кириў ўақтында экологиялық белсендиликти есапқа алыў сыяқлы усыныслар алға қойылмақта. Буннан тысқары, жоғалған өсимликлердиң орнын қаплаў, экостартапларды қаржыландырыў арқалы зыянлы шығындыларды азайтыў сыяқлы ақылға уғрас пикирлерди алға қоймақта.

    Бул жаслар да өзлеримиз тәрбиялаған, камалға келтирип атырған жаңа әўлад ўәкиллери. Себеби, қанымызда қоршаған орталыққа қайғырыў сезими бар. Шығыс тәрбия орталығынан нәпес алған жасларда ояў пикир, басламалар және де раўажланып атырғаны олардың "жасыл" жойбарларында сәўлеленбекте.

    Буны өткен жылы Шаҳрисабзда өткерилген "Жаслар - келешек дөретиўшилери!" III экология ҳәм туризм халықаралық қурылтайы шеңбериндеги "Ең жақсы экологиялық жойбар" таңлаўы да айқын көрсетти. Онда 18-30 жасқа шекемги жаслар "10 терек - бир китап", "Экомолекула", "Өзбекстан ағын суўларын тазалаўға революциялық қатнас", "Эколаборатория", "Batareyka.uz" сыяқлы экологиялық жойбарлар менен қатнасты. Бул жойбарлар ықлымның өзгериўин жақсылаў, терекзарларды көбейтиў, шығындының қоршаған орталыққа зыянын азайтып, оларды қайта ислеў сыяқлы мақсетлерге қаратылған.

    Экологиялық белсендилик қәбилети әдеўир қәлиплескен жаслардың "Ықлым өзгермекте, неге биз өзгермей атырмыз?", "Келешегимизди сақлаң", "Жанылғыларды тоқтатың", "Келиң, жасылласайық", "Планетаны қутқарың" сыяқлы шақырықлары бул мәселениң шешими әтирапында ҳәммени бирлестириўге қаратылған. Егер бул толық әмелге асса, қоршаған орталықты қорғаўға жасларды кеңнен тартыў арқалы келешек әўладқа таза ҳәм саламат орталықты мийрас қалдырыў имканияты кеңейеди. Себеби, жаслар тәбиятты қорғаўдың инновациялық ҳәм заманагөй усылларын жарата алады. Экологиялық машқалаларды шешиў ушын жаңа технологиялар ҳәм дөретиўшилик идеяларды ислеп шығыўдан заўықланады. Бир сөз бенен айтқанда, жаслар жәмийетте экологиялық мәденият ҳәм жуўапкершиликти арттырыўда үлкен рол атқарады.

    Қалаберди, енди олар үлкен күшке айланыўы менен бирге "Экобелсенди пуқара" статусын алып, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда, тутыныў кредитлери процент ставкасында шегирмелерге ийе болады. Жасыллық тәрепдарлары велосипед, скутер сыяқлы экологиялық транспорт қуралларына ийе болса, қандай жақсы! "Жасыл шаңарақ" статусына ийе болғанлар болса электромобиль утып алыўы мүмкин.

    Негизинде онысыз да өзимиз ушын пайдалы бундай жумысларды усы дәрежеде қолланыў, хошаметлеўден жуўмақ шығарыўымыз керек. Киши жастағы баламыздан баслап өзимизге шекем тәбиятқа мүнәсибетимизди түп-тийкарынан өзгертиўши дәўирге жетип келдик. Баланы бастан дегендей, жоқарыда атап өтилген тәбиятты сүйиўши жаслардың экологияға ҳүрмети де тийкарында шаңарақта қәлиплескен. Жас ғана нәлди қай жерге ексең, сол жерде өседи. Өзин услап алған теректи болса қозғалтыў қыйын. Солай екен, балаларымыз ақылын таныўы менен экологиялық тәрбияны үйретейик. Бәринен бурын, өзимиз өрнек болыўға ҳәрекет етейик.

    Айтпақшы, Өзбекстанда биринши мәрте "Жасыл мәкан" мультфильми жаратылмақта. Бул мультсериал халықаралық анимация сапасы менен бәсекилесе алыўы күтилмекте. ҒМДА мәмлекетлери арасында биринши мәрте экологияға бағышлап таярланып атырған мульт сериал перзентлеримизди экобелсенди етип тәрбиялаўымызда әҳмийетли орын ийелейтуғыны тәәжип емес. Атап айтқанда, оның тийкарғы мақсети балаларымызға кишкенелигинен баслап тәбиятты қәстерлеп сақлаў, оның бийбаҳа байлық екенин түсиндириў ҳәм оған дурыс мүнәсибетте болыўды үйретиў болып табылады.

    Муножат МЎМИНОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech