Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен республикамыздағы 16 жастан 30 жасқа шекемги барлық талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жойбарда қатнасыў ушын 182 қатнасыўшы дизимнен өтти.
Усы күнниӊ өзинде барлық қатнасыўшылар арнаўлы төрешилер қурамы тәрепинен бақланып, баҳаланып барылды.
-Талантымды сыннан өткериў ҳәм Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған жойбардыӊ екинши мәўсими қатнасыўшылары қатарынан орын алыў, сондай-ақ, устазлардан еле де үйрениў, дослар арттырыў арқалы дөретиўшилигимди раўажландырыўды мақсет еткенмен, -дейди жас талант ийеси Азизбек Нуратдинов.
Екинши мәўимниң дәслепки турына келеси жылдың январь айында старт бериледи. Онда кастингтен табыслы өткен 20 жас өз-ара беллесип барады. Жойбар жеӊимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен ақшалай сыйлық ҳәм басқа да жеӊилликлер бериледи. Яғный, оларға дөретиўшилик етиўине қолайлы шараятлар жаратып берилиўи менен бирге, белгили қосықшыларымыз бенен бир сахнада қосық атқарыў имканиятына ийе болады.
Жойбар Қарақалпақстанда жаӊа талант ийелерин қоллап-қуўатлаўға ҳәм елимизде миллий эстрада көркем өнериниң раўажланыўына хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.