Ҳәзирге шекем оның айырым түрлерине қарсы нәтийжели емлеў илажлары, диагноз усыллары ҳәм вакциналар жаратылғанына қарамастан, елеге шекем бул патология инсанлардың денсаўлығы ушын үлкен қәўип болып қалмақта.
Соннан келип шығып, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми менингитти диагнозлаў, емлеў ҳәм оған шатылған наўқасларды күтиў бойынша дәслепки глобаллық көрсетпелерин жәриялады.
Атап өтилиўинше, 2019-жылы дүнья жүзи бойынша бул кеселликке шатылған 2,5 миллион наўқас дизимге алынған. Олардан 1,6 миллионында кеселликтиң ең қәўипли түри - 24 саат ишинде өлимге алып келетуғын бактериал менингит анықланған. Ақыбетинде 240 мың адам қайтыс болған.
ЖДСШның жаңа көрсетпелери ең соңғы изертлеў ҳәм дәлиллерге тийкарланған. Қолланба усы кеселлик пенен байланыслы өлим жағдайлары ҳәм майыплықты азайтыўға байланыслы әҳмийетли усынысларды өз ишине алады.
Шөлкем бас директоры доктор Тедрос Гебрейесустиң атап өтиўинше, бактериал менингитти жуқтырған ҳәр алты наўқастан бири қайтыс болып атырғаны ашынарлы. Аман қалған адамлардың көпшилиги де узақ мүддет кеселликтиң аўыр ақыбетлеринен азап шегеди.
Жаңа қолланба менингитти жуқтырған бир айдан асқан балалар, жас өспиримлер ҳәм үлкенлерди клиникалық емлеўге қаратылған.
Усыныслар медициналық жәрдемниң барлық тараўларын қамтып алады. Ол бирлемши ҳәм екилемши медицина мәкемелери, соның ишинде, қыстаўлы, стационар ҳәм амбулаториялық жәрдем көрсетиўши қәнигелер ушын мөлшерленген.
Қолланба ЖДСШға ағза мәмлекетлер тәрепинен қабыл етилген 2030-жылға шекем менингитти сапластырыўға байланыслы ҳәрекетлер режесиниң мақсетлерине сәйкес келеди.
Ол арқалы бактериал менингит эпидемиясын сапластырыў, атап айтқанда, шаншыў арқалы кеселлениў көрсеткишин 50 процентке ҳәм өлимшилик жағдайларын 70 процентке азайтыў нәзерде тутылған.