Орайлық Азия өз раўажланыўының жаңа, тарийхый әҳмийетке ийе басқышына қәдем қоймақта. Бүгин биз ҳақыйқый тилеклеслик басқышына өтпектемиз. Бизиң регионымызда узақ жыллар даўамында биргеликте алға қарай барыўымыз ушын тийкар болып хызмет етип атырған өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм ҳүрмет орталығы қәлиплеспекте.
6-ноябрь күни Вашингтон қаласына әмелий сапары шеңберинде Ақ үйде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп пенен ушырасты. Президентимиз Ақ үйдиң Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.
Вашингтон қаласына әмелий сапарының исбилерменлик бағдарламасы жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық қорлары ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президентиниң Вашингтон қаласындағы рәсмий резиденциясы - Ақ үйде болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң "С5+1" форматындағы саммитинде қатнасты.
АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық фондлары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ саўда министри Говард Латниктиң қатнасыўында өткерилген дөгерек сәўбети жуўмағында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-ноябрь күни Вашингтон қаласына әмелий сапары шеңберинде өзине ажыратылған резиденцияда АҚШ Сенатындағы Орайлық Азия бойынша кокусының жәрдемши баслығы, сенатор Стив Дэйнсти қабыллады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласында Америка Қурама Штатлары саўда министри Говард Латник пенен сөйлесиў өткерди.
Ушырасыў алдынан Қытай сыртқы ислер министри мәмлекетимиз жетекшисине ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
11-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапарының мазмунлы бағдарламасы жуўмақланды.