Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды Медицина хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, барлық шыпакерлер, мийирбийкелер ҳәм тараў қәнигелерине терең ҳүрметин билдирди.
Заманагөй медицинада фармацевтиканың орнын есапқа алып, бул байрамды буннан былай "Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни" деп белгилеў усынысы билдирилди.
Мәжилисте шешимин күтип турған мәселелер көрип шығылып, жаңа ўазыйпа ҳәм имканиятлар белгилеп алынды.
Кейинги бес жылда қәнигелестирилген медицина орайларына 7,5 триллион сум қаржы ажыратылып, мыңлаған заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Соған қарамастан, үскенелерден тек ғана 25 процент пайдаланылмақта.
Қәнигелестирилген орайлар, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм бөлимлери санластырыў, сырт елли шериклер табыў, клиникалық протоколларды жаңалаў, алдынғы диагностика, профилактика ҳәм емлеўди енгизиў, заманагөй профессионал топарларды қәлиплестириўге айрықша итибар қаратыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қай жерде кеселлик көбейип, қай жерде азайып атырғанын ҳәр бир мәҳәлле ҳәм район кесиминде таллап, соннан келип шығып, анық профилактика ҳәм емлеў режелери бойынша жумыс алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Үлкен қаржылар есабынан сатып алынған қымбат баҳалы үскенелерден нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.
- Бүгин адамлардың турмысқа мүнәсибети, талап ҳәм зәрүрликлери, дүньяға көзқарасы өзгерди. Бул болса алдымызға медицинаның сапасын арттырыў, заманагөй көзқарасларды енгизиў бойынша жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Соның ушын халықтың ҳаўазы еситилетуғын системаны енгиземиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Енди 26 қәнигелестирилген орайдың директорлары, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиникалардың басшылары анық айлық реже тийкарында жумыс алып барады.
Орай басшылары ең машқалалы район ҳәм мәҳәллелерге барып, бир ай даўамында жумыс алып барады, кеселликлердиң себеплерин үйренеди, шешим усыныс етеди, районлық емлеўхана ҳәм поликлиника шыпакерлерине емлеў усылларын үйретеди.
Буннан былай ўәлаят ҳәм район медицина басшыларының күнлик қабыллаўы мәҳәлле дәрежесинде өткериледи.
Денсаўлықты сақлаў системасының ҳәр бир басшысы - ўәлаят ҳәм районда, бас шыпакер ҳәм поликлиника баслығы наўқасқа итибар қаратыўы, оның тез жәрдем алыўы ушын шараят жаратып бериўи шәрт екенлиги атап өтилди.
Жаңа жылдан 26 орайдың директоры, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў бөлимлериниң басшылары, шаңарақлық поликлиникалардың баслықларын тайынлаў бойынша жаңа тәртип енгизиледи. Барлық медицина мәкемелеринде басшы ҳәм бас шыпакер лаўазымлары ажыратылады. Басшылық лаўазымларына менеджерлик таярлығы бар ҳәм нәтийжелери тастыйықланған исбилерменлер тайынланады.
Хошаметлеў системасы да өзгертиледи. Ең жақсы ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў бөлимлери ҳәм шаңарақлық поликлиника баслықларына "Өзбекстанға мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери" атағы бериледи, орден ҳәм медаллар және 30 миллион сумнан ақшалай сыйлық тапсырылады. Олар басшылық етип атырған мәкемелердиң инфраструктурасын жақсылаў ушын 500 миллион сумнан ажыратылады.
Ҳәр бир ўәлаятта еки ең жақсы басшы - район бөлими ҳәм шаңарақлық поликлиника басшылары АҚШ, Германия, Уллы Британия, Корея ҳәм Түркияға басқарыў бойынша оқыўға жибериледи.
- Медициналық билимлендириўдеги реформаларды даўам еттирип, шаңарақтың барлық ағзаларына тәжирийбели жәрдем көрсете алатуғын шаңарақлық шыпакер институтын раўажландырыўымыз керек,-деди Президент.
Келеси оқыў жылынан медицина жоқары оқыў орынларында педиатрия ҳәм емлеў бағдарларын бирлестирген улыўма медицина факультетлери ашылады. Шаңарақлық медицина бойынша резидентура ҳәм магистратура жолға қойылады.
Резидентура студентлери бийпул оқыйды ҳәм бир ўақыттың өзинде шаңарақлық шыпакер болып ислейди. Резидентура тамамланғаннан соң питкериўшиге тар қәнигелик бойынша диплом ҳәм мийнет ҳақысына 150 процент үстеме бериледи.
Бакалавриатта студентлердиң билими фундаменталлық ҳәм клиникалық пәнлер бойынша баҳаланады, резидентура тамамланғаннан соң шыпакерлер қәнигелиги бойынша имтиханнан өтеди, соң мәмлекетлик дизимнен өтеди ҳәм соң ғана медициналық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болады.
Тек ғана әпиўайы емлеўлер емес, ал диагноз қойыў, емлеў ҳәм профилактикада да шыпакерге жәрдемлесетуғын мийирбийкелерди таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мийирбийкелер академиясы Ташкент мәмлекетлик медицина университети қурамына өткериледи ҳәм оның негизинде Жоқары кәсиплик медицина академиясы шөлкемлестириледи.
Келеси жылдан барлық медицина жоқары оқыў орынларында "жоқары мийирбийкешилик" бағдары ашылып, квоталар 2 есеге арттырылады, 2027-жылдан болса ҳәр жылы кеминде 20 процентке арттырып барылады. Жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң мийнет ҳақысына 100 процент үстеме белгиленеди. Соның менен бирге, орта медицина хызметкерлерин таярлаў системасы да модернизацияланады.
Заманагөй шыпакер заманагөй технологияларды, диагностика ҳәм емлеў усылларын пуқта ийелеўи, өз үстинде турақлы ислеўи керек екенлиги атап өтилди.
Соның ушын медицина хызметкерлериниң қәнигелигин үзликсиз арттырып барыў бойынша жаңа система жаратылмақта. Келеси жылдан қәнигелик арттырыўдың аралықтан, робот-симулятор арқалы, жумыс орнында өз бетинше билим алыў сыяқлы түрлери жолға қойылады. Баҳалаў талаплары ҳәм өлшемлерин ислеп шығыў ушын Медицинаның үзликсиз кәсиплик билимлендириў орайы шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы медициналық хызметлердиң 30 проценти жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилип атырғанын, көплеген алдыңғы басламалар усы тараўдан келип шығып атырғанын атап өтип, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша усынысларды көрип шығыўға таяр екенин атап өтти.
Жеке меншик медицинаға жәрдемлесиў даўам еттириледи. Келеси жылдан медициналық әсбап-үскенелер ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиўде жеңиллик үш жылға создырылады.
Улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын белгиленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў жеңиллиги жеке меншик медицина шөлкемлерине де енгизиледи. Заманагөй көп тармақлы клиникаларды шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў ушын исбилерменлерге 200 миллион доллар жеңиллетилген кредит линиясы ажыратылады.
Президент күни кеше қол қойылған "Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарардағы қосымша жеңилликлер ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында да мәлим етти.
Ушырасыўда ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилип, тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.
- Мен ақ халатты тек ғана кәсип белгиси емес, ал Ўатанға шексиз садықлық белгиси, деп билемен. Биз буннан былай да ҳәр бир медицина хызметкериниң абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаймыз, оларға мүнәсип шараят жаратып беремиз. Биргеликте Жаңа Өзбекстанды денсаўлықты сақлаў системасы раўажланған мәмлекетке айландыратуғынымызға исенемен, - деди Президент ушырасыў жуўмағында.









