Мәлим етилиўинше, түнлерде ҳәм ерте таңда +15...+20 градус болған температурада тетиклеўши салқынлық сезиледи, күндизги ўақытлары болса қуяш нурлары ҳаўаны +35 градусқа шекем, айырым күнлери +37 градусқа шекем қыздырады.

Кейин ала айдың ақырына шекем температура түнде +15...+20 ден +8...+13 дәрежеге шекем, күндиз +30...+35 тен +20...+25 дәрежеге шекем өзгериўи күтилмекте.

Сентябрде орташа айлық температура норма әтирапында, айырым жерлерде нормадан 1−1,5 дәрежеге жоқары болыўы күтилмекте. Айдың екинши ярымының айырым күнлеринде (1−2 күн) қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.