Кеўил ықлымын өзгертиў керек

    Уллы бабамыз Әбиў Әлий ибн Сина "Шаң-тозаң болмаса, инсан мың жыл жасар еди", деген екен. Ҳақыйқатында да солай. Бул аксиома.

    Инсаниятқа үлкен экологиялық қәўип дөнип турған бир ўақытта ана тәбиятымызды шаң-тозаңлардан, зәҳәрли химиялық элементлерден қорғаў, қәстерлеп сақлаў әҳмийетли ўазыйпаға айланды. Адамларды жасыллыққа шақырыў, әтирапымызды бағ-бақшаларға бөлеў, "жасыл" экономиканы раўажландырыў бүгинги күнниң ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады.

    Балалығымызда ата-бабаларымыздың "Суўға түпирме, суўды патаслама", деген нәсиятлы сөзлери елеге шекем қулағымыз астында жаңлап турады. Тийкарында суўды патаслаў, ылайландырыў гүна есапланған. Сол дәўирлерде жап ҳәм каналларымыз тынық ҳәм мөлдир суўлар менен толып ағатуғын еди, биз болса сол жаплардан суў ишетуғын едик. Тәбияттың тынық ҳәм тазалығы денемизге рәҳәт бағышлайтуғын еди. Себеби, жанажан тәбиятты қәстерлеп сақлаў муқаддес миннет есапланған. Ҳәзирги ўақытта болса не ушын биз тәбиятқа буншелли итибарсыз ҳәм бийпәрўамыз?

    Тилекке қарсы, тәбиятқа бийпәрўалық ҳәм итибарсызлық қатнасы адамзатты апатшылық жағасына жетелеп келди. Биз бул трагедияны жүдә кеш аңлап жеттик. Нәтийжеде бирден-бир теңизимиз Арал қорқынышлы жағдайға түсти. Тап қатты соққыдан соң аўырып атырған денесине шор пахта басып атырған адамға усаймыз. Арал бүгин инсан меҳрине, адамзаттың қорғаўына жүдә мүтәж. Мен бул ҳаққында шерек әсир алдын "Меҳир атаўы" атлы дәстан да жазған едим.

    Ҳәзирги ўақытта Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, шаң боранларының алдын алыў, аймақта жасыл мәкан жаратыў жумыслары улыўма халықлық ҳәрекетке айланды. Мәмлекетимиз басшысының абырайлы халықаралық минберлерден турып ықлым өзгерислериниң алдын алыў, Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў бағдарында бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойып киятырғаны халықаралық жәмийетшиликтиң дыққат-итибарын тартпақта.

    Планетамызда экологиялық жағдай қыйын аўҳалда. Миллионлаған тонна шаң ҳәм зәҳәрли химиялық затлардың атмосфераға көтерилип атырғаны ҳәм оннан адамлар жәбир көрип, денсаўлығы төменлеп атырғаны ҳәммени қәўетерге салмақта. Қол қаўсырып отыратуғын ўақыт емес. Жақсы нийетли, саламат пикирлейтуғын инсанлардың барлығын аяққа турғызыў керек. Тек ғана пайтахтымыздың өзи ҳаўасы патасланған қалалар дизиминде жетекшилерден бири болып турғанынан биз неге уялмаймыз, неге жар салмаймыз?

    Дурыс, аспан толы ҳаўа, емин-еркин дем ала бер, деп айтыўыңыз мүмкин... Бирақ адамлар таза ҳаўада жасаўы, таза ҳаўадан ҳәз етип дем алыўы керек ғой! Усындай демде сезгир шайырымыз Шавкат Раҳмонның..." Аспан толы ҳаўа, тек маған жетпейди", деген дәртли қатарлары жүрегимиздиң түбинен сорғалап шығып атырғандай бола береди.

    Қалайда қоршаған орталықты қорғаў улыўмахалықлық ис болмаса, әтирапымыз пүткиллей таза аймаққа айланыўы қыйын. Әсиресе, бул бағдарда мәҳәлле ўәкиллери, белсенди жаслар, зыялылар қатламы белсенди болыўы зәрүр. Биздеги ең жаман иллет бийпәрўалық ҳәм итибарсызлық. "Маған не, ийеси бар ғой", деген бийпәрўа көзқараслар даўам етер екен, ҳеш қашан руўхый жоқарылыққа ерисип болмайды. Не ушын биз адамларға шығынды қутысы бар екенин еслетип турыўымыз ямаса "Бул жерде шегиў мүмкин емес!" деген сөзлерди қайта-қайта айтып барыўымыз керек? Ақыры, жоқары сана ҳәм ой-пикир раўажланған жаңа жәмийетте жасап атырмыз-ғо! Киши-киши қағыйдаларға әмел етпеў болса үлкен-үлкен машқалаларды келтирип шығарады.

    Және бир гәп. Мәмлекетимиз бойлап "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы барған сайын кең ен жаймақта. Бул жақсы ис. Қайырлы баслама. Нәл егиў, бағ-бақшалар жаратыў халқымыздың әзелий дәстүрлеринен. Бирақ мәселениң басқа тәрепи адамды тәшўишке салады. Биз егилген миллионлаған терек нәллерин сақлап атырмыз ба? Үлкен жолдың шетлерине, көше ҳәм қыябанларға, шетки ҳәм алыс аймақларға оғада көплеген терек нәллери егилген ҳәм егилмекте. Бирақ олар тәрбияланып атыр ма, кимниң қадағалаўында, нәллердиң неше проценти пайдаланыўға кирген, неше проценти қуўрап қалмақта? Мениңше, егилгени емес, сақлап қалынғаны есапқа алыныўы керек. Жасыл байлықларымызды келешек әўладқа пүткиллей жеткериў ушын болса инсанлардың кеўли, қәлби таза болыўы, жасыл тереклердей жайнап турыўы зәрүр.

    Усы жерде айырым пикир-усынысларымды айтып өтпекшимен. Бәринен бурын, жас әўлад қәлбинде ўатанға муҳаббат, ўатанға садықлық сезимлерин және де күшейтиў ушын экологияға байланыслы сабақларды көбейтиў зәрүр. Мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында, керек болса, экологияға байланыслы қосымша сабақларды жолға қойыў зәрүр. Ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў бойынша арнаўлы ханалар, "Жасыл мүйеш", "Тәбиятты қәстерлеп сақлаң!" деп аталған көргизбелер шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде, мәҳәллелерде, оқыў орынларында тазалық ҳәм азадалықты турақлы қадағалап баратуғын "санитариялық сақшы" ямаса "жасыл патруль" сыяқлы штатларды енгизиў ўақты жеткен болса керек. Буннан гөзленген мақсет болса биреў - жақсылық ҳәм "жасыл" раўажланыўға хызмет етиў болып табылады.

    Ең әҳмийетлиси болса, жоқарыда атап өткенимиздей, адамларды оятыў керек. Ояныўға ҳәм сергекликке шақыратуғын ўақыт әлле қашан жетип келген. Себеби, таза ҳаўадан тойып-тойып дем алып өскен әўладтың ой-пикири де терең, ой-пикирге бай ҳәм, әлбетте, жоқары мәнаўият ийеси бола алады.

    Жәмийетте үлкен өзгерислерди әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, адамлардың қәлбиндеги өзгерислерди әмелге асырыў керек. Ықлым өзгерислериниң алдын алыў ушын болса кеўил ықлымын өзгертиў керек. Халқымыз "Кеўли таза адамның үйи таза болады", деп бийкарға айтпаған. Солай екен, ҳәр бир инсан, саламат ақыл ийеси өзиниң ишиндеги, кеўлиндеги жадидти оятып жасай алса, қәлбиндеги ықлымды өзгерте алса, жаңа Өзбекстанымыздың ертеңги күни және де жарқын болатуғыны сөзсиз. Келиң, ҳәммемиз биргеликте кеўил ықлымына қулақ түрейик.

    Жасыл мәкан ишинде оянар жер,

    Жасыл липасларға оранар жер,

    Бир жүрек болып таўланар жер,

    Дүньяны бар дәрттен дүзетиў керек,

    Кеўил ықлымын өзгертиў керек...

    Тәбият ана, ананы асыраң,

    Тынық аспанды, бөлмени сақлаң,

    Қырдағы қызғалдақ, лаланы асыраң,

    Анаға шын меҳир көрсетиў керек,

    Кеўил ықлымын өзгертиў керек.

    Ашурали БАЙМУРАД,

    Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы