Өзбекстан әзелден кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм татыўлық қорғаны болған. Жери, суўы, той-мерекеси бир болған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери әсирлер даўамында аўызбиршиликли, татыў жасап келген. "Кеңпейилли Өзбекстан!", "Кеңпейил өзбек халқы" сыяқлы сөзлер бийкарға пайда болмаған.

Көп миллетли ҳәм көп динли мәмлекетте миллетлераралық татыўлық ҳәм конфессиялараралық татыўлық турақлылық ҳәм раўажланыўға беккем тийкар таярлаўшы, оның келешегин белгилеп бериўши әҳмийетли фактор.

Бүгин Өзбекстан жүдә тез раўажланып, реформалар өз жемисин берип атырғаны, ел-журт абаданлығы барған сайын артып атырғанының тийкарғы себеплеринен бири де елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллери бирден-бир ҳәм татыў шаңарақ болып татыў жасап атырғанында болып есапланады.

Жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстан Республикасы өз аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың тили, үрп-әдети ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин тәмийинлейтуғыны, олардың раўажланыўы ушын шараят жарататуғыны беккемлеп қойылған.

Президентимиз елимиз жеринде әййемнен даўам етип киятырған этникалық көп түрлиликти айрықша социаллық ҳәдийсе сыпатында баҳалап, миллетлер ҳәм халықлар, конфессиялар арасындағы татыўлықты сақлаў, оны буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратпақта. Мәмлекетимиз басшысының данышпанлық, адамгершилик ҳәм әдиллик принциплерине тийкарланған сиясаты нәтийжесинде елимизде улыўма миллий аўызбиршилик және де терең тамыр жаймақта. Бәршемиз ушын әзиз ҳәм қәдирли болған Ўатанымыз инсан қәдири ҳәм бахты улығланатуғын шын мәнисиндеги тынышлық, дослық ҳәм мийрим-шәпәәт үлкесине айланып бармақта.

Президентимиз 2023-жыл 8-май күни Олий Мажлис палаталары ағзалары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзинде "Бизиң ең үлкен байлығымыз - Өзбекстанды өзи ушын бирден-бир Ўатан деп билетуғын көп миллетли уллы халқымыз болып есапланады. Жанажан елимизде қәлиплескен миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты - мине усындай бийбаҳа ғәзийнемизди көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бәршемиздиң уллы миннетимиз", деп атап өткен еди.

Жаңа Өзбекстанда ата-бабалардың руўхый мийрасына садықлық тийкарында миллетлер ҳәм конфессиялараралық татыўлық және бир-бирин түсиниў, жас әўладты кеңпейиллик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жәмийетлик турмыстың барлық тараўында кең көлемли реформалардың басланыўы менен миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық қатнасықлар бағдарында да түпкиликли өзгерислер басланды. Себеби бул елде көп миллетлилик тек ғана сан емес, ал мәмлекеттиң стратегиялық байлығы сыпатында көриледи.

Усы мәнисте, Президентимиздиң 2025-жыл 19-марттағы "Улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеўди жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы және "Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте.

Усы ҳүжжетлерге муўапық, Мәденият министрлиги жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети шөлкемлестирилди.

Миллетлераралық қатнасықларды үйлестириў, жәмийетте дослық, аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм тилеклесликти беккемлеў, бирден-бир пуқаралық өзликти қәлиплестириў, барлық миллет ҳәм халықлардың улыўма миллий раўажланыўға қатнасын күшейтиў, сырт елдеги ўатанласларымыздың миллий өзлигин сақлаўға жәрдемлесиў және социаллық-экономикалық потенциалын Ўатанымыздың раўажланыўына жумсаў, миллетлераралық татыўлыққа унамсыз тәсир көрсетиўши факторларды ерте анықлаў ҳәм алдын алыўға жәрдемлесиў комитеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Сондай-ақ, улыўма миллий аўызбиршиликти тәмийинлеў ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланыслар тараўында мәмлекетлик сиясат концепциясы жойбарларын ислеп шығыў ҳәм киргизиў тапсырмасы берилгени бул бағдардағы жумыслар буннан былай да избе-из даўам еттирилетуғынынан дәрек береди.

Усы ҳүжжетлер тийкарында бүгин системалы жумыслар орынланбақта. Бәринен бурын, улыўма миллий татыўлықтың әҳмийетли бағдары сыпатында Өзбекстанда жасайтуғын түрли миллет ҳәм халықлардың мәденияты, тили, үрп-әдетлери, қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм жас әўладқа жеткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдардағы жумысларды системалы орынлаўда миллий мәдений орайлардың орны оғада әҳмийетли. Ҳәзир мәмлекетимизде 157 миллий мәдений орай жумыс алып бармақта. Олар мәмлекетимиз тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланбақта. 2021-жылдан баслап бул орайлардың жумыс ислеўи, ҳәр қыйлы илажларды өткериўи ушын мәмлекетлик субсидия ажыратылмақта.

Соңғы төрт жылда республика дәрежесиндеги 14 миллий мәдений орайға дерлик 5,5 миллиард сум, 2025-жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район ҳәм қалаларда жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайларға 6,6 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, дерлик барлық миллий мәдений орайлар ушын аймақларда шөлкемлестирилген "Дослық үйлери"нен орын ажыратылған ҳәм олар бул орынлардан пүткиллей бийпул пайдаланбақта.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында жайласқан Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет имаратында да республика ҳәм Ташкент қаласы дәрежесиндеги 27 миллий мәдений орай емин-еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараят бар.

Әсиресе, комитет жайласқан имарат әтирапында миллетлераралық дослықтың өзине тән белгиси болған Миллий мәдений орайлар павильоны, ол жерде 22 миллетке тән миллий үйлер қурылғаны миллий мәдений орайларға Өзбекстан Президентиниң үлкен саўғасы болды. Бул павильонды ҳеш гүманланбастан, миллетлераралық дослық қалашасы, деп айтыў мүмкин.

2021-жылдан берли ҳәр жылы 30-июль мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Усы сәне мүнәсибети менен усы жылы 25-31-июль күнлери мәмлекетимиз бойлап "Дослық" фестивалы өткерилди. Оның шеңберинде "Өзбекстан - бирден-бир Ўатан!" сүрени астында миллий мәдений орайлар павильонының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлардың, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, Қазақстан, Қырғызстан, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден мийманлар, сондай-ақ, 30 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары менен хызметкерлери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары бул павильонның қурылыўы сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе екенин, Өзбекстанда жасап киятырған миллетлер ҳәм халықлардың өз мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлап қалыўы және раўажландырыўы ушын және бир үлкен имканият есиклери ашылғанын атап өтти. Сондай-ақ, бул павильон мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм улыўма миллий аўызбиршилик бағдарындағы үлкен реформаларды өзинде толық сәўлелендириўи, өз-ара мәдений алмасыў майданы ўазыйпасын атқаратуғыны атап өтилди.

Соның ишинде, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужи Өзбекстанда түрли халықлар ҳәм мәдениятларға ҳүрмет-итибарды жоқары қәдирлейтуғынын, миллий мәдений орайлар павильонының ашылыўы ҳақыйқый адамгершиликли ҳәм алдынғы идея екенин айтты.

Ҳадал мийнети, ўатансүйиўшилиги менен Ўатанымыздың экономикалық потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳәр қыйлы миллетке тийисли ўатанласларымыз оғада көп. Олар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде түрли жуўапкерли лаўазымларда нәтийжели мийнет етпекте, елимизде миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик орталығын беккемлеўге мүнәсип үлес қоспақта. Ҳәр жылы Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен мине усындай ўатанласларымыздан бир топарын "Халықлар дослығы" көкирек белгиси менен сыйлықлаў жақсы дәстүрге айланған.

Быйыл да мәмлекетимизде улыўма миллий татыўлық, түрли миллетлер арасында дослық, татыўлықты тәмийинлеўге айрықша хызмет көрсетип атырған 50 ге шамалас мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, миллий мәдений орайлар ҳәм диний конфессиялар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери болған ўатанласларымыз "Халықлар дослығы" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Әлбетте, бул ўатанласларымыз келеси жумысында да миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик елшиси болып, елимиздеги аўызбиршилик ҳәм тынышлық орталығын беккемлеў жолында және де пидәкерлик пенен мийнет ететуғынына исенемиз.

Президентимиздиң беккем сиясий ерк-ықрары себепли сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен тығыз ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бундай жойбарлардан бири “Uz Global Think” форумы болып есапланады. Бул жойбар исбилерменлик платформаларын жаратыў, жәмийетлик турмысты социаллық-экономикалық раўажландырыў, экологиялық турақлылық, сапалы билимлендириў сыяқлы мәселелерде өз-ара пикир алысыў мақсетинде экспертлик ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери болған сырт елдеги ўатанласларымыздың турақлы қарым-қатнасы көринисинде әмелге асырылады.

Сондай-ақ, академиялық шеңбердеги шахслар, олардың өмир жолы, табысы, жаңа Өзбекстанның раўажланыўына хызмет ететуғын усынысларынан ибарат мақалалар жайластырып барылатуғын “Who Is Who” жойбары таярланбақта.

Буннан тысқары, БМШ Раўажланыў бағдарламасының "Сырт елдеги ўатанласлар арқалы билимлерди трансферлеў" бағдарламасы үлгисинде сырт елдеги ўатанласлардың жаңа Өзбекстанның экономикалық қүдиретине қосып атырған үлесин және де арттырыў мақсетинде инновациялық социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет ететуғын инсан капиталының трансфери әмелге асырылмақта.

Сырт ел жоқары оқыў орынларын питкерип, сол мәмлекетте жасап, ислеп атырған ўатанласларымызды бирлестиретуғын, қоллап-қуўатлайтуғын "Өзбекстанлы питкериўшилер" бағдарламасы да ислеп шығылмақта.

Президентимиз алдымызға қойған бул ўазыйпалардың барлығы сырт елдеги ўатанласларымыздың қатнасыўында мәмлекетимизди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Инсанның ең әҳмийетли еркинликлериниң бири, сөзсиз, ҳүждан еркинлиги болып табылады. 2021-жылы "Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында"ғы нызамның жаңа редакцияда қабыл етилиўи дин еркинлигин институционаллық жақтан беккемлеў жолындағы гезектеги әҳмийетли қәдем болды. Бул нызам кеңпейиллик принциплерин, барлық конфессиялардың жумысы ушын турақлы ҳуқықый тийкарды және де беккемледи.

Ҳәзир Өзбекстанда 2373 диний шөлкем ҳәрекет етпекте. Соннан 2174 и ислам ҳәм 199 ы ислам емес диний шөлкем есапланады. Соңғы сегиз жылда республика бойынша 130 диний шөлкем, соның ишинде, 3 жоқары ҳәм 1 орта арнаўлы ислам билим журты, 105 мешит және 25 түрли конфессияға тийисли исламий емес диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Жаңа мешит, христиан ширкеўи ҳәм ибадатханалары қурылды, барлары оңланды. Бул болса барлық конфессияларға ҳүрмет көрсетиўдиң әмелий тастыйығы болып есапланады.

Соның менен бирге, быйыл 25-февральда тийисли нызам менен Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы қабыл етилгени жәмийетлик турмыста үлкен ўақыя болды, деп айтыўға жетерли тийкарларымыз бар.

Усы жылы 10-13-сентябрь күнлери Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында "Декларациялар қарым-қатнасы" II халықаралық форумы өткериледи.

Биринши "Декларациялар қарым-қатнасы" форумы 2022-жыл май айында Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында болып өткен еди. Бес күн даўам еткен форумда бир қатар сырт еллерден жетик илимпазлар, сондай-ақ, тараўға байланыслы жергиликли мәмлекетлик уйымлар, диний шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Сол әнжуман жуўмағы бойынша қабыл етилген Бухара декларациясы кейин ала БМШ Бас Ассамблеясының 76-сессиясында рәсмий ҳүжжет сыпатында тән алынған. Бул болса түрли миллет ўәкиллери, түрли дин ҳәм исенимге тийисли адамлардан ибарат кеңпейил жәмийетти қәлиплестириў бойынша Өзбекстан моделиниң қаншелли әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды.

"Декларациялар қарым-қатнасы" форумының турақлы өткерилиўи, онда сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлерден абырайлы қатнасыўшылардың қатнасыўы Өзбекстанның исеним еркинлиги ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған сиясаты дүнья жүзинде жоқары тән алынып атырғанынан дәрек береди. Буннан тысқары, II форум мәмлекетимиздиң динлераралық қарым-қатнасты жоқары қәдирият дәрежесине көтериў мақсетинде ашық-айдынлық принципине, диний кеңпейиллик ҳәм кеңпейиллик орталығын раўажландырыўға садықлығын тастыйықлайды. Сондай-ақ, бул әнжуман халықлар ҳәм түрли конфессиялар ўәкиллериниң өз-ара тыныш-татыў жасаўын тәмийинлеў бойынша алдыңғы тәжирийбелерди алмасыў ушын өзине тән майдан ўазыйпасын атқарады, деп есаплаймыз.

Сөзимизди Президентимиздиң 30-июль - Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўындағы төмендеги сөзлер менен жуўмақламақшымыз: "Дүньяның ҳәр қыйлы регионларында миллий ҳәм диний тийкарда түрли келиспеўшиликлер даўам етип атырған ҳәзирги оғада қәўипли шараятта бирден-бир Өзбекстан идеясы тийкарында ең үлкен байлығымыз - елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын және де беккемлеў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар, билим-ағартыўшылық, кәсип-өнерлер ийеси етип тәрбиялаў, инклюзивлик принциплерин тереңлестириў бағдарындағы жумысларымызды келешекте де избе-из даўам еттиремиз.

Өзбекстан пуқарасы екенлигинен мақтанатуғын барлық миллет ҳәм конфессиялардың ўәкиллери және сырт елдеги ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин Конституция ҳәм нызамларымыз талаплары тийкарында барлық жерде қатаң қорғаў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз".

Қаҳрамон САРИЕВ,

Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар

мәселелери бойынша комитет баслығы