Кимлер амбулаторияда емлениўде дәри-дәрмақлар менен жеңиллетилген тәмийинлениў ҳуқықына ийе?

    Амбулаторияда емлениўде шахслардың айырым категорияларын дәри дәрмақлар менен жеңиллетилген тәмийинлеў дәри дәрмақларын амбулатория-поликлиника мәкемелери арқалы ямаса дәриханалар арқалы бериў жолы менен әмелге асырылады.

    Наўқасларға дәри дәрмақларды жеңиллетилген түрде бериў наўқаслар амбулатор тәртипте емленетуғын амбулатория-поликлиника мәкемесинде емлеўши шыпакерлердиң тайынлаўы бойынша бийпул бериледи.

    Талап етилетуғын дәрилик зат амбулатория поликлиника-мәкемесинде болмаған жағдайда емлеўши шыпакерлер оларды дәриханалардан жеңиллетилген түрде бериў ушын рецептлер жазады.

    Рецептти алыў ушын наўқаслар (ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар, туўысқанлар) амбулаторияда емлениўде дәрилик затлары менен жеңиллетилген тәмийинлениў ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетти көрсеткен жағдайда наўқаслар есапқа туратуғын жерде ямаса медициналық хызмет көрсетиў ушын бириктирилген жердеги амбулатория-поликлиника мәкемесине мүрәжат етеди.

    Амбулаторияда емлениўде дәрилик затлары менен жеңиллетилген тәмийинлениў ҳуқықына ийе шахслар:

    Онкологиялық кеселликлерге шатылғанлар.

    Туберкулёз кеселлигине шатылғанлар.

    Мақаў кеселлигине шатылғанлар.

    Эндокринологиялық кеселликлерге (қантлы ҳәм қантсыз диабетке) дуўшар болғанлар.

    Руўхый кеселликлерге шатылғанлар.

    АИВ кеселлигин жуқтырғанлар.

    Жүрек клапанын протезлеў ҳәм органларды көшириў бойынша операция исленген шахслар.

    Программалы гемодиализ алыўшы наўқаслар.

    Басқалардың күтимине мүтәж жалғыз пенсионерлер.

    1941 - 1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған шахслар ҳәм урыс қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар.

    1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронты қатнасыўшылары.

    Чернобиль АЭС авариясын сапластырыўда қатнасқан шахслар қатарына кириўши майыплығы болған шахслар.

    Интернационал жаўынгерлер.

    Әскерий хызметти ядро полигонларында ҳәм басқа да радиация-ядро объектлеринде өтеген пенсия жасындағы шахслар.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates