Жәмийет раўажланыўының ақырғы мақсети де инсан, оның абадан, еркин ҳәм қәўипсиз турмыс кешириўи екенин есапқа алсақ, келешек адамын тәрбиялаўда биз, бәринен бурын, тилимизди, тарийхымызды, әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримизди жетерли дәрежеде үйретиўдиң нәтийжели жолларын табыўымыз зәрүр. Үшинши Ренессанс халықаралық жәмийетшиликке илим, технологиялар, мәлимлеме, мәденият ҳәм экономика тараўларында және де терең интеграцияласыўы зәрүрлигин уқтырмақта.
Булардың барлығының негизинде китап оқыў ҳәм сол китапларды оқыў жатады. Жаслардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў арқалы қәлеген тараўда үстинликке ерисиў мүмкин. Себеби китапқумарлық тийкарғы социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматларды, кәсиплик ҳәм күнделикли билимлерди, өтмиш ҳәм ҳәзирги мәдений қәдириятларды, тарийхый ҳәм әҳмийетли ўақыялар ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм тәкирарланбас идеяларды өзлестириўдиң ең әҳмийетли усылы болып есапланады. Тийкарғысы, оқыў ана тилимизди сақлаў ҳәм байытыўда ең күшли механизм болып есапланады. Миллеттиң ақыл-ой дәрежеси, раўажланыўы ҳәм абаданлығының турақлылығы, мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығы жас әўладтың жәмийеттеги оқыў дәрежеси ҳәм сапасын тиккелей белгилеп береди. Оқыўшылар арасында оқыў сапасын арттырыўдың тийкарғы ўазыйпалары болса оқыў мәдениятын тәрбиялаў, оған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм мәлимлеме мәдениятын раўажландырыў болып табылады.
Усы жылдың 21-апрель күни Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында "Өзбекстан - китапқумарлар ели" сүрени астындағы дәстүрий V республикалық "Китапқумарлық ҳәптелиги"ниң ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда шығып сөйлегенлер китап оқыўды кеңнен ғалаба ен жайдырыў, халық, атап айтқанда, жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесинде үгит-нәсиятланып атырғаны, жергиликли, сондай-ақ, сырт ел әдебиятларын сапалы аўдарыў, улыўма, аўдарма мектебин раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтти.
- Әлле қашан дәстүрге айланып болған бул әжайып ҳәптелик барлық дөретиўшилер ҳәм китапқумарларға, тараў қәнигелерине мақул болатуғынына гүманым жоқ, - дейди Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң директоры Асаджон Хўжаев. - Биз бул китап байрамы арқалы жаслардың руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыўда китаптың роли ҳәм әҳмийетин күшейтиў, өзбек әдебияты үлгилерин шет тиллерге және дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин өзбек тилине аўдарыў бойынша ерисилген жетискенликлерди ғалаба ен жайдырыўды мақсет еткенбиз. Бундай илажлар баспа ҳәм дөретиўшилердиң машақатлы мийнетин китапқумарларға усыныўына, жаңалықлардан хабардар болыўына, дөретиўшилер ҳәм китапқумарлар арасында өзине тән көпир болыўына тийкар жаратады.
Китапқумарлыққа "басып кетиў" әдети ўақытша қызығыўшылық жағдайының қайта-қайта, бир неше мәрте тәкирарланыўы ҳәм раўажланыўы нәтийжесинде қәлиплеседи. Шахстың тийкарғы руўхый умтылыслары оқыўға қызығыўшылықты келтирип шығарады. Китапқа қызығыўшылық жағдайында оған баҳа бериў мүнәсибети қәлиплеседи. Демек, буннан китапқумар ушын әҳмийетли жуўмақ шығады: жаңа китапқумар қызығыўшылығын қәлиплестириў ушын оны оқыўдан заўықланыў жағдайына алып кириў керек. Бүгинги үгит-нәсиятлаўлардың тийкарғы мәниси де сол - китапларды сайлап алыў жолы менен усындай жағдайды қайта-қайта тәкирарлап, қызығыўшылықтың беккемлениўине ҳәм турақлы жағдайға келиўине жәрдем бериў.
- Президентимиз усы күнге шекем елимизде китапқумарлық орталығын жақсылаў, китап оқыў ҳәм оны үгит-нәсиятлаўды заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда жаңа басқышқа алып шығыў бойынша көплеген тапсырмалар берди, қарарлар шығарылды. Яғный процесс сиз бенен биз ойлағанымыздан әдеўир бурын басланған, узақ ўақыт жетилискен. Нәтийжесин, мине, көре баслап атырмыз, - дейди Жаслар ислери агентлиги директорының биринши орынбасары Дилнозахон Каттахонова. - Тек ғана жасларға китап оқыў ушын қолайлық жарататуғын "Мутолаа" мобил қосымшасын алайық. Ҳәзирги күнде мобил қосымшаны улыўма жүклеп алыўлар саны 1,5 миллионнан, оқылып атырған китаплар саны болса 5 миллионнан артты. Заманагөй китапқумарлықты раўажландырыў ҳәм жасларға ҳәр қыйлы шараятларда китап оқыў ушын имканият жаратыў мақсетинде китапларды санластырыў бағдарында усы күнге шекем аудиоформатта 1667 дана, электрон форматта 1950 дана китап "Мутолаа" мобил қосымшасына жайластырылды.
Балалар әдебияты "Оқыў" жойбарының әҳмийетли бағдары есапланады. Жойбар жанында жас дөретиўшилер мектеби шөлкемлестирилип, олар тәрепинен “Илдиз” топламы ислеп шығылды. Топламнан уллы бабаларымыздың балалық келбетлери сәўлеленген 10 сүўретли китап орын алған болып, жәмәәт 2025-жылы және сонша топлам жаратыўды өз алдына мақсет етип алған.
Жойбар шеңберинде 740 тан аслам шығарма биринши мәрте, сапалы форматта даўысландырылды. Бундай көрсеткиш ҳәм нәтийжелилик ҳәзирге шекем аудиокитаплар тараўында бақланбаған. Аудиокитаплар 30 дан аслам профессионал дубляж актёры, халық артистлери тәрепинен ең заманагөй студияларда жаратылды.
"Китапқумарлық ҳәптелиги" де мине усындай онлаған, жүзлеген жойбарлардан бири. Бундай пайдалы жыйналыслардың барлығында белсене қатнасқан инсан ҳәр тәреплеме саўатлылыққа ерискен, өз ҳуқықлары менен қәдириятларын билетуғын пуқараға айланатуғынына гүман жоқ.
- Бала тийисли жәмийеттиң өзи китап оқыўға бейим болыўы әҳмийетли. Қолына бир мәртебе де китап алмаған, олардан тек стол астына тақлап қойыў ушын пайдаланған адамның балаға китап оқы деп буйырыўға ҳеш қандай ҳақысы да, тийкары да жоқ. Себеби, бир философ айтқанындай, оларды бизиң сөзлеримиз емес, ис-ҳәрекетлеримиз тәрбиялайды, - дейди жәмийетлик белсендиси, журналист Шаҳобиддин Луқмон. - Китап оқылатуғын шаңарақларда китап оқыўға меҳир қойған балалар камалға келеди. Әлбетте, бул абсолют ҳақыйқатлық емес. Китабы жоқ үйлерде де китапқумарлар бар. Бирақ бул жағдай ҳәмме жерде, барлық ўақытта жүз бере бермейди. Көпшилик шаңарақларда жағдай шама менен былайынша болады: ана күни бойы үй-руўзыгершилик жумыслары менен бәнт, қалған ўақтын қоңсы ҳаяллар, дослар, таныслар менен ҳәсиретлесиўге жумсайман. Телевизор, сериал көриў, той-мерекелерде қатнасыў ҳәм басқаларға ажыратылған ўақыт китап оқыўға сирә жетпейди. Ал, әке жумыстан кеште келип аўқатланады да, бираз телевизор көргендей болып, соң уйқыға кетеди. Оқыған китапларды талқылаў, қандай китапларды оқыў бойынша мәсләҳәтлер бериў, тилекке қарсы, бүгинги шаңарақларда жүдә сийрек ушырасатуғын жағдай. Мине усы реал жағдайды аңлаў, тәрбиясы, итибарындағы кемшиликлерди сапластырыў ушын да, әсиресе, жас шаңарақлар мине усындай китапқумарлық илажларында, китап презентацияларында қатнасыўы шәрт.
"Китапқумарлық ҳәптелиги" саррас жети күн өзин-өзи тексериўге, оқыўдың ҳақыйқый баҳасын түсиниўге, перзентиниң китапқа итибарын тәрезиге салып, өлшеп көриўге жетеди. Бул да әдеттеги ҳәптелердей өтип кетеди, бирақ ол қалдырған тәсир кейинги мақсетлер, нийетлер ушын жаңа илҳам дәреги болып қалады.
"Китапқумарлық ҳәптелиги" Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында параллель түрде өткерилмекте. Ҳәптелик шеңберинде соңғы жылларда басып шығарылған жаңа китаплардың презентациялары, жас ҳәм талантлы жазыўшы, шайырлар менен ушырасыўлар, тараўдағы әҳмийетли машқалаларды сапластырыўға қаратылған мәжилислер болып өтеди. 25-26-апрель күнлери болса Паркент дөретиўшилик үйинде балалар ҳәм жас өспиримлер әдебиятын раўажландырыўға бағышланған "Баспалар ҳәм балалар дөретиўшилериниң бирге ислесиўи" темасында семинарлар шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, 25-27-апрель күнлери Ташкент қаласындағы “Dream Park” дем алыў бағында және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларындағы мәденият ҳәм дем алыў бағларында "Баспадан китапқумарға" принципи тийкарында китап саўдасы ярмаркаларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Азизбек ЮСУПОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы