Қытай дүньяда биринши мәрте 20 МВт қуўатлылыққа ийе теңиз самал турбинасын орнатқан, деп жазады CGTN. Жойбарды China Three Gorges Co.

Үлкен турбина Қытайдың қубла-шығысындағы Фуцзянь провинциясының жағалық суўларында, жағалықтан 30 километрден аслам аралықта орнатылды. Жойбарды әмелге асырыў үлкен инженерлик қыйыншылыққа айланды: монтажшылар әдеўир тереңликте, қыйын ҳаўа-райы шараятларында, соның ишинде, муссон мәўсиминде ҳәм экстремал бийикликлерде ислеўге мәжбүр болды.

Оны орнатыў ушын жаңа әўладтағы, массасы 2000 тоннаға шекемги жүкти көтере алатуғын арнаўлы кемеден пайдаланылды. Жоқары анықлықтағы позициялаў системалары жәрдеминде топар ҳәр бириниң узынлығы дерлик 150 метр болған үш пәтпәлекти 174 метр бийикликке көтерди ҳәм оларды зергерлик дәллигинде орайлық маточинаға орнатып қойды. Суў бетинен қанатлардың жоқары ушына шекемги аралық 321 метрди қурайды, бул болса Эйфел минарасының 324 м бийиклигине дерлик тең.

Электр тармағына жалғанғаннан соң, турбина жылына 80 миллион кВт/сааттан аслам электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады - бул дерлик 44 мың шаңарақты тәмийинлеў ушын жеткиликли болады. Экологиялық жақтан бундай қурылманың биреўи жылына 24 мың тоннаға шамалас көмирдиң орнын басыў ҳәм карбонат ангидрид шығындыларын 64 мың тоннаға азайтыў имканиятына ийе, деп жазбақта korrespondent.net.