Көмир қазып шығарыў көлемин арттырыў, тармақта бәсеки орталығын күшейтиў ҳәм бар резервлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсиминде 10 миллион тонна көмир қазып алыныўы режелестирилген болып, бул өткен мәўсимге салыстырғанда 1,3 миллион тоннаға көп. Бүгинги күнге шекем 9 миллион тонна көмир қазып алынып, өсиў 590 мың тоннаны қураған. Келеси мәўсимде өндирис көлемин 11 миллион тоннаға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Оның ушын Ташкент ҳәм қубла аймақларында жайласқан кәнлерди өзлестириўди жеделлестириў, селектив қазып алыўды кеңейтиў, аутсорсинг тийкарында қосымша экскаватор ҳәм техникаларды тартыў әҳмийетли. Жеке меншик исбилерменлердиң қатнасын кеңейтиў есабынан 2026-жылы қосымша 2,5 миллион тонна көмир қазып шығарыў режелестирилген.

Ангрен қаласындағы "Нишбош" көмир кәнин өзлестириў жойбарына айрықша итибар қаратылды. Баҳасы дерлик 500 миллион доллар, резерви 233 миллион тонна болған инвестициялық жойбар шеңберинде 2026-жылы қазып шығарыўды баслаў ҳәм 1 миллион тонна көмир ислеп шығарыў режелестирилген. Келешекте кәнниң жыллық өнимдарлығын 10 миллион тоннаға жеткериў мөлшерленген. Жойбар шеңберинде 880 турақлы жумыс орны жаратылады.

Презентацияда көмирди терең қайта ислеў тийкарында жаңа түрдеги санаат өнимлерин ислеп шығарыў жойбары да көрип шығылды. "Өзхимиясанаат" акционерлик жәмийетиниң басламасы менен көмирди химиялық қайта ислеў тийкарында полимер өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. 5 миллиард долларлық бул жойбардың нәтийжесинде жылына 8-9 миллион тонна көмирди қайта ислеў ҳәм 1 миллион 180 мың тонна полимер өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады.

Өткен жылы елимизде 7 мың тонна уран қазып алынып, анықланған қорлар 139 мың тоннаға жетти.

Усы жылы "Арнасай", "Батыс Қызылкөк", "Қубла Жангелди", "Шығыс Агрон" кәнлерин өзлестириўди баслаў режелестирилген. Өндирис көлеминиң артыўы күтилип атырғаны себепли қайта ислеў қуўатлықларын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Уранды сульфат кислотасы ҳәм оны ислеп шығарыў ушын зәрүр болған техникалық күкирт пенен қайта ислеў қуўатлықларын турақлы тәмийинлеў илажлары белгиленди.

Президентимиз көмир ҳәм уран санаатында режелестирилген жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, өндирис көлемин ҳәм экономикалық нәтийжелиликти арттырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.