Нызам үстинлиги принципи мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларға қатаң әмел етиўин нәзерде тутады. Бул принципти әмелде тәмийинлеўде болса Конституциялық суд айрықша орынға ийе.

Конституциялық суд мәмлекетте Конституцияның жоқары юридикалық күшин тәмийинлеўши, нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият ҳүжжетлериниң бас нызамымызға муўапықлығы үстинен конституциялық қадағалаўды әмелге асырыўшы әҳмийетли институт болып есапланады.

Ҳәзирги глобалласыў ҳәм жәмийетлик турмыстағы жедел өзгерислер шараятында мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақлары алдында конституциялық нызамлылықты тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў, сондай-ақ, нызам үстинлигин әмелде енгизиў ўазыйпалары ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мәнисте, Президентимиздиң усы жыл 18-декабрьдеги "Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманын елимизде конституциялық қадағалаў институтын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли стратегиялық ҳүжжет сыпатында баҳалаў зәрүр.

Пәрман "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген тийкарғы мақсетлерге муўапық, Конституциялық судтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы ролин күшейтиў, инсан ҳуқықларын қорғаўдағы тәсиршеңлигин арттырыў және конституциялық әдил судлаўға ерисиў кепилликлерин кеңейтиўге хызмет етеди.

Ҳүжжеттиң ең әҳмийетли тәреплеринен бири пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың Конституциялық судқа мүрәжат етиў имканиятын кеңейтиўге қаратылғаны болып есапланады. Әмелият конституциялық шағым институтының нәтийжели ислеўи пуқаралардың өз ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдағы исенимин арттыратуғынын көрсетеди.

Қалаберди, ҳүжжетте мүрәжатларды көрип шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары "жоғалып кетиўиниң" алдын алыўға қаратылған механизмлерди енгизиў нәзерде тутылған. Әсиресе, Конституциялық судқа тиккелей мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болмаған шахслардың мүрәжатларын ўәкилликли субъектлер арқалы көрип шығыў системасын енгизиў пуқаралардың мәплерин қорғаўдағы және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Сондай-ақ, пәрманда нәзерде тутылған нормалар конституциялық шағым институтының мазмуны жағынан жаңа басқышқа көтерилиўин тәмийинлейди. Атап айтқанда, белгили бир ис бойынша қолланылған нызам Конституцияға қайшы деп табылған жағдайда суд ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў имканиятының жаратылыўы инсан ҳуқықларын тиклеўге қаратылған әдил ҳәм прогрессив көзқарас болып есапланады.

Бул қағыйда Конституциялық суд қарарларының әмелий әҳмийетин және де арттырады, оның қарарлары декларациялық түрде қалып кетпей, реал ҳуқықый ақыбетлерге ийе болыўын тәмийинлейди. Сол арқалы Конституциялық суд ҳақыйқый мәнисте инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилшиси сыпатында көринеди.

Пәрманда Конституциялық суд ўәкилликлерин кеңейтиў арқалы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен тәсиршең конституциялық қадағалаў орнатыў ўазыйпасы белгиленгени де ҳуқықый мәмлекет принциплерине толық сәйкес келеди. Бул мәмлекетлик ҳәкимият тармақлары арасындағы теңсалмақлылықты тәмийинлеўде Конституциялық судтың тәсирин және де күшейтеди.

Атқарыўшы ҳәкимият жумысы үстинен нәтийжели конституциялық қадағалаўдың бар екенлиги жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли кепилликлеринен бири болып есапланады. Себеби, бул арқалы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер Конституцияға муўапық қабыл етилиўи ҳәм қолланылыўы тәмийинленеди.

Бүгин жәмийетлик турмыстың барлық тараўын санластырыў глобал раўажланыўдың тийкарғы бағдарларынан бирине айланып үлгерген. Себеби, пуқаралар көп ўақыт ҳәм артықша қаржы жумсамай, ҳәр қыйлы мағлыўматнама ҳәм рухсатнамаларды аралықтан турып алыў, өз мүрәжатларын жоллаў имканиятына ийе болмақта. Бул болса гезеклер, қағазпазлық ҳәм бюрократиялық тосқынлықлардың сезилерли дәрежеде қысқарыўы және пуқаралар ушын ашық-айдынлықты тәмийинлеўде де үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Сонлықтан, пәрманда Конституциялық суд жумысын толық санластырыўға қаратылған нормалар да өз көринисин тапқан. “E-KSUD” мәлимлеме системасының енгизилиўи суд жумысында ашық-айдынлықты арттырыў, пуқаралардың судқа исенимин беккемлеў ҳәм әдил судлаўға ерисиўде қолайлықлар жаратыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, суд мәжилислерин видеоконференцбайланыс режиминде өткериў, электрон мүрәжатларды қабыл етиў, суд процесслерин онлайн бақлаў имканияты - булардың барлығы Конституциялық судты заманагөй, ашық-айдын ҳәм халықшыл институт сыпатында қәлиплестириўге қаратылған әҳмийетли қәдемлер болып есапланады. Әсиресе, майыплығы болған шахслар ушын шараятлар жаратыў инсаныйлық принципи ҳәм социаллық мәмлекет жумысының әмелий көриниси деп айтыў мүмкин.

Буннан тысқары, пәрман менен Конституциялық суд жумысын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый жақтан беккемлеў, қосымша штат бирликлерин ажыратыў, хызметкерлерди материаллық хошаметлеў системасын жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылған.

Судья ҳәм суд хызметкерлериниң мүнәсип мийнет шараятына ийе болыўы, социаллық қорғалыўының тәмийинлениўи әдил судлаўдың сапасына тиккелей тәсир көрсететуғын фактор екенин әмелият тастыйықламақта.

Бул пәрман Конституциялық суд жумысын түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған, өзиниң мазмун-мәнисине бола, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў және конституциялық әдил судлаўды раўажландырыўда стратегиялық әҳмийетке ийе ҳүжжет болды.

Ҳүжжетте белгиленген илажлардың толық ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы Конституциялық судтың пуқаралардың мәмлекетке исенимин беккемлеў ҳәм жәмийетте әдиллик және нызамлылықты қарар таптырыўдағы орнын және де беккемлейди.

Нилуфархан САИД-ГАЗИЕВА,

Конституциялық судтың аппараты баслығы,

юридикалық илимлер докторы