Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде 7 миллион 100 мыңнан аслам халық 44 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайларда жасамақта. Оларға 900 ден аслам басқарыў сервис компаниясы ҳәм 200 ден аслам ширкет хызмет көрсетип, 856 шаңарақта өзин-өзи басқарыў системасы енгизилген.

Кейинги жылларда көп қабатлы турақ жайлар ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў, улыўмалық мүлклерди оңлаў, инженерлик коммуникацияларды модернизациялаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Нәтийжеде халыққа хызмет көрсетиў дәрежеси ҳәм қамтып алыўы артты.

Соның менен бирге, басқарыў сервис компанияларының турақлылығын ҳәм жумыс нәтийжелилигин беккемлеў, көрсетилип атырған хызметлердиң түрин кеңейтиў ҳәм заманагөй басқарыў көзқарасларын енгизиў арқалы хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ўазыйпасы елеге шекем әҳмийетли болып қалмақта.

Соның менен бирге, басқарыў компанияларының көпшилиги тийкарынан мәжбүрий төлемлер есабынан жумыс ислеўди даўам еттирмекте, бул тараўды раўажландырыўға инвестиция киргизиўге таяр болған исбилерменлердиң саны шекленген. Экспертлердиң дәслепки есап-санақларына бола, ири қалалар ҳәм ўәлаят орайларында басқарыў-сервис компанияларының жасырын түсимлериниң муғдары рәсмий түсимлерден кеминде еки есеге көп. Бул факторлардың жыйынтығы турақ жай фондын басқарыўдың жаңа моделин қәлиплестириў зәрүрлигин көрсетеди.

Усы мүнәсибет пенен 2026-2030-жылларда бир қатар қала ҳәм районларда ҳуқықый тәжирийбе сыпатында көп квартиралы турақ жайларды басқарыўдың кластер системасын енгизиў усыныс етилди.

Эксперимент шеңберинде турақ жайлардың жағдайы талланып, "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратылады, кеминде 7 мың квартирадан ибарат лотлар қәлиплестирилип, оларды раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарламалар ислеп шығылады. Лот ҳәм мастер-реже районлық кеңеслер тәрепинен тастыйықланады, басқарыўшы шөлкемлер мүлк ийелери тәрепинен "Мениң үйим" системасында даўыс бериў арқалы таңланады.

Басқарыўшы шөлкемлер ушын өз қаржылары, материаллық-техникалық базасы, күни-түни жумыс ислейтуғын диспетчерлик хызметиниң болыўы сыяқлы ең аз қаржы ҳәм шөлкемлестириў талаплары белгиленеди. Соның менен бирге, турмыслық хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў, жеңил конструкциялы имаратлар қурыў ҳәм олардан узақ мүддет пайдаланыў арқалы қосымша дәрамат алыў имканияты жаратылады.

Басқарыў шөлкемлериниң мәжбүрий төлемлери, сондай-ақ, хызмет көрсетиўден алған барлық қосымша дәраматлары тек ғана "Мениң үйим" биллинг системасы арқалы есапқа алынады.

Төлемлер бойынша есап-санақларды жүргизиўде бул тәртипке әмел етпеў бухгалтерия есабы ҳәм есабат бериў қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланады.

Улыўмалық мүлкти ижараға бериў ямаса оннан бийпул пайдаланыў ҳаққындағы шәртнамалар салық уйымларында дизимнен өткерилиўи шәрт. Белгиленген тәртип бузылған жағдайда басқарыўшы шөлкем электрон реестрден шығарылады. Жалпы мәжилислерде баслама бериў, додалаўлар өткериў, қарарлар қабыл етиў, шәртнамалар дүзиў, есабат бериў, мүрәжатларды бериў ҳәм көрип шығыў сыяқлы барлық процесслер "Мениң үйим" мәлимлеме системасында толық әмелге асырылады.

Егер ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша "Мениң үйим" системасына әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есабатлар киргизилмесе, мәлимлеме киргизилгенге шекем кейинги айлар ушын мәжбүрий төлемлерди есаплаў тоқтатылады ҳәм бул дәўир ушын қайта есап-санақ жүргизилмейди. Буннан тысқары, көп қабатлы турақ жайлардың техникалық жағдайы, жер участкалары, энергия ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған "Турар-жой" миллий мәлимлеме системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.

Көп қабатлы жайды пайдаланыўға қабыл етиў ушын кадастр паспортын рәсмийлестириў ҳәм оны "Турар-жой" системасында автомат түрде көрсетиў, орнатылған қуяш панеллерин басқарыў уйымына улыўмалық мүлк сыпатында бериў мәжбүрий талап болады. Бул шәртлер орынланбаған жағдайда үй пайдаланыўға қабыл етилмейди.

Және бир әҳмийетли тәрепи - тараўды санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў. Жасалма интеллект тийкарындағы системаларды, бәринен бурын, басқарыў компанияларының диспетчерлик хызметлеринде енгизиў режелестирилген. Бул мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм хызмет көрсетиў тезлигин арттырыў имканиятын береди.

Тараўдағы институционал реформалардың даўамы сыпатында 2026-2030-жылларда ҳәкимликлер жанында Турақ жай коммуналлық тараўды қадағалаў бойынша аймақлық инспекцияларды шөлкемлестириў, олардың бюджеттен тысқары қорларын қәлиплестириў ҳәм ҳәкимниң турақ жай коммуналлық хожалық бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў усынысы билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге қысқа мүддетте тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, турақ жай ийелери ҳәм басқарыў компаниялары ушын экономикалық турақлы, ашық-айдын ҳәм өз-ара пайдалы система жаратыў бойынша тапсырмалар берди.