Ярым әсирден аслам даўам еткен жумысым және жеке бақлаўларыма бола, коррупцияға қарсы гүресиў комплексли қатнасты талап етеди. Яғный оған қарсы мәмлекет ҳәм жәмийет бир жағадан бас шығарып, аўызбиршиликте гүреспесе, күтилген нәтийжеге ерисиў қыйын. Әпиўайыластырып айтқанда, ўәкилликли уйымлар қадағалаў ҳәм үгит-нәсиятлаўды күшейткени менен жәмийетте бул жумыслар "көзден тысқарыда" даўам етсе, ямаса керисинше, пүткил жәмийет коррупцияға шыдамсыз болған ҳалда мәмлекет оған итибарсыз болса, оны пүткиллей жеңиў, тамыры менен қопарып таслаў имканияты болмай қала береди.

Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине комплексли қатнас жасалмақта. Атап айтқанда, быйыл 5-март күни Президентимиздиң басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышлап өткерилген кеңейтилген мәжилиси үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Онда елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша исленген жумысларға баҳа берилип, келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген еди.

Бул мәжилисте берилген тапсырмалардан келип шығып, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысларды таллаў, машқала ҳәм шешимлерине қаратылған семинарлар өткерип бармақтамыз.

Тийкарында коррупция жүдә қурамалы социаллық-экономикалық-сиясий ҳәдийсе. Соның ушын, бәршемиз коррупциялық жағдайларға ең қәўипли иллет сыпатында қараўымыз, оннан ҳазар етиўимиз, лазым дәрежеде пүткиллей қутылыўға ҳәрекет етиўимиз шәрт. Мәмлекетимиз басшысы да коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтип, "Пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға "жәмийет денесиндеги рак" сыпатында қараўы керек", деген ҳақылы тән алыўды билдирген еди. Сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик хызметке профессионал кадрларды таңлаў ҳәм оларды "ҳадаллық вакцинасы" менен шаншыў зәрүр екенлиги атап өтилген еди.

Ҳәр бир тараўда алдаўшылық, дәмегөйлик ҳәм парахорлық жолы менен нызамсыз байлық арттырыўға урыныўлар болып турады. Ҳәр биримиз қайсы кәсип ямаса лаўазымда ислеўимизге қарамастан, мақтанышлы кәсибимиз, пәк ҳүжданымызға садықлық пенен ўәкиллигимизди бийғәрез әмелге асырсақ, бул қатнас пүткил жәмийет бойлап тарқалса, әлбетте, бул иллетке пүткиллей шек қойған боламыз.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, мәмлекетлик хызметкердиң өз лаўазымынан пайдаланған ҳалда белгили жумысты қаржы есесине нызамға қайшы түрде кимниңдур мәпин гөзлеп әмелге асырыўы коррупциялық жағдай, деп баҳаланады. Жынаят есапланатуғын бул қылмысты, мениңше, нызамды менсинбейтуғын, нәпсин тыя алмайтуғын, тәрбиясы сайыз, мәнаўияты төмен ҳәм әззи адамлар әмелге асырады.

Ўәлаятларда өткерилип атырған семинарларда мәселениң усы тәреплерине де итибар қаратып атырмыз. Таллаўлардан көринип турғанындай, жынаят ислери бойынша Жиззақ ўәлаяты судлары тәрепинен коррупцияға байланыслы ислер тараўлар кесиминде ҳәр тәреплеме талланып, оларды сапластырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылған. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, кадастр ҳәм басқа да социаллық тараўларда коррупциялық схемалардың көбейгени, ҳәттеки айырым ҳәким жәрдемшилериниң бул мәселеде судланғаны ашынарлы жағдай.

Өзбекстан судьялар ассоциациясы суд системасында жүз бериўи мүмкин болған коррупциялық жынаятларға қарсы гүресиў ҳәм бул түрдеги жынаятлардың алдын алыў бойынша тийисли илажларды көрип атырғанын айтыўды қәлер едим. Тараў ақсақалларының бири, көп жыллық әмелиятшы сыпатында жеке өзим судьялар ҳәм тараў хызметкерлерине төрт мәрте мүрәжат еттим. Бул мүрәжатлардың соңғысы Жоқарғы судтың басламасы менен китап түринде басып шығарылып, барлық судьяларға тарқатылды.

Гәп барлық тараў ҳәм тармақлар, жәмийетимизде коррупцияға пүткиллей шек қойыў ҳаққында барар екен, бир усынысты алға қоймақшыман. Айырым жағдайларда суд әмелиятында пара бериўши ямаса пара бериўге мәпдар етиўши ямаса пара алыў-бериўде дәлдалшылық еткен шахслардың ис-ҳәрекетлерине жетерли ҳуқықый баҳа берилмейтуғынын бақлаймыз. Айтайық, пара бериўшиниң талабы орынланбады ямаса толық тәмийинленбеди. Бундай жағдайда егер пара берген шахс отыз сутка ишинде ҳуқық қорғаў уйымларына арза берсе, оның жуўапкершиликтен азат етилиўи нызамшылықта көрсетилген. Мениңше, нызамшылықтағы бул қағыйданы да ойлап көриўимиз керек. Себеби, белгили бир шахс параны берип қойып, кейин қайсыдур пикирде өз мәпи ушын нызамның бул имканиятынан пайдаланыўы да мүмкин. Соның ушын пара бериўшилер де жоқарыдағыдай жағдайда жуўапкершиликтен қутылып қалмайтуғынын түсинип жетип, нызам талабына бойсынатуғын болады.

Усы жерде Президентимиздиң усы жыл 19-сентябрьдеги "Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў ҳәм илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тоқтап өтпекшимен. Себеби, бул қарар усы бағдардағы реформаларды системалы даўам еттириўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратып бергени менен әҳмийетли болып есапланады.

Атап айтқанда, қарарға муўапық, БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы қағыйдаларының орынланыўын мониторинг етиўге мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тартылып, олар тәрепинен альтернатив баҳалаў системасы жолға қойылады.

Сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәр жылы 1-апрельге шекем Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесине МКШлардың коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жойбарлары ҳәм оларды тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қаржыландырыў бойынша усыныслар және пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги қатнасы, соның ишинде, олар тәрепинен әмелге асырылған жойбар, изертлеў ҳәм үйрениўлер ҳаққында мәлимлеме киргизип барады.

Буннан тысқары, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы, "Юксалиш" ҳәрекети ҳәм "Ижтимоий фикр" республикалық жәмийетлик пикирди үйрениў орайының олар шөлкемлестириўинде "Коррупцияға қарсы гүресиў машқалалары бойынша регионаллық изертлеў орайы" мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми шөлкемлестириледи. Халық, әсиресе, жаслар, пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги белсендилигин арттырыў, жәмийетте бул иллетке қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мәселелерин үйрениў бул орайдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Жоқарыда айтып өткенимиздей, алдаўшылық, дәмегөйлик сыяқлы қыңыр жоллар менен нызамсыз байлық арттырыўға урыныўлар, қалаберсе, бул бағдарда техникалық раўажланыў менен байланыслы "жаңа имканиятлар" бар екен, оған қарсы гүрес даўам ете береди. Әҳмийетлиси, Президентимиз және бүгинги дәўирдиң өзи алдымызға қойып атырған талап - жәмийетимизде коррупцияға төзимсиз орталықты қәлиплестириўимиз шәрт.

Парахорлыққа жол қойған шахслардың тек шаңарағы ғана бузылмайды, ал оның қылмысы себепли туўған-туўысқанлары, мәҳәлле алдында абырайына зыян жетеди, соның менен бирге, ислеп атырған тараўына тәсир етеди.

Жуўмақ орнында соны айтыўым керек, жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўы ҳәм уллы келешегин қурыў, елимизде нызам үстинлигин ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў және коррупциядан жырақ әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы реформалардан шетте турмасақ, ҳәммемиз илажы барынша коррупцияны жылаўлаўға үлес қоссақ, гөзленген үлкен мақсетлеримизге әлбетте ерисемиз.

Убайдулла МИНГБОЕВ,

Өзбекстан судьялар ассоциациясы баслығы,

Өзбекстанда хызмет көрсеткен юрист