Коррупцияға тийисли жумыслар ушын жынайый жуўапкершиликти жетилистириў зәрүрлиги неде?

    Коррупция мәмлекетлердиң экономикалық-социаллық раўажланыўына үлкен тосқынлық сыпатында дүнья көлеминде ең әҳмийетли машқалалар қатарына киреди.

    Сол себепли де бүгин оған қарсы гүресиў көплеген мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң тийкарғы бағдарларынан бирине айланған.

    Соның ишинде, Өзбекстанда да халықаралық стандартларға сәйкес түрде коррупцияға байланыслы жынаятларға жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў бойынша нызамшылық системасын жетилистириўге мәмлекетлик басқарыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында қаралмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қабыл етилген "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызам дүнья жәмийетшилиги тәрепинен ең әҳмийетли стратегиялық қәдем сыпатында тән алынды.

    Бул нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм тараўда парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлистиң ҳәр еки палатасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комитетлердиң жумысы жолға қойылды. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўшы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси шөлкемлестирилди.

    Сондай-ақ, халықаралық стандартларға муўапық коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым - Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ашылды. Ҳәзир бул агентлик тараўда мәмлекетлик сиясатты системалы ҳәм нәтийжели алып барыў менен шуғылланбақта.

    Өзбекстанда халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, коррупцияның алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў ҳәм коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын сөзсиз жуўапкершиликти тәмийинлеў бойынша коррупцияға қарсы гүресиўдиң үш бағдардан ибарат турақлы миллий модели ислеп шығылды.

    Соңғы жыллары жәмийетимиздиң ҳәр бир тараўында избе-из әмелге асырылып киятырған реформалар орайында коррупцияға қарсы гүресиў тийкарғы бағдарлардан бири болып қалмақта. Бул процессте ҳәр еки жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламалар тиккелей Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланып, орынлаўға қаратылыўы коррупциядан жырақ орталыққа ерисиў жолында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Бул бағдардағы жумыслардың жуўмағы бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң усы жыл 5-мартта өткерилген гезектеги мәжилиси тараўда жаңа бет ашты. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алға қойған 55 басламасы тараўдағы ҳәрекетлерди жаңа басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар жаратты.

    Соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўларда инсан факторын қысқартыў, ири жойбарларды жоқары дәрежедеги коррупцияға қарсы стандартлардан келип шығып баҳалаў, жаслардың бул тараўдағы билимин арттырыў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, кибер коррупцияға қарсы гүресиўде ҳуқықый базаны қәлиплестириў, коррупцияға байланыслы жынаят нызамшылығын жетилистириўге байланыслы бир қатар басламалар билдирилди. Онда мәмлекетлик хызметкерлердиң активлери ҳәм дәраматларын декларациялаў және нызамсыз байлық арттырғаны ушын жуўапкершиликти белгилеў Президентимиздиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы әҳмийетли басламаларынан бири болды.

    Бул баслама БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясының 20-статьясы талапларына толық сәйкес келеди. Мәмлекетлик хызметкерлердиң нызамсыз жол менен байлық арттырғаны ушын жуўапкершилик коррупцияға байланыслы жынаятларға қарсы гүресиўде нәтийжели механизм болып есапланады.

    Нызамсыз байлық арттырыў дегенде шахстың нызамлы дәрамат дереклерине пропорционал болмаған тәризде финанслық ямаса материаллық мәплерди қолға киргизиўи түсиниледи. Бул болса мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматы ҳәм қәрежетин декларациялаў арқалы өз активлери, мәселен, сатып алған көшпес ямаса көшпели мүлкти нызамлы жол менен тапқан дәраматы тийкарында арттырғанын дәлиллеў миннетлемесин нәзерде тутады.

    Бул ис-ҳәрекет ушын жуўапкершилик мәселеси мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматы ҳәм қәрежетин декларациялаў тәртиби менен тығыз байланыслы. Бул тәртип халықаралық стандарт ҳәм нызамшылық принциплерине муўапық декларацияланатуғын мүлк ҳәм дәраматтың анық дизими, декларациялаўдың анық мүддети, мәмлекетлик хызметкер ҳәм шаңарақ ағзаларының мүлкин қадағалаў тәртиби, сондай-ақ, мағлыўматлар бермеў ямаса жалған мағлыўматлар бергени ушын жуўапкершилик сыяқлы талапларды қамтып алыўы керек.

    Сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесинде бул тәртип дәслеп айырым тартысларға да себеп болған. Бул түрдеги жуўапкершилик айыпсызлық презумпциясына қайшы есапланыўы ҳәм анық емес айыплаўларға алып келиўи мүмкинлиги итимал етилген. Атап айтқанда, 1994-жылы Италия Конституциялық суды тәрепинен нызамсыз байлық арттырыў ушын жуўапкершилик белгилеўши нызам шахстың айыпсызлық презумпциясына қайшы келгени себепли бийкар етилген. Соған қарамастан, сырт мәмлекетлер нызамшылығында усы түрдеги жуўапкершиликтиң үш түрли моделин көриў мүмкин.

    Бириншиси, тиккелей жынайый жуўапкершилик түринде, яғный Латын Америкасы, Азия ҳәм Африканың айырым мәмлекетлери нызамшылығында нызамсыз байлық арттырыў айрықша қурамлы жынаят сыпатында белгиленген, активлердиң нызамлылығын дәлиллеў айыпланыўшыға жүкленген. Мысал ушын, Аргентина Жынаят кодексиниң 268 (2) -статьясында мәмлекет лаўазымлы шахсы арттырған мал-мүлк нызамлы дәраматынан тийкарсыз түрде артып кеткени ушын еки жылдан алты жылға шекем азатлықтан, сондай-ақ, мәмлекет лаўазымларынан азат етиў жазасы белгиленген.

    Екиншиси, пуқаралық-ҳуқықый жуўапкершилик формасы, яғный АҚШ, Уллы Британия, Россия ҳәм басқа айырым мәмлекетлерде егер активлер нызамсыз арттырылган болса, айыплылық мәселеси шешилместен турып мүлк конфискация етиледи. Мәселен, Россияда мәмлекетлик хызметкер мүлкин нызамлы дәраматы есабынан арттырғанын дәлиллей алмаса, прокуратура уйымлары тәрепинен усы мүлкти мәмлекет есабына конфискациялаў бойынша пуқаралық процессуал тәртипте судқа даўа арзасы киргизиледи.

    Үшиншиси, Франция ҳәм Германия сыяқлы Европа мәмлекетлеринде бақланып атырған коррупциялық жынаятлар шеңберинде көрип шығыў формасы болып табылады. Бунда нызамсыз байлық арттырыў өз алдына жынаят емес, ал коррупцияға байланыслы жынаятлардың бир бөлеги сыпатында квалификацияланады. Атап айтқанда, Германияда мәмлекетлик хызметкердиң нызамсыз мүлк арттырғаны ол тәрепинен толтырылған декларацияда анықланса, бул мүлктиң коррупцияға байланыслы қайсы жынаятлар нәтийжесинде қолға киргизилгенлиги жағдайы тексериледи. Бул жағдайда шахстың айыпсызлық презумпциясына әмел еткен ҳалда тергеў жумыслары басланып, жынаят нызамшылығында белгиленген жуўапкершилик илажлары қолланылады.

    Бул мәселе бойынша Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми Стамбул ҳәрекетлер режеси шеңберинде мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстанның коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысы мониторинги нәтийжелери бойынша усы түрдеги қылмыс ушын нызамшылықта жуўапкершиликти белгилеў бойынша бир қатар усыныслар ислеп шығылған.

    Онда миллий нызамшылықта "нызамсыз байлық арттырыў" түсинигине анық, ҳәр қыйлы талланыўына жол қойылмайтуғын тәрийп бериў, декларацияланыўы талап етилетуғын активлердиң төменги шегарасын белгилеў, жынаяттың объектив тәрепи жынаят нызамшылығының тийкарғы принциплерине муўапық анықластырылыўы зәрүр екенлиги нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, Жәҳән банкиниң де нызамсыз байлық арттырыў ушын жуўапкершиликти белгилеўге байланыслы усы мазмундағы усыныслары бар. Басқа халықаралық институтлардан өзгеше түрде бул шөлкем мәмлекетлик хызметкерлердиң усы қылмысты ислеўине себеп болыўшы факторларды сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў бойынша билим ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр, деп есаплайды. Бул институтты миллий нызамшылығымызға енгизиў мәселеси тараў илимпазлары тәрепинен илимий-әмелий қатнаслар тийкарында пуқта талланыўы зәрүр.

    Жоқарыдағылардан келип шығып, Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў системасының раўажланыўының жаңа басқышында күтилип атырған өзгерислер коррупциядан жырақ орталықтың қәлиплесиўи, мәмлекеттиң халықаралық дәрежеде унамлы тән алыныўы, инвестициялық орталықтың жақсыланыўына хызмет етеди.

    Евгений КОЛЕНКО,

    Ҳуқықты қорғаў академиясы

    баслығының биринши орынбасары


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates