XXI әсир халықаралық қатнасықлар системасында илим, техника ҳәм мәлимлеме технологиялары интеграциясы глобал сиясий процесслердиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшлеринен бирине айланды. Усы көзқарастан, космос тараўындағы жумыс тек ғана илимий-техникалық раўажланыў көрсеткиши емес, ал мәмлекеттиң геосиясий абырайы ҳәм инновациялық потенциалының да әҳмийетли көрсеткиши сыпатында көзге тасланбақта. Заманагөй "космослық дипломатия" түсиниги миллий мәплер, қәўипсизлик, мәлимлеме суверенитети ҳәм экономикалық турақлылық пенен тығыз байланыслы болып, ол халықаралық қатнасықларда жаңа форматтағы қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў майданын жаратпақта.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) шеңберинде бул тараўда бирге ислесиўди жолға қойыў структураның жаңа стратегиялық бағдарларынан бири сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң улыўма илимий-изертлеў потенциалы, кадрлар резерви ҳәм географиялық үстинликлерин есапқа алған ҳалда космослық дипломатия тараўы олардың интеграция процесслеринде "инновациялық көпир" ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул бағдардағы реформаларды миллий ҳәм регионаллық көлемдеги раўажланыў факторы сыпатында көреди. Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығында аралықтан мониторинг системаларын енгизиў зәрүрлигин атап өтип, былай деген еди: "Жер ҳәм суў ресурсларының тәғдири тиккелей санлы басқарыў ҳәм космослық мағлыўматлар менен байланыслы. Биз бул тараўда заманагөй шешимлерге сүйениўимиз шәрт".
Буннан көринип турғанындай, Өзбекстан басшылығы космос тараўын миллий экономиканың стратегиялық тармағы сыпатында көрип, оның түркий интеграция шеңбериндеги бирге ислесиў потенциалын күшейтиўге үлкен әҳмийет қаратпақта.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми раўажланып атырған регионлараралық структуралардан бири. Ол түркий тиллес мәмлекетлердиң этнолингвистикалық бирлиги тийкарында дүзилген. Шөлкемниң тийкарғы мақсети ағза мәмлекетлердиң ҳәр тәреплеме дослығы ҳәм бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған.
Президентимиздиң ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы басламалары себепли кейинги жылларда Өзбекстанның дослары, тилеклеслери көбейди. Қоңсы, жақын ҳәм узақ мәмлекетлер менен пүткиллей жаңа, саламат сиясий ҳәм экономикалық байланыслар жолға қойылды. Халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары, жаңа механизмлери енгизилмекте. Түркий мәмлекетлер шөлкеми мине усындай жаңа қарым-қатнас майданларынан бири болып есапланады.
Өзбекстан ТМШға ағзалық статусын қабыл етиў тилегин билдиргенинде, әлбетте, бундай бирге ислесиў форматы шеңбериндеги шерикликке талап артып атырғаны, шөлкемдеги бар механизмлерден пайдаланыў мәмлекеттиң дәстүрий шериклери менен бирге ислесиўди жаңа сапа басқышына алып шығыўы ҳәм бул байланыслардың даўамлы раўажланыўы түркий тиллес халықлардың улыўма мәплерине хызмет етиўи сөзсиз екенлигин есапқа алған.
Бүгинги күнге келип ТМШға ағза мәмлекетлер туўысқанлық руўхындағы ҳәм экономикалық мәплердиң үстинлиги тийкарында қәлиплескен бирге ислесиўдиң жаңа басқышына қарай исенимли қәдемлер менен қәдем қоймақта. Мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары, ашық, конструктивлик сиясаты ҳәм турақлылыққа ийе болып атырған жоқары дәрежедеги ушырасыўлар себепли туўысқан халықлардың көп әсирлик дослық байланыслары қайта тикленбекте. Бул болса, өз гезегинде, Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўында әҳмийетли факторлардан бири сыпатында көринеди.
ТМШ Әзербайжан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанды бирлестирген халықаралық структура сыпатында өзиниң илимий-техникалық ҳәм стратегиялық потенциалын улыўма раўажланыў ушын бағдарлаўда әҳмийетли платформаға айланбақта. 2025-жыл 23-апрель күни ТМШның космослық агентликлери ҳәм тийисли уйымлары басшыларының Баку қаласында болып өткен IV мәжилисинде ағза мәмлекетлер жасалма жолдас бағдарламасын ислеп шығыў, мағлыўматлар алмасыў, кадрлар таярлаў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алынды. Бул баслама түркий дүньяда илимий-техникалық интеграция процесин жаңа басқышқа алып шықты.
Космослық дипломатия мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа көриниси болып, оның мақсети космостан тыныш мақсетлерде пайдаланыў, мәлимлеме алмасыў, жасалма жолдас технологияларын раўажландырыў ҳәм инсаныйлық мақсетлердеги илимий изертлеўлерди муўапықластырыўдан ибарат. Заманагөй геосиясий шараятта космос тараўындағы бирге ислесиў тек ғана технологиялық раўажланыў өлшеми емес, ал мәмлекетлер аралық исеним ҳәм интеграция дәрежесиниң индикатори сыпатында көринбекте.
Космослық дипломатияға түркий дүнья ушын тек ғана илимий ҳәм технологиялық имканиятлар тараўы емес, ал мәлимлеме қәўипсизлиги, регионаллық турақлылық ҳәм "жасыл экономика"ны раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қурал сыпатында қараў керек. Бул бағдардағы ҳәр бир қәдем түркий мәмлекетлердиң бийғәрез илимий потенциалын беккемлейди, халықаралық абырайын арттырады ҳәм улыўма цивилизациялық мақсетлерге хызмет етеди.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң космослық бирге ислесиўге байланыслы басламалары, бәринен бурын, сиясий ғәрезсизлик ҳәм регионаллық татыўлық идеяларына сүйенеди. Түркий мәмлекетлер арасындағы тарийхый-мәдений уқсаслық олардың халықаралық сиясатта бирден-бир позицияны қәлиплестириў имканиятын жаратады. Бул жағынан космослық дипломатия сиясий бирге ислесиўдиң жаңа моделин, инновациялық интеграцияны көрсетеди.
Космос тараўындағы қоспа бағдарламалар, жасалма жолдасларды басқарыў ҳәм космослық мағлыўматлардан пайдаланыў системаларын жаратыў арқалы мәмлекетлер мәлимлеме тараўындағы еркинлигин тәмийинлейди. Бул болса сыртқы тәсирлерди азайтады, миллий қәўипсизликти беккемлейди ҳәм региондағы сиясий турақлылықты кепиллейди.
Бизиң келешегимиз илим ҳәм инновация менен тығыз байланыслы. Бул тараўдағы бирге ислесиў түркий дүнья интеграциясының ең әҳмийетли таянышы болыўы керек. Түркий мәмлекетлердиң технологиялық суверенитетин күшейтиў түркий дүньяның келешегин белгилейтуғын фактор болады. Усы тәризде космослық дипломатия тек ғана илим тараўындағы жетискенликлер ушын емес, ал сиясий ғәрезсизлик ҳәм регионаллық теңликти тәмийинлеў қуралы сыпатында да стратегиялық әҳмийетке ийе.
Космос тараўындағы бирге ислесиў түркий мәмлекетлер экономикасы ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Жасалма жолдас арқалы аралықтан мониторинг системаларын жолға қойыў аўыл хожалығы, суў ресурсларын басқарыў, геология, логистика, климаттың өзгериўин бақлаў ҳәм тәбийғый апатшылықларды болжаў сыяқлы бағдарларда жоқары нәтийже береди.
Экономикалық жақтан қарағанда, космослық дипломатия инвестициялық шериклик ҳәм технологиялық трансфер ушын жаңа платформа болып есапланады. Түркияның “TÜRKSAT”, Қазақстанның “KazSat”, Әзербайжанның “Azerspace” ҳәм Өзбекстанның “UzSAT” системалары биргеликтеги жойбарлар ушын техникалық тийкар ўазыйпасын атқарыўы мүмкин. Бул процессте Түркий инвестициялық форум ҳәм ТМШ Инновациялық қоры үлкен рол атқарады.
2024-жылы Бишкек саммитинде “Space Activities” бойынша меморандумға қол қойылды. ТМШ “CubeSat” жойбары, “Turkic Space Explorers Academy” ҳәм “GUHEM” орайында өткерилип атырған жаслар форумлары космослық бирге ислесиўди институционаллық дәрежеге алып шықты. Соның менен бирге, Баку, Анкара ҳәм Ташкентте өткерилген халықаралық космослық конференциялар ТМШның илимий дипломатия платформасын кеңейтти.
Космослық дипломатияның әҳмийетли тәреплеринен бири оның регионаллық турақлылық ҳәм инновациялық раўажланыўға көрсетип атырған тәсири болып есапланады. Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм аралықтан бақлаў имканиятларының артыўы тәбийғый апатшылықлар, миграция ямаса экологиялық кризислерге оператив жуўап бериў имканиятын береди.
Соның менен бирге, бул бирге ислесиў түркий мәмлекетлерде жас әўладтың илим, техника ҳәм инновациялық тараўларға қызығыўшылығын күшейтиўде әҳмийетли фактор болмақта. ТМШ тәрепинен жолға қойылған “TurkSpace” билимлендириў бағдарламалары ҳәм жас илимпазлар алмасыўы басламалары тек ғана космос тараўындағы билимлерди ғалаба ен жайдырыў емес, ал түркий мәмлекетлердиң жасларын заманагөй илимий-изертлеў жумысына тартыў, глобал инновациялық процесслерде қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Бул бағдарламалар шеңберинде студентлер ҳәм жас инженерлер ушын әмелий шынығыўлар, симуляциялық лабораториялар ҳәм жасалма жолдас технологиялары бойынша арнаўлы курслар шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, түркий мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайлары арасындағы бирге ислесиў арқалы қоспа илимий жойбарлар жолға қойылмақта. Бундай ҳәрекетлер нәтийжесинде ТМШ мәмлекетлеринде космослық илим ҳәм технологиялар тараўында билимли, инновациялық пикирлейтуғын ҳәм илимий излениўге бейим жаңа әўлад кадрларын таярлаў ушын беккем тийкар жаратылады. Усы тәризде “TurkSpace” сыяқлы билимлендириў басламалары тек ғана жаслардың потенциалын раўажландырыў емес, ал түркий дүнья илимий интеграциясын тереңлестириўге хызмет етпекте.
Инновациялық раўажланыў көзқарасынан, космослық дипломатия жаңа әўлад экономикасына алып барыўшы стратегиялық бағдар болып табылады. Ол илимий қолланбалар, стартаплар, жасалма интеллект ҳәм мағлыўматлар анализи тараўларында бирге ислесиў ушын жаңа майдан жаратады.
Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, космослық дипломатия сыртқы сиясаттың жаңа бағдарларынан бири болып, мәмлекетлер арасында космослық технологиялар, мағлыўмат алмасыў ҳәм илимий изертлеўлер тийкарында бирге ислесиўди өз ишине алады. Халықаралық көлемде бул тараў тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм илимий раўажланыў мақсетлерине хызмет етеди. Космослық дипломатия түркий мәмлекетлердиң технологиялық ҳәм сиясий интеграциясын тереңлестириўдиң жаңа механизми. Сиясий тәрептен бул аўызбиршилик ҳәм суверенитетти беккемлеўши дипломатиялық әмелият болса, экономикалық жақтан инновациялық экономикаға өтиў ушын платформа ҳәм илимий жақтан билимлер алмасыўы ҳәм кадрлар таярлаў системасын жетилистириў қуралы болып табылады.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми космослық дипломатияны өзиниң стратегиялық бағдарына айландырып, жаслар, илим ҳәм технологиялар арқалы регионаллық бирлесиўди жаңа басқышқа алып шықпақта. Бирақ табыс ушын финанслық, техникалық, ҳуқықый ҳәм сиясий тараўлардағы машқалаларды шешиў усы бағдардың перспективасын белгилеп береди. ТМШ шеңбериндеги космослық бирге ислесиў регионаллық турақлылықты тәмийинлеў менен бирге, түркий мәмлекетлердиң халықаралық абырайын да арттырады.
Жавоҳирхон СОБИРОВ,
Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы доценти,
сиясий илимлер бойынша философия докторы